Ҳәзирги дәўирде мәмлекетлик бюджет орынланыўын шөлкемлестириўдиң ўазыйпалары ҳәм баслы бағдарлары



Download 0,83 Mb.
bet10/17
Sana20.05.2023
Hajmi0,83 Mb.
#941528
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   17
Bog'liq
Абданбетов диплом иши

Бириншиден. Бундай әмелий жумыслар бәринен бурын елимизде заманагөй демократиялық жәмийет дүзилип атырғаны ҳәм избе-из раўажланып атырғанынан, халықтың турмыс дәрежеси менен сапасының артып барыўына негиз болып атырған экономикамыздың турақлы пәтлер менен өсип атырғанынан, Өзбекстанымыздың халықаралық майдандағы абыройы барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.
Ең әҳмийетлиси, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги ҳәм тәсиршеңлиги Өзбекстанның дүньядағы раўажланған демократиялық мәмелкетлер қатарына кириўи ушын бүгинги күнде барлық имканиятлар жаратылды, деп айтыўға толық тийкар береди.
Екиншиден. Биз қолға киргизген табыслар ғәрезсиз раўажланыўдың өткен дәўирде халқымыздың тарийхый ҳәм миллий өзгешеликлерин инабатқа алған ҳалда, елимиз Конституциясында белгилеп қойылған стратегиялық мақсетлер ҳәм ўазыйпаларға қарай эволюциялық, басқышпа-басқыш ҳәм избе-из илгерилеп барыў қаншелли дурыс болғанын тастыйықламақта.
Үшиншиден. Ҳәзирги ўақытта биз бир ҳақыйқатты жақсы аңлаймыз` әлбетте, заманагөй Конституцияға, онда көрсетип берилген мақсет-нийетлерге ерисиў ушын ислеп шығылған әжайып Стратегияға ийе болыў мүмкин. Лекин, мийнеткеш ҳәм уллы халқымыз бул жолда таўдай сүйениш болып турмаса, биз мине усындай жоқары шеклерди қолға киргизе алар ма едик!
Тек халқымыздың мәртлиги ҳәм қайсарлығы, жанкүйерлиги ҳәм шыдамлылығы, адамларымыздың шексиз мийнети бәршемизге ҳақылы түрде мақтаныш бағышлайтуғын үлкен табыс ҳәм нәтийжелерге ерисиў имканиятын берди.
Өткен дәўирде әмелге асырған ислеримизди жуўмақластырар екенбиз, бәринен бурын, ерисилген табысларға қанаатланып, қәтержамлық кейпиятына берилмеўимиз, реал шынлықтан бөлинип қалмаўымыз зәрүрлигин, ҳәммемиз жақсы түсинемиз, деп ойлайман.
Биз бүгинги дүньяда ийелеп турған орнымызды қалыс ҳәм сын көз-қарастан баҳалаўымыз, барған сайын өсип атырған турмыс талаплары менен үнлес болып барыўымыз, өз келешегимизге беккем исеним менен қәдем таслаўымыз оғада әҳмийетли.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен 2010-жылдың ноябрь айында Елимизде демократиялық реформаларды буннан былай да тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясының қабыл етилиўи мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыў ҳәм модернизациялаў процесслериниң нызамлы және логикалық даўамы болды.
Бюджет шөлкемлерин финансластырыў тәртиби ҳаққындағы Нызамда төмендегилер нәзерде тутылған:
- бюджет шөлкеми басшыларының бийғәрезлигин кеңейтиў ҳәм бюджет қаржыларын тежемли, нәтийжели ҳәм мәнзилли пайдаланыўда ҳәмде бюджет интизамын беккемлеўде олардың жуўапкершилигин асырыў;
-бюджет шөлкемлерин финансластырыў механизмин әриўайыластырыў ҳәм қаржылардан пайдаланыўда максимал нәтийжелерге ерисиў жолларын излеў имканиятларын жаратыў;
- бюджет шөлкемлерин финансластырыўдың жаңа тәртиби нормативлер бойынша (искерлиги тараўына қарап) бир түрдеги финансластырыў усылын енгизиў. Бунда ажыратылатуғын қаржылар муғдары ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерге, ис ҳақыға қосымша төленетуғын пулға, капитал қойылмалар ҳәм басқа қәрежетлерге топарланады.
