Э = Ээ + Эс + Эу. Бул жерде: Э - бюджет қаржыларын басқарыў нәтийжелилигиниң комплекс көрсеткиши.
Ээ - бюджет қаржыларын басқарыўдың экономикалық нәтийжелилиги.
Эу - бюджет қаржыларын басқарыўдың басқарыў нәтийжелилиги.
Эс - бюджет ресурсларын басқарыўдың социаллық нәтийжелилиги.
Бул үш баҳалаўлардың ол яки бунысының әҳмийетли мазмуны өткерилетуғын макроэкономикалық сиясатқа байлланыслы болады. Өз нәўбетинде бюджет сиясаты түрин таңлаў ҳәм муўапық бюджет стратегиясын белгилеў нәтийжелилигиниң барлық мийзанлары анализине тийкарланыўы лазым. Бул әҳмийетли мәселелер менен байланыслылықта бюджет сиясаты типологиясы анализи жүзеге келеди. Бул жерде Өзбекстан Республикасы экономикалық раўажланыўының ҳәзирги этапында финанслық турақластырыў сиясатынан адрессли социаллық қорғаўды өз ишинне алған экономикалық раўажланыў сиясатына өтиў бурылысының зәрүрлиги ҳаққында жуўмақ шығарыўымыз мүмкин.
Мәмлекеттиң финанслық ресурсларын басқарыў системасының нәтийжелилиги әмел қылыныўының қадағалаў системасын ийе анық услублық ҳәм норматив ҳүжжетлердиң бар екенлигине тийкарланады. Бирақ, бюджет ресурсларын басқарыўдың тийкарлары көрсетип арытғанындай, Өзбекстан Республикасы бюджет системасын реформалаў процессине байланыслы себеплеринен бири муўапық норматив ҳуқуқый базаның сол кемшиликлерин толтырыўы мүмкин.
Бюджет системасы касса хызметиниң булл мәселелри блса басқа аймақларда да әҳмийетлиликке ийе. Соның ушын, шәртнама тийкарында бюджетлерге хызмет көрсетиў бойынша ўәкил банклер дүзиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы ушын усыныс етилген әмелият ҳәзирдеги есап механизмлери ҳәм басқалар ушын альтернатив есапланады. Республика ҳәм жергиликли дәрежелерде қазна системасын шөлкемлестириў ҳәм әмелиятқа енгизиў машқалаларының анализи жергиликли бюджетлерди орынлаўдың қазна методы нәтийжелилигин белгилеў ушын жетерли дәрежед әҳмийетли ҳәм зәрүр. Өзбекстан Республикасы бюджет системасының базар реформалары раўажланыўында төмендеги бағдарлары бар;
1) Пул эмиссиясы жолы менен бюджет дефицитин кредитлеў әмелияты тоқтатылған;
2) Бюджетти орынлаўдың заманагөй есап-касса системасы енгизилген;
3) Бюджет шөлкемлери есабының бийпул есап-касса хызмети сақланған.
Сол менен биргеликте Өзбекстан Республикасы бюджет системасын жетилистириў ҳәм уларға жуўапкершиликти банк системасын бир ўақытта коммерциялаў арқалы әпиўайыластырыў бир қанша жаңа машқалаларды келтирип шығарды:
1) Бюджет ҳалаты ҳаққында мағлыўматлардың толықлығы ҳәм исенимлилиги қурамаласты.
2) Бюджет қаржыларының мақсетли пайдаланылыўын алдынна қадағалаўды әмелге асырыў ушын имканиятлар қысқарады.
3) Бюджет мәплеринде бюджет қабыл қылыўшылар есабы бойынша шетиспеўшиликлерди пайдаланыў механизмлериниң кемшилиги анықланды.
4) Бюджет қаржыларының жоғалыўының қосымша тәўекелшиликлерине жолығыўы өсти.
