Ҳәзирги дәўирде мәмлекетлик бюджет орынланыўын шөлкемлестириўдиң ўазыйпалары ҳәм баслы бағдарлары


Мәмлекет бюджети орынланыўын тәмийинлеўде қәрежетлер қурамын оптималластырыў ҳәм финанс органлары исин жетилистириў мәселелери



Download 0,83 Mb.
bet13/17
Sana20.05.2023
Hajmi0,83 Mb.
#941528
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17
Bog'liq
Абданбетов диплом иши

3.2. Мәмлекет бюджети орынланыўын тәмийинлеўде қәрежетлер қурамын оптималластырыў ҳәм финанс органлары исин жетилистириў мәселелери
Өзбекстан Республикасында финансты улыўма басқарыўды Конституцияға тийкар Олий Мәжлис, Министрлер Кабинети ҳәм Президент аппараты әмелге асырады. Финансты оператив басқарыў финанслық аппаратқа жүклетилген. Мәмлекет оператив басқарыў жәрдеминде тармақлар экономикасындағы барлық дүзилмелерде финансты басқарады. Тек ғана финанслық аппарат финанслық режелестириў ислерин, есап ҳәм анализ, қадағалаў ҳәм тәртипке салыў, финанс режесин дүзиў ҳәм орынлаў ўазыйпаларын атқарады.
Тармақлар экономикасындағы хожалық субъектлериниң финансын басқарыўды финанс бөлимлери өз мойнына алса, қамсызландырыў искерлигин арнаўлы қамсызландырыў дүзилмелери ҳәм мәмлекет финансын басқарыўдағы бардық ис-иләжларды финанс министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети әмелге асырады.
Финансты басқарыўды туўры шөлкемлестириў олардан нәтийжели пайдаланыўды белгилеп береди. Биринши нәўбетте, финансты басқарыў субъектлери тәрепинен истиң қай дәрежеде шөлкемлестирилгенлиги оператив басқарыў органлары искерлигине туўрыдан-туўры тәсир қылады. Соған таянған ҳалда финанслық аппараттың абыройы бир қанша жоқары болыўы шәрт. Болмаса финанслық система жумысларының тәжирийбеси ҳәм қәнийгелигине болған жоқары талапты әмелге асыра алмайды. Нәтийжеде, финансты басқарыўда турақсызлық жүз береди.
Ҳәзирги күнде Финанс Министрлигиниң аппаратында министрден басқа жети министр орынбасары бар. Сол менен бир қатарда, Министрлик аппаратында бир нешше мақсетли бағдарланған басқармалар бар болып, олардан тийкарғылары болып: Мәмлекет бюджети бас басқармасы; халықты социаллық қорғаў ҳәм социаллық раўажландырыўды финансластырыў басқармасы; салық сиясатын басқарыў; пул айланысын басқарыў; аграсанаат комплексин тәртипке салыў ҳәм финансластырыў бас басқармасы; бас қадағалаў ревизия комитети ҳәм басқалар.
Бүгүнги күнде Мәмлекетлик салық комитетиниң тийкарғы функциялары төмендегилерден ибарат: салық нызамшылығының турмысқа енгизилиў үстинен қадағалаў; барлық салықлар ҳәм салық ўазыйпасын атқарыўшы мәжбүрий төлемлерди субъектлерден толық ҳәм өз ўақтында мәмлекет бюджетине түсириў; салық нызамшылығын жетилистириў бойынша финансты улыўма басқарыў органларына усыныслар бериў ҳәм баскалар.
Мәмлекетлик салық комитети алдыңғы дәраматларды басқарыў дүзилмеси орыннда жүзеге келген болып, өзине тән өзгешеликлерине ийе. Мәмлекетлик салық комитети вертикал дүзилмеге ийе болып, оған ўәлаятлардағы салық басқармалары бойсынады, салық басқармаларына ийе районлардағы жергиликли финанс органлары қурамына кирмейтуғын салық инспекциялары бойсынады.
Мәмлекетте финансты басқарыўдағы структуралық өзгерислерди шөлкемлестириў тийкарғы мақсет емес, бәлки финанс системасының жәмийеттеги экономикалық ҳәм социаллық өзгерислерге тәсирин асырыў биринши тәрептен болса, екинши тәрептен тармақлар экономикасын қайта көрип тезлик пенен базар экономикасына басқышпа-басқыш өтиўди тәмийинлеў болып табылады.
