1. Финанслық стратегия.
2. Финанслық тактикаға бөлинеди.
Президентимиз И.А.Каримов белгилеп берген экономикалық стратегиядан келип шыққан ҳалда, базар экономикасын биринши басқышында финанс ҳәм салық сиясатының биринши дәрежедеги ис-иләжлары ҳәм бас бағдарлары төмендегилерден ибарат болады:
Турақлы финанслық сиясатты әмелге асырыў:
Мәмлекет бюджети дефицитин иләжы барынша кемейтириў, бюджеттен берилетуғын дотация ҳәм субсидиялардың барлық түрлерин басқышпа-баскыш қысқартып барыў;
Бюджет қаржыларын дәрамат түскеннен кейин ғана бөлиститиў принципине қатаң бойсыныў, биринши дәрежели, ең зәрүр улыўма мәмлекетлик ихтияжлары ушын ғана қаржы ажыратыў;
Экономика тармақларының, айырым кәрханаларын раўажландырыў ушын бюджеттен қайтарып алмаслық алмаўды нәзерде тутып тәмийинлеў әмелиятынан ўаз кешиў, әне сол мақсетлерде инвестиция кредитлеринен кең пайдаланыў;
Салық системасын жетилистириў бюджет, дәраматларын турақлы түрде төлеп турыўды тәмийинлейтуғын, киши ҳәм жеке кәрханалардың, шет ел капиталы қатнасындағы қайта ислейтуғын ҳәм халық тутыныў товарларын ислеп шығаратуғын қоспа кәрханаларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлайтуғын пухта салық сиясатын алып барыў.
Белгиленген стратегик ўазыйпалар мәмлекеттиң тактик ис-иләжлары тийкарында орынланады. Ҳәзирги күнге келип, экономикалық өсиў, раўажланыў дәўири басланды. Жалпы ишки өнимниң өсиў темплери турақласты. Ондағы санаат тармақлары үлеси жылдан-жылға асып, экспортқа мөлжелленген таяр өним ислеп шығарыў өсип бармақта. Бюджет дефицити бир қанша турақласты – ол жалпы ишки өнимниң 3 - 3,1 % ин қураўға ерисилди.
Салық сиясаты - бул финанс сиясатының бир бөлеги болып, мәмлекет салықлар шеңберинде ис-иләжлар тәртибин әмелге асырады. Өзбекстан Республикасында ақырғы бир нешше жыллар даўамында салық системасы жетилистирилип, жәмийеттиң экономикалық турмысына, кәрханалардың, шөлкемлердиң, халықтың хожалық интизамына, мәмлекет тәрепинен тәсир ететуғын күшли дәстекке айланды. Мәмлекет пенен хожалық жүритиўши субъектлер ортасындағы қатнасықлар тийкарынан салық тийкарында алып барылады. Салық қатнасықларын тәртипке салып турыўшы ҳуқуқый база жаратылып ҳәм жетилисип барды.
Салық сиясаты - базар экономикасы шараятында, экономиканы, пүткил халық хожалығының раўажланыўына мәмлекет арқалы тәсир ететуғын әҳмийетли экономикалық дәстек. Соның ушын Республикамизда салық сиясатын жетилистириўге ҳәм республиканың салық органларының нәтийжели әмел қылыўын шөлкемлестириў ушын үлкен итибар берилмекте.
Жақын өтмиште салық органлары финанс органлары системасының бир болеги болып хызмет қылар еди. Лекин, базар экономикасы талабларының ҳәм салық сиясатының әҳмийетиниң өсип барыўын, социаллық ислеп шығарыўдың раўажланыўын салық арқалы тәртипке салыўды инабатқа алып, “Өзбекстан Республикасының салық органлары Нызамы” тийкарында салық органлары бийғәрез мәмлекетлик салық Комитети қайта шөлкемлестирилди ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүклетилди:
мәмлекет бюджетине ҳәм басқа фондларға бағдарланатуғын салықлардың ҳәм төлемлердиң туўрылығын есаплаў ҳәм өз ўақтында төлениўин қадағалаў;
салық төлеўшилерди, салыққа тартылатуғын объектти ҳәм халықтан салықларды туўры есаплаўды толық ҳәм өз ўақтында есапқа алыў;
Өзбекстан Республикасының салық сиясатын реализация қылыўда қатнасыў;
дәраматларды (пайданы) биле-тура жасырыў белгисин анықлап алыў мақсетинде дәстлепки тергеўди алып барыў, ҳәмде тергеў ҳәм суд органларына әмелдеги салық нызамларын бузыў фактлери тийкарындағы материалларды берип жибериў.