Булардың ҳәммеси төмендегилердиң оптимал емеслиги менен жаманласып барады:
а) есап процессин шөлкемлестириўге бирден-бир жандасыў;
б) бюджет қаржыларын алыўшылар (яки бөлистириўшилер) ҳәм тийисли банк хызмеати көрсетиўшилер арасында шәртнама қатнасықлары тәртибин белгилеўши норматив ҳүжжетлердиң оптимал емеслиги;
в) исенимли банклерди таңлаўға бирден-бир объектив-критериал жандасыўдың оптимал емеслиги.
Республика бюджети орынланыў системасын реформалаў тәртибине муўапық ҳәм бул унамсыз факторларды жоғалтыў мақсетинде 1997 жылда Өзбекстан Республикасы "Бюджет системасы ҳаққында"ғы нызам проектиниң биринши вариантында Өзбекстан Республикасы Финанс Министрлиги қурамында қазна хызметин шөлкемлестириў мақсети болған еди. Өзбекстан Республикасында республика бюджетин толдырыўдың қазна усылларын енгизиў әмелияты ҳәм мазмуны ҳәзирше өз алдына қойған мақсетлерге ерисе алмай атыр.
Солардан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы бюджет орынланыўының қазна системасын шөлкемлестириў бойынша усыныслар бериў зәрүр. Булар арқалы қазна органларына қәлиплестирилген ҳәм төмендеги принциплер көринисиндеги қосымша талапларын қойыў мүмкин:
- бюджет орынланыўы бойынша операцияларды тлық қамрап алыў;
- көп дәрежели қазна системассы ҳәм ҳәр бир дәрежесиниң бийғәрезлиги;
- бюджеттиң қазналық орынланыўының норматив базасының бирден-бирлиги;
- қазна органлары ис-ҳәрекетиниң объективлиги;
- бюджет ағымларының анық-айқынлығы;
- қазнаның функционал мәпдарлығы ҳәм информацион қатнасықларының бирлиги.
Реформаларға шекемги болған дәўирден мийрас болып киятырған хожалықластырыўдың жаңа шәраятлары орынланыўының әмелияты анализи бул системаның искерлик шәртлериниң мәмлекет мәплери менен тең салмақлы емеслигин көрсетпекте. Бюджет орынланыўының қазна усылы бул ойланған схемадан шығыў имканын береди ҳәм ислеп шығарыў емес тараўларда мәмлекет шөлкемлери финанслық қаржыларын басқарыўды жетилистириў жолларын корсетеди. Қазна усылын шөлкемлестириў зәрүрлигин белгилеўши факторлардан және бири банк системалары финанслық ҳалатының кескинлесиўи менен байланыслылықтағы есап системасы есапланады.
Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиндеги №1 корреспондент счеты арқалы бюджет шеңбериндеги ҳәм системадан тысқарыдағы есапларды әмелге асырыў ҳәм қаланың барлық бюджет есапларына хызмет көрсетиў тән алынған қазна-есап системасын жергиликли шәраятларда (ири қалаларда мақсетке муўапық) орынлы тәризде шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Бизиң түсинигимизде бюджет орынланыўының қазна усулы есап-қазна тармақлар-ара (яки тармақ ишиндеги) бөлистириў системасы бойынша бюджет қәрежетлерин режели финансластырыўды әмелге асырыўды нәзерде тутады. Булар арқалы төменги бюджет шөлкемлериниң банктеги ҳәрекеттеги есап бетлерин жабыў ҳәм бул қазна-есап орайларында тийисли жеке есап-бетлер ашыў нәзерде тутылады. Булл шөлкемлер ҳәм мекемелер бюджет шөлкеми басқарыўшысын есап-операцион машқалалардан қутқарыў менен бюджет шөлкемлерине хызмет көрсетеди. Бул пикирди әмелге асырыў Өзбекстан Республикасы Орайлық банки арқалы Өзбекстан Республикасы қазна системасы нәтийжелелигин асырыўдың бир қанша қосымша факторларынан пайдаланыўға имкан береди:
- Өзбекстан Республикасы консолидацияласқан бюджетиниң барлық қураўшыларын қәлиплестириўди қадағалаўды тәмийинлеў;
- республика субъектлери ушын бюджет ресурсларын шөлкемлестириў ҳәм пайдаланыўға тәсир етиўдиң үлкен имканиятлары;
- республика қазнасының жергиликли дүзилислери системасының тежемлилиги ҳәм басқарыўшаңлығы.