- өз қәрежетлерин финасластырыўда қосымша қаржылар табыў ушын бюджеттен финансластырыўды бюджет шөлкемлери профили бойынша товарлар (ислер, хызметлер) ислеп шығарыў ҳәм сатыў имканиятын бериў менен биргеликте қосып олып барыў;
- бюджет шөлкемлери исшилери мийнетин хошаметлеў, олардың искерлигинде нәтийжелиликти асырыў, кадрлардың потенциалын асырыў ушын шәраятлар жаратыў.
Өзбекстан Республикасы мәмлекет бюджети қәрежетлериниң соңғы жыллардағы раўажланыўын анализ қылып өтетуғын болсақ, бул дәўирде бюджет қәрежетлери дүзилисинед әҳмийетли өзгерислер жүз бергенлигин көриў мүмкин.
Базар экономикасы процессинде Республика бюджети, Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм жергиликли бюджетлер қәрежетлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәзирги күнниң ең актуал машқалаларынан бири болмақта.
Жоқарыда айтып өткенимиздей, Өзбекстан Республикасы унитар мәмлекет болғанлығы ушын, Республика бюджети, Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм жергиликли бюджет қәрежетлеринен ибарат. Бизге белгили болғанындай, бюджет қәрежетлери экономикалық мазмунына көре еки түрге бөлинеди: олар, ҳәрекеттеги ҳәм капитал қәрежетлер. Ҳәзирги күнде Республикамызда ҳәрекеттеги қәрежетке қарағанда капитал қәрежетлерге көп қаржы ажыратылмақта. Мәселен, социаллық – мәдений иләжларға бағдарланған қәрежетлерди көретуғын болсақ, тәлим тараында бүгинги күнде көп ғана жоқары оқыў орынлары, колледжлер ҳәм академик лицейлер қурылмақта, булардың ҳәммеси Республика бюджетинен финансластырылмақта. Туўры бул исленип атырған ислердиң ҳәммеси ертеңги күнниң нәтийжесин береди, лекеин усы жоқары оқыў орынлары, колледжлер ҳәм академик лицейлердеги, улыўма тәлим тараўында ислейтуғын оқытыўшыларды хошаметлеўши ҳәрекеттеги қәрежетлерге үлкен итибар қаратылса мақсетке муўапық болады деп ойлаймыз.
Экономикамызда сондай бир тармақлар бар, олардың пүткил дәраматлары жыйындысы жәми қәрежетлерин қаплай алмайды, бирақ булл тармақлар мәмлекет ушын оғада зәрүр. Сондай тармақлардан бири таў-кән санааты кәрханалары болып есапланады. Бул санаат кәрханалары тийкарынан реңли, реңсиз металлар: көмир, руда қазылмалары ҳәм басқа қыдырыў ислери менен шуғылланады.
Бундай қәрежетлердиң топарының және бири жүзеге келген ишки ҳәм сыртқы мәмлекет қарызларын төлеў болып табылады. Бул қарызларды төлеў ўақты келгенде туўрыдан-туўры мәмлекет бюджети қәрежетинен есапқа алынады.
Бюджет қәрежетлериниң социаллық ислеп шығарыў тараўындағы буўынларға салыстырғанда бөлистирилиўи жоқарыда келтирилген тийкарғы бағдарлар бойынша әмелге асырылыўы бюджет сиясаты стратегиясының қурамында айрықша жуўмақлап өтилгенлиги мәмлекет бюджет қәрежетлерин жыллар бойынша көрип шығыўды талап етеди.
Сизлер жақсы хабардарсыз, елимизде ҳәр жылы мәмлекетлик бюджетти қабыл етиўде әйне социаллық саланы раўажландырыўға айрықша әҳмийет бериледи. 2013-жылда бул салаға ажыратылған қаржылар бюджетимиз улыўма қәрежетлериниң 60 процентин қурады. Бул болса 2012-жылға салыстырғанда 1 триллион сумға көбирек.
Бүгинги күнде адамларымыздың турмыс дәрежеси қалай өсип атырғаны ҳаққында сөз еткенде, айқын көзге тасланатуғын айырым бир көрсеткишлерге итибарыңызды қаратпақшыман.
Ҳәзирги ўақытта елимизде жасап атырған ҳәр үш шаңарақтың биреўи жеке жеңил автомобильге ийе. Елимиздеги ҳәр бир 100 шаңараққа орташа 80 музлатқыш, 146 телевизор туўра келмекте. Бул болса айырым шаңарақларда еки-үш телевизор барлығын көрсетеди. Сондай-ақ, халықтың кир жуўыў машинасы, шаң тартқыш, микротолқынлы печьлер, жеке компьютер ҳәм басқа зәрүрли қураллар менен тәмийинлениў дәрежеси артып бармақта.