Мәмлекет бюджети мәмлекет финансының орайлық буўыны болыўы менен бир қатарда финанс системасының да тийкарын қурайды. Мәмлекет бюджетиниң экономикалық дүзилиўи ҳәм мазмуны тиккелей мәмлекеттиң функция ҳәм мәжбүриятларынан келип шығады. Себеби, мәмлекет жәмийетти басқарыў ушын өз алдына бир нешше ўазыйпаларды қояды, ол ўазыйпаларды финанслық қаржылар менен тәмийинлеўде бюджет қаржылары хызмет қылады.
Мәмлекет бюджети бирден-бир ҳүкиметке хызмет қылыўы менен бир қатарда финанслық ресурсларды тармоқлар-ара қайта бөлистириўде, аймақлар-ара, мүлк формалары-ара қайта бөлистириўде де тиккелей қатнасады.
Мәмлекет бюджетинен қәрежет қылыўдың тийкарғы қағыйдалары.
Мәмлекет бюджети қәрежетлери бюджет қаржыларын алыўшылар тәрепинен мәмлекет бюджети ҳаққындағы нызамда анықланған смета қәрежетлери ҳәм бағдарланыў сертификатларына тийкар бюджет ассигнованиясы шегарасында әмелге асырылады.
Хожалық шәртнамалары бойынша қәрежет қылынбаған бюджет қаржылары кейинги финанс жылында бюджет ассигнаваниясы есабынан төленеди.
Республика бюджет шөлкемлери есап-бетинде қалған бюджет қаржылары финанс жылының ақырғы ис күнинде Республика бюджет есап-бетине өткериледи. Жергиликли бюджетлерден финансластырылатуғын кәрханалар ушын ҳәм усы тәртип әмел қылынады.
Барлық дәрежедеги бюджетлердиң есап-бетлеринде қалған бюджет қаржылары касса айланбасын қәлиплестириў ушын бағдарланады.
Тастыйықланған касса айланбасынан қалған қалдық қаржы ҳүкимет органларының қарарына көре басқа бағдарларға қәрежет қылыныўы мүмкин. Мәмлекет бюджетиниң касса орынланыўын қадағалаў Олий мажлис тәрепинен ўәкилленген Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен әмелге асырылады, себеби мәмлекет бюджетиниң дәрамат ҳәм қәрежетлери бойынша өткермелер Орайлық банк қасында ашылған есап-китап есап-бетинен әмелге асырылады.
Финанс Министрлиги ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине мәмлекет бюджети орынланыўы ҳаққындағы есабатты усынады. Министрлер Кабинети министрликлер, асоссациялар, Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳокимиятларының мәмлекет бюджетиниң орынланып барыўы ҳаққында ҳәр шеректе есабатын тыңлайды.
Лаўазымлы шахслар финанс министрлиги ҳәм оның жайлардағы органларына ревизия ҳәм тексериўлер өткериўде жәрдем бериўге мәжбүр. Ҳәрекети тексерилип атырған шахслар керекли мағлыўматларды жазба яки электрон формада усыныўға мәжбүр.
Ҳәр жылы 1 апрелге шекем Финанс Министрлиги Министрлиер Кабинет ҳәм Олий Мажлиске өткен финанс жылындағы өзиниң ревизия искерлиги нәтийжелери бойынша есабат береди.
Жуўмақлап айтқанда, финанс органлары жоқарыда көрсетип өтилген мәмлекет бюджетинен қәрежет қылыўдың тийкарғы қағыйдаларына қатаң әмел қылып барса, мәмлекет бюджети орынланыўының нәтийжелилиги буннан да артады деп исенемиз.
Do'stlaringiz bilan baham: |