Қазна усылын табыслы қабыл қылыў ушын бюджеттеги мүлк компонентлери ҳәрекетин оператив қадағалаў ҳәм бюджет қаржылары есабына жаңадан қәлиплестирилген мүлкшиликке пәрман бериў системасын киритиўди усыныс етиў мүмкин. Илимий-техник исленбелер мысалында бюджет ресурсларының тәбийий ҳәм материаллық емес қураўшыларын (бюджет ажыратпалары, интеллектуал мүлклер ҳәм басқалар есабынан қәлиплестирилген ҳәм тартылған үскенелер) басқарыўдың ҳуқуқый мәселелерин көрип шығыў мүмкин.
Аймақлардың бюджет қаржыларын басқарыўдың системасын оптималластырыў келешеклерин белгилеў ушын ири қалаларда бирден-бир бюджет ҳәм экономикалық классификаторларды шөлкемлестириўдиң тийкарғы шәрти болған аймақлардың финанслық сиясатының әҳмийетлилиги ҳәм қәрежет қурамлары бойынша бюджет көрсеткишлерин топарластырыў зәрүр. Олар Өзбекстан Республикасы Финанс Министрлигиниң анологик ҳүжжетлериниң түрлери ҳәм параметрлериниң номенклатурасын керекли дәрежеда кеңейтиреди. Бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы есабаттың бирден-бир улыўма республикалық системасын тәмийинлеў ушын Өзбекстан Республикасы бюджети қәрежетлери экономикалық классификациясының ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бюджети қәрежетлериниң экономикалық классификациясы кодларының муўапықлығы таблицасын усыныў мүмкин. Булар арқалы дәстүрий-мақсетли принцип бойынша қаланың бюджет финанс балансын шөлкемлестириў астында жергиликли классификаторлардың көп тәреплеме трансформациясы имканиятларын ашып көрсетиў мүмкин. Бюджеттен тасқары фондлардың бюджет мазмуны әмелиятының режесинде олардың қәрежетлер бюджет классификациясын режелестириў ҳәм пайдаланыўы арқалы мақсетке муўапықлығы тийкарлар берилген.
Бюджет ресурсларын басқарыўды оптималластырыў талабы бул процессти алгоритмизация қылыў мәселеси шешими арқалы орынланыўы мүмкин. Бизге усыныс етилген финанслық-экономикалық процесслерди динамик моделлестириў ҳәм прогнозластырыў системасын бюджет процессине енгизиў мүмкин. Бул система төмендегилерге имкан береди:
1) Мәмлекетте (аймақта) анық макроэкономикалық сиясат әмелияты нәтийжелериниң муғдар параметрлерин анықлаў;
2) Мәмлекет (қала) дәстүриниң анықланған варианты әмелиятының нәтийжесинде жүзеге келетуғын, унамсыз процесслер даўамындағы социал-экономикалық ақыбетлерди болжаў,
3) Унамсыз процесслер пайда болыўының тийкарғы себеплерин анықлаў,
4) Бюджет ресурсларын басқарыў стратегияларының бирқанша вариантлары прогнозларының нәтийжелерин салыстырып көриў, яғный бул олар арасынан ең оптималын таңлап алыўға имкан береди,
5) Келешектеги бюджет режелестирилиўин тәмийинлеў.