Финансты басқарыўды қайта көрип шығыўдың орайлық буўынларынан болып жергиликли – аймақлық субъектлердиң еркин финанс сиясатын жүргизиўди тәмийинлеў болып табылады. Мине ҳәзирги күнге келип жергиликли бюджетлер дәраматы мәмлекет дәраматының дерлик 60 пайыздан жоқарысын қурамақта. Булл көрсеткиш финансты басқарыўдағы дәслепки унамлы нәтийжелер дәлийли.
Финанслық режелестириўиң объекти болып хожалық субъектлери ҳәм мәмлекеттиң финанслық искерлиги есапланады. Ҳәр бир хожалық субъекти өз финанслық режесин дүзеди, яғный айрықша шөлкемниң смета қәрежетлеринене баслап мәмлекеттиң жыйма финанс балансына шекем қамрап алады.
Ҳәр қандай финанс режесинде белгили бир дәўирге мөлжелленген ҳәмде финанс ҳәм кредит системасы менен байланыслы болған ләраматлар ҳәм қәрежетлер анықланады.
Улыўма алғанда финанс системасының барлық тараў ҳәм буўынларында, искерлигинен келип шығып, финанслық режелер дузеди. Мәселен: коммерция тийкарында ис жүргизетуғын хожалық субъектлери дәраматлар ҳәм қәрежетлер балансы, коммерциялық емес тийкарды –искерлик жүритиўши шөлкемлер смета қәрежетлери, көринисинде финанслық реже дүзеди.
Финанслық режелестириўдиң анық ўазыйпаларын финанс сиясаты аниқлап береди. Атап айтқанда: режели тапсырмаларды орынлаў ушын зәрүр болған финанслық ресурслар муғдары ҳәм олардың дереклери; қәрежетлерди үнемлеў ҳәм дәрамат резервлерин асырыўды анықлаў; орайластырылған ҳәм орайластырылмаған фондлар ортасындағы бөлистириўдиң оптимал жолларын излеп табыў ҳәм басқалар.
Экономикалық административ-басқарыў шәраятында финанслық режелестириў директив өзгешеликке ийк болып, дәўир талабына сай келмейтуғын еди. Режелестириў 5 жыллық 20 жыллық көринислерге ийе еди. Ҳәтте, 1 жыллық режелестириў бар болса да, ол жоқарыдағы директив режелестириўден келип шығар еди. Финанслық режелестириўде тийкарғы орын бөлистириўге қаратылса, базар экономикасында тийкарынан алмастырыўға қаратылған. Себеби, алмаслаўда ғана товарлар ҳәм ислеп шығарыўға кеткен қәрежетлер көринеди. Солай етип, базар экономикасы шәраятында финанслық режелестириўдиң тийкарғы ҳәм баслы экономикалық көрсеткишлери болып, товар ҳәм хызметлерди ислеп шығыў ҳәм сатыў механизминде қатнасатуғын пул, баҳа, қун нызамы, , талап ҳәм усыныс нызамы жәмлеседи.
Базар экономикасы финанслық режелестириўди бийкарламайды. Бирақ, базар қатнасықлары режеси экономикаға қарағанда режелестириўдиң ийилиўшен, яғный дәўир талабына қарап өзгертип барады. Финанслық режелестириў бир нешше усулларға таянған ҳалда әмелге асырылады, солардан тийкарғылары болып:
1. Экстраполяция усулы;
2. Норматив усул;
3. Математик моделлестириў усулы.
Экстраполяция усулының мазмуны сонда, өткен есабат дәўириниң финанслық нәтийжелеринен жуўмақ шығарып келеси есабат жылы ушын финанслық режени дүзиўди нәзерде тутады. Норматив усулда, белгиленген норма ҳәм нормативлерден пайдаланыў. Мәселен: бюджет шөлкемлеринде 1-класста неше бала оқыўы лазым, санаторияда қанша койка-карават болыўы керек ҳәм т.б. Математик моделлестириў усулында, тийкарынан, финанслық моделлестириўди реал экономикалық ҳәм социаллық процесслерге таянған ҳалда көрилиўин белгилеп береди.
Ҳал қылыныўы лазым болған ўазыйпалардың характерине, қурамалылығына ҳәм дәўириниң узақлылығына қарап, финанслық сиясат:

Download 0,83 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish