Жуўмақлаў
Өткен 22 жыллық бийғәрез раўажланыўымыз даўамында елимиз ерисип атырған нәтийжелер менен жетискенликлер ҳаққындағы көрсеткишлер журтымызда болып атырған теңи-тайы жоқ өзгерислер туўралы анық түсиник береди.
Әне усы дәўирде Өзебкстанның экономикасы 4,1 есе өсти. Егер елимиздиң халқы әйне усы дәўирде дерлик 9,7 миллионға көбейип, бүгинги күнде 30 миллион 500 мыңға шамалас адамды қурап атырғанын есапқа алатуғын болсақ, халықтың жан басына салыстырғанда өсим 3 еседен зыят болғаны бизиң қаншелли үлкен раўажланыў жолын басып өткенимизден дерек береди.
Жер жүзинде елеге шекем даўам етип атырған қаржы-экономикалық дағдарыстың сезилерли тәсирине қарамастан, елимиз жалпы ишки өниминиң жыллық өсими 2008-2013-жылларда 1 проценттен асты, 2014-жылдың 1-шерегинде болса бул көрсеткиш 1,1 процентти қурады. Бундай өсиў пәтлерин шенде-шен мәмлекетлерде бақлаў мүмкин.
Өткен дәўир ишинде макроэкономикалық көрсеткишлердиң тең салмақлылығы, мәмлекетлик бюджетимиздиң профицит пенен, яғный арттырып орынланыўы тәмийинленбекте.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде халықтың реал жалпы дәраматлары жан басына 1,2 есе артқанының өзи халқымыздың турмыс дәрежеси барған сайын өсип атырғанынан дерек береди. Өзбекстанның сыртқы мәмлекетлик қарызы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 16 пайыздан артпайды, экспорт ҳәм алтын-валюта резервлеримиздиң көлеми көбейип бармақта.
Ғәрезсизлик жылларында елимиздиң экономикасында доллар есабында 162 миллиарддан аслам капитал қаржы өзлестирилген болып, буның 56 миллиард доллардан зыяты шет ел инвестициялары болып табылады.
Тек ғана 2013-жылдың өзинде капитал инвестициялардың көлеми доллар есабында дерлик 14 миллиардты ямаса жалпы ишки өнимге салыстырғанда 23 процентти қурайды.
Булардың барлығы бәринен бурын экономикамыздағы унамлы структуралық өзгерислердиң нәтийжеси, жаңадан иске түсирилген, жәҳән базарында талап күшли болған бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарып атырған жүзлеген, мыңлаған заманагөй кәрханалар болып есапланады.
Өз-өзинен белгили, барған сайын тереңлесип атырған реформалар нәтийжесинде ерисилетуғын оғада әҳмийетли өзгерислер ҳеш қашан бир күнде, кимниңдур буйрығы ямаса қәлеўи менен болмайды. Бул ушын әлбетте ўақыт керек, ең тийкарғысы-бул реформалардың мазмунын ҳәм мақсетлерин жәмийетимиз, халқымыз терең аңлап алыўы және қоллап-қуўатлаўы шешиўши әҳмийетке ийе5.
Бүгин бир пикирди ҳеш екиленбестен, толық исеним менен айтыўым мүмкин` Өзбекстан тарийхый қысқа мүддетте экономикасы бир тәреплеме раўажланған, тийкарынан пахта шийки затын жеткерип бериўге бейимлескен, пахта ҳәмме нәрседен үстин болған қалақ республикадан тез пәтлер менен өсип атырған заманагөй санаат тармағына ийе, жедел раўажланып атырған елге айланды. Буның айқын тастыйығы-елимиздиң жалпы ишки өними қурамында санааттың үлеси 1990-жылдағы 14,2 процент орнына бүгинги күнде 24,3 процентти қурағаны, соның менен бирге аўыл хожалығының үлеси болса 34 проценттен 17 процентке азайғаны болып табылады.
Бирақ, бизлер бул ерискен жетискенликлеримиз бенен шекленип қалмастан, қәтержамлылыққа берилмей еле де үлкен жетискенликлерге умтылыўымыз керек. Дүнья жүзинде кризис елеге шекем даўам етип атырған бир ўақытта, бюджет орынланыўын дурыс шөлкемлестириў, оның ўазыйпа ҳәм бағдарларын туўры таңлаў актуал машқала болып қалмақта. Себеби, дүнья жүзлик кризис ақыбетлери бизиң экономикамызға тәсирин жумсартыў шәраятында мәмлекетлик бюджетти профицит пенен орынлаў баслы мәселелерден бир болып қала береди.
Солай етип, жоқарыдағыларды улыўмаластырған ҳалда атап өтиў мүмкин, бюджет орынланыўының нәтийжелилигин асырыў мақсетинде бюджет-салық теңсалмақлығының реформалары төмендеги машқалаларды шешиўге қаратылыўы лазым:
- бюджет мәселелерин шешиўдиң орайластырылмаўы (еркинлестирилиўи)на,
- бюджет системасының роли, әҳмийети ҳәм дүзилиси принциплери әҳмийетиниң еле де өсиўине,
- аймақлық машқалаларды шешиў ҳәм мәмлекет мәплериниң муўапықлығын тәмийинлеўши бюджет механизмин қәлиплестириўге,
- бюджетлер-ара қатнасықларды жетилистириўдиң ҳуқуқый норматив тийкарларын ислеп шығыя ҳәм еле де раўажландырыўға ҳ.т.б
Усы питириў қәнигелик исимде қылынған анализ нәтийжелерин улыўмаластырыў тийкарында Өзбекстан Республикасында бюджет қатнасықларының жаңа модели системасында бюджет орынланыўы нәтийжелилигин асырыў мақсетинде жергиликли бюджетлер потенциалын асырыў ҳәм оларға жүклетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў имканиятларын ашып бериўи мүмкин.
Усы мәселелер бойынша усынысларды шәртли рәўиште үш бағдарға бөлиў мүмкин.
1. Жергиликли (аймақлық, муниципал) мүлкти қәлиплестириў ҳәм оны басқарыўдың тийкарғы принциплерин ислеп шығыў.
2. Бюджет потенциалын беккемлеў мақсетинде салық системасын еле де жетилистириў.
3. Бюджетлер-ара қатнасықлар механизмин жетилистириў.
Усы үш бағдардың орынланыўы бюджет орынланыўын шөлкемлестириўди еле де жақсылап оның ўазыйпаларын ҳәм бағдарларын жетилистириўге алып келер еди.
Do'stlaringiz bilan baham: |