Республикамызда мобиль байланыс хызметинен пайдаланыўшылардың саны 19 миллионды қурап, ҳәр бир шаңараққа орташа 3 уялы телефон туўра келмекте. Сондай-ақ, елимизде интернет абонентлериниң саны өткен жылға салыстырғанда 18,3 процентке өсип, ҳәзирги пайытта 7 миллион 100 мыңды қурамақта.
Әлбетте, бул санлар соңғы жылларда халқымыздың тек турмыс дәрежеси ғана артып емес, бәринен бурын, турмысымыздың сапасы барған сайын өсип атырғанынан дерек береди.
2013-жылдың өзинде аўыл халқына үй-рузыгершилик буйымларын сатып алыў ушын дерлик 68 миллиард сумлық тутыныў кредитлери, жас шаңарақларға турақ жай қурыў ҳәм олардың усы бағдардағы нийетлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде 346 миллиард сумнан аслам, яғный өткен жылға салыстырғанда 10 процент көп ипотека кредитлери ажыратылғанын атап өтиў зәрүр.
Биз ушын үлкен әҳмийетке ийе болған халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын өткен жылда 970 мыңнан аслам жумыс орны жаратылып, олардың 60 проценти аўыл аймақларында дүзилгени, ең әҳмийетлиси, кәсип-өнер колледжлерин питкерген 500 мыңнан зыят жигит-қызларымызды жумысқа орналастырғанымыздың өзи ең үлкен табысларымыздың қатарына киреди.
Және бир тийкарғы ўазыйпамыз- халқымыздың саламатлығын қорғаў, денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, профилактика жумысларын күшейтиў бойынша орынлаған жумысларымызға айрықша тоқтап өтпекшимен.
Туўыў жасындағы 7 миллион ҳаял ҳәм 7 миллион 300 мың бала медициналық тексериўден өткерилди, 195 мың жалғыз баслы қария, майып ҳәм пенсионерлерге қәнигели медициналық жәрдем көрсетилди.
Жыл даўамында елимиз бойынша 311 миллиард сумлық бюджет қаржысы есабынан 146 заманагөй медициналық мекеме пайдаланыўға тапсырылды. Атап айтқанда, Андижан ўәлаятлық көп тармақлы медициналық орайында жаңа емлеў корпусы ҳәм диагностика бөлими, балалар кеселликлери санаториясы қурылды. Қашқадәрья ўәлаятының Чирокчи районында медициналық бирлеспеси, Сурхандәрья ўәлаятында көп тармақлы балалар ҳәм үлкен жастағылардың медициналық орайлары, Ферғана ўәлаятының Өзбекстан ҳәм Күчтепа районлары медициналық бирлеспелери ҳәм басқа онлаған емлеўханалар түп-тийкарынан реконструкцияланды.
Соның менен бирге, Ташкент қаласындағы Педиатрия медицина институты клиникасында ҳәм Республикалық педиатрия қәнигелескен илимий-әмелий медицина орайында жаңа хирургиялық корпуслар иске түсирилди.
Бир ғана 2013 –жылдың өзинде Республикалық қәнигелескен хирургия орайының кардиохирургия комплекси ҳәм басқа усындай емлеўханаларда жүрек-қан тамыр кеселликлерине шалынған 4 мыңнан аслам наўқас дәртине шыпа тапты.
Наманган ҳәм Үргениш қалаларында болса жүрек клапанларын алмастырыў, туўма ҳәм арттырылған жүрек кеселликлерин операция етиў, электр кардиостимулятор имплантациясы, эхокардиография сыяқлы емлеўдиң жаңа усыллары жолға қойылды. Нөкис, Қаршы, Ферғана, Самарқанд, Бухара, Жиззақ қалаларында болса жүректиң жағдайын үзликсиз монитор етип барыў әмелияты кең өткерилмекте.
Сондай-ақ, Үргениш, Нөкис, Андижан, Самарқанд қалаларында лазер нуры ҳәм ультрасес жәрдеминде ҳәр қыйлы көз кеселликлерин компьютер технологиялары тийкарында диагностикалақ ҳәм емлеў жумыслары әмелге асырылмақта.
Тәлим-тәрбия системасын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде бир қанша илажлар әмелге асырылды.