Өзбекстан Республикасында финанс-бюджет сиясатын
жетилистириўдиң әҳмийетли бағдарлары объектив нызамлар ҳәм принциплерге сүйенеди ҳәм аймақлар қатнасықларында турақлы бюджет сиясатын тәмийинлеўге болған төмендеги шөлкемлестириўшилик жандасыўларда ашып бериледи:
1) Өзбекстан Республикасы мәмлекет бюджетин қәлиплестириў ушын орынларда өз басқарыўына ийе мәмлекет эксперт кеңесин шөлкемлестириў;
2) мәмлекет бюджетин қәлиплестириўде алдыңғы жылды база қылып белгилеў;
3) базавлық жыл республика бюджети проектин Эксперт Кеңеске усыныў;
4) мәмлекет Эксперт Кеңесине бюджетлер-ара қатнасықларды 8-10 жыл даўамында тәртипке салыўшы базалық салыстырмаларды ҳәм нормативлерди ислеп шығыўды жүклеў, сол менен биргеликте бюджет иси әмелиятын жетилистириў бойынша да ис-иләжлар усыныс етиледи.
Жоқарыдағы баян етилгенлерди улыўмаластыра отырып төмендеги жуўмақларды усыныў мүмкин:
1. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы бюджет системасы әмелияты нәтийжелилигин керекли дәрежеди көтериў ушын өтиў дәўири экономикасы шәрт-шәраятларында бюджет ресурсларын басқарыў теориясын қайта ислеў талап етиледи.
2. Бюджет ресурсларын басқарыў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары базар қатнасықларына сай келиўши механизмлерди қоллаў ҳәм бюджет процедурасын (ис тәртибин) оптималластырыў.
3. Объектив нызамшылықлар ҳәм жәҳән тәжирийбесине тийкарланған бюджет қаржыларын басқарыў механизмлери системасының өзин-өзи тәртипке салыўшы ҳәм өзин-өзи жетилистириўши идеалын жақынласады.
4. Бюджет ресурсларын басқарыў системасына тийкарғы талаплар:
а) бюджет ресурсларын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў механизминиң барлық звеноларының муўапық өз-ара қатнасығы, олардың бир-биринен ҳәм коммерция системаларынан бийғәрезлиги,
б) бюджет анықлығын аймақлардың бюджетиниң реал ўақыт даўамында қәлиплестирилиўи ҳәм орынланыўы процесслерин басқарыў ҳәм бақлап барыў имканиятын тәмийинлеў,
в) терис тәсир етиўши (тосық болыўшы) искерликлерге алдыннан финанслық қадағалаў ўазыйпаларын әмелге асырыў, прогнозластырыў ҳәм стратегик бюджет режелестириўи.
5. Жоқорыда келтирилген идеалғабағдарланған аймақ бюджет қаржыларын басқарыў системасының ҳәзирдеги реал ҳалатын реформалаўдың зәрүрий шәртлери бюджет орынланыўының анық тәртибин өзинде сәўлелендириўши, бюджет нызамшылығында өз әмелиятын ақлаўшы алдыңғы тәжирийбелерди өзине алыўшы нызамлар ҳәм услублық ҳүжжетлердиң норматив ҳалатя есапланады.
Бюджет ресурсларын басқарыўды жетилистириў Өзбекстан Республикасының жаңа макроэкономикалық сиясатын ислеп-шығыўды талап етеди, сол арқалы төмендеги қарама-қарсылықлардың алды алынған болар еди: экономикалық өсиў ушын дәслепки шәрт-шәраятларды тийкарлаўдағы дағаза қылынатуғын мақсетлер ҳәм монетаризм методларына бойсыныўда сақланып атырған қарама-қарсылықлар, бюджет реаллығының баян қылынатуғын принциплери ҳәм әмелге асырып болмайтуғын республика бюджетин қабыл қылыўдың турақлы әмелияты ортасындағы қарама-қарсылықлар, республика бюджети ҳәм жергиликли бюджетлерди жүргизиўдиң сиясий-ҳуқуқый ҳәм шөлкемлестириўшилик формалары ортасындағы қарама-қарсылықлар ҳәм басқалар.