2013-жылда елимизде 756 билимлендириў орны, музыка ҳәм көркем-өнер мектеплери, балалар спорты объектлери жаңадан қурылды, реконстукцияланды ҳәм капитал оңланды. Заманагөй компьютер класслары, оқыў лабораториялары, устаханалар шөлкемлестирилип, зәрүрли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.
Бизге мәлим, өткен жылдан баслап елимизде шет тиллерди оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў бағдарламасы шеңберинде улыўма билим бериў мектеплериниң 1-класынан баслап шет тиллерди терең үйрениў жолға қойылды. Бул болса, әлбетте перзентлеримиздиң дүнья илими менен мәдениятының табысларын ийелеўи, жетик ҳәм маман кадрлар болып жетисиўи ушын жаңа имканиятлар ашып бериўи менен айрықша әҳмийетли.
«Абат турмыс жылы» деп аталған 2013-жылда ислеген үлкен жумысларымыз қатарында жаңа турақ жайлар қурыў айрықша орын тутады.
Бул ҳаққында сөз еткенде, 147 районда 10 мың үлгили турақ жай қурылғаны ҳәм буның ушын халыққа 1 триллион 400 миллиард сумлық узақ мүддетли ҳәм жеңилликли кредитлер ажыратылғанын атап өтиў керек.
Ҳәзирги ўақытта пүткил Өзбекстанымыз, айтыў мүмкин болса, үлкен қурылыс майданына айланған. Атап айтқанда, ўәлаятлардың орайларын бас реже тийкарында раўажландырыў мақсетинде ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Мысал ушын 2013-жылдың өзинде бир ғана Үргенш қаласында 344 миллиард сумлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары орынланғанын айтыў орынлы. Мине усындай үлкен көлемдеги жумыслар Қарши, Ферғана, Наманган, Нөкис, Жиззақ, Шаҳрисабз, Гүлистан ҳәм басқа да қалаларда, елимиздиң барлық ўәлаят ҳәм районларында да даўам еттирилмекте.
Және бир әҳмийетли ўазыйпамыз – халықты орайласқан тармақлар арқалы таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселесин алатуғын болсақ, өткен жылда 213 миллиард сум қаржы есабынан 1 мың 850 километрге жақын суў тармағы тартылып, 1 миллион 370 мың халықтың суў тәмийнаты жақсыланды.
Соның менен бирге, Андижан, Бухара, Наўайы, Сурхандәрья, Ферғана ўәлаятларында, Самарқанд, Бухара, Термиз, Қоқан қалаларында мине усы мақсетте 96 миллион доллар муғдарындағы I ири инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. Бул болса 365 мың халық ушын ишимлик суўы тәмийнатын, сондай-ақ, ақаба суў тармақларын жақсылаў имканын береди.
Жыл даўамында автомобиль жолларын қурыў ҳәм реконструкциялаў, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша үлкен жумыслар орынланды.
Өзбек миллий автомагистралының 530 километрлик бөлиминде қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылды. Буннан тысқары, аўыллық елатлы пунктлерди байланыстыратуғын 590 километрден аслам ишки жоллар ҳәм 200 километрден аслам қала ҳәм посёлка көшелери оңланды.
Соңғы ўақытта елимизде кең ҳәм рәўан жоллар қурыў менен бир қатарда жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетиўди жақсылаў мақсетинде де көп жумыслар исленбекте.
Уллы пайтахтымыз Ташкентте ҳәм басқа да қалаларымызда өзимизде ислеп шығарылған көзди қуўандыратуғын автобуслар ҳәм жеңил машиналар менен бирге, ең заманагөй «Мерседес» автобусларының қатнап атырғаны, көше ҳәм майданларымыздың келбетин пүткиллей өзгертип атырған бундай гөззаллықты көрип, ҳәр қандай адам тәсирленбей қалмайды, десем, қәте болмайды.
Усы жерде бир санға айрықша итибарыңызды қаратпақшыман. Ҳәзир атап өтилген илажлардың барлығын әмелге асырыў ушын ишки инвестициялар менен бирге Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Ислам раўажланыў банкиниң 3 миллиард доллардан аслам қаржысын бағдарлағанымыздың өзи, мениңше, көп нәрседен дерек береди.
Бағдарлама шеңберинде жәмийетимиздиң тийкарғы буўыны болған мәҳәллени абат етиў ўазыйпасынан келип шыққан ҳалда, өзин-өзи басқарыў системасы және де жетилистирилди, мәҳәллениң социаллық-экономикалық турмысымыздағы орны ҳәм тәсирин күшейтиўге үлкен әҳмийет берилди.



Download 0,83 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish