«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫ ТИЛИНИӉ СИНТАКСИСЛИК



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet34/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫ ТИЛИНИӉ СИНТАКСИСЛИК 
ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ 
Ш.Алланиязова ҚМУ доценти 
 
Қаракалпақ тилиниӊ тарийхы- қарақалпақ әдебиятыныӊ тарийхы 
менен тығыз байланыслы, себеби көркем әдебиятты дөретиўши жазыўшы-
шайырлар өзлериниӊ шығармаларында тилден шебер пайдаланып, оны 
өзиниӊ таланты менен байытып отырады [1:7]. Мине усындай көркем сөз 
шеберлериниӊ бири - классик әдебиятымыздыӊ еӊ ири ўәкили Бердақ
Ғарғабай улы. 
Классик 
шайырлар 
шығармаларыныӊ 
тили 
Ҳ.Ҳамидовтын 
«Қаракалпақ тили тарийхыныӊ очерклери» (Нөкис, 1974), Д.С.Насыровтыӊ 
«Становление каракалпакского общенародного разговорного языка и его 
диалектная система» (Нукус-Казань, 1976), Д.С.Насыров, О.Доспанов, 
А.Бекбергенов, Д.Сайтовлардыӊ «Қаракалпақ әдебияты классиклери 
шығармаларыныӊ тили» (Нөкис, 1995) хәм Бердақ шығармалары тилин 
арнаўлы изертлеген Ш.Абдиназимовтыӊ «Бердақ шығармалары тили» 
(Тошкент, 2006) мийнетлеринде изертленген. Бул мийнетлердиӊ 
барлығында да классик шайырлардыӊ, солардыӊ ишинде Бердақ шайыр 
шығармалары тилиниӊ фонетикалық, лексикалық, морфологиялық 
өзгешеликлери сөз етилген, бирақ синтаксислик өзгешелиги ҳаққында 
айтылмаған. Биз бул мақаламызда Бердақ шайыр шығармалары тилиниӊ 
айырым синтаксислик өзгешеликлерине тоқтап өтпекшимиз.
Бердақ шығармалары тилиниӊ грамматикалық дүзилисинде ҳәзирги 
қарақалпақ әдебий тилине салыстырғанда айырмашылықлар жоқ, бирақ 
айырым синтаксислик бирликлердиӊ, синтаксислик категориялардыӊ 
жийи қолланғанын көремиз.


103 
Тилимиздеги хәр қандай сөз дизбеги еки ҳәм оннан да көп мәнили 
сөзлердиӊ мәнилик ҳәм грамматикалық байланысынан дүзиледи ҳәм гәп 
дүзиўде қолланылады. Бағындырыўшы сөзи атаўыш сөзлерден болған сөз 
дизбеклери атаўыш сөз дизбегин дүзеди. Атаўыш сөз дизбеклериниӊ 
ишинде басқарыў усылында байланысқан дизбеклер фейил сөз 
дизбеклерине салыстырғанда аз ушырасады. Бундай сөз дизбеклери
нақыл-мақалларда, көркем әдебият ҳәм публицистикалық стильлерде
қолланылады. 
Бердақ 
шығармаларында 
да 
атаўыш 
сөзлердиӊ
басқарыўындағы сөз дизбеклерин жийи ушыратамыз. Мысалы: 
Талап ислеп тап дүньяны 
Сүттен ақдур билсеӊ аны «Қашан раҳатланадурсаӊ»
Дизеӊди сызлатып, мийнетин шегип 
Жеген бир зағараӊ палдан жақсырақ «Жақсырақ» 
Болса да әкем малдан жарлы 
Күним сеннен жақсы, атам «Рәўшан»
Мысаллардағы сүттен ақдур, палдан жақсырақ, малдан жарлы, 
сеннен жақсы сөз дизбеклери келбетлик сөзлердиӊ шығыс сеплигиндеги
атаўыш сөзлер менен байланысыўынан дүзилген. Бундай мысаллардыӊ 
шайыр шығармаларында жийи қолланғанын көремиз. Мысалы: палдан 
татлы, бүлбилден жақсы, ҳәммеге мәлимдур, кимге пайда, кимге зыян, 
өзиңнен пәске, малдан жақсырақ, палдан жақсырақ ҳ.т.б. Бундай 
дизбеклер поэзия стилине тән ықшамлықты, көркемликти пайда етеди. 
Риторикалық сораў гәплер стилистикалық қурал сыпатында көркем 
шығармаларда 
қолланылады. 
Риторикалық 
сораў 
гәплер 
сораў 
интонациясы менен айтылса да, мазмуны жағынан ой-пикирди 
тастыйықлап, эмоционал-экспрессивлик мәни аӊлатады, шығарманың 
тәсиршеңлигин, көркемлилигин тәмийинлейди. Мысалы:
Анадан туўдым не көрдим? 
Ялғаншы паный дүньяда. ″Өмирим″ 
Ақылсыз ҳәм надан болса, 
Аны жақсы деп ким айтар? 
Тиллерден палы тамбаса, 
Аны шешен деп ким айтар? ″Ким айтар″ 
Мен өлмеспен, сөзим жүрер бәрҳәма, 
Туўысқаны көп адам жаўдан қорқа ма? ″Заманда″ 
Ийеси улыўмаласқан гәплер мазмуны жағынан анық бир бетке
қатнаслы болмай, көпшиликке қарата айтылады. Бердақтың дидактикалық 
қосықларында бир бас ағзалы гәплер, соның ишинде ийеси улыўмаласқан 
гәплерди жийи ушратамыз. Мысалы: 


104 
Ата-анаңды қәдирле,
Өлгениңше жақсы сөйле. ″Балам″ 
Жигит болсаң арысландай туўылған, 
Хызмет еткил удайына халық ушын. ″Халық ушын″ 
Бердақ шайыр шығармалары тилинде айқынлаўыш ағзалар да көп 
ушырасады. Айқынлаўыш өзинен бурын я соң келген сөздиң мәнисин 
айқынлап, толықтырып, түсиндирип келеди. Айқынлаўышлардың ишинде 
лақапты билдириўши айқынлаўышлар көп қолланылған. Мысалы: 
Анаў жүрген Пирим шолақ, 
Етип жүр ол жалақ-жулақ. 
Анаў жатқан Палым лаққы, 
Халықларда бар ма ҳаққы? 
Сондай-ақ, Қулымбет бай, Қазы Есен, Қулен болыс, Ерназар бий, 
Аллақул хан, Нурмурат ахун, Мәмбет суўпы, Қәлен уста сыяқлы 
айқынлаўыш ағзалар Бердақ жасаған дәўирдеги атақ, дәрежени билдирип 
келген.
Сондай-ақ, айырымланған айқынлаўышлар өзинен бурынғы сөздиң 
мәнисин екинши бир сөз бенен айқынлап, түсиндирип келгенде, 
интонациялық жақтан айырымланып турады. Мысалы: 
Айдос бий йурттың ордасы, 
Екки уғыл-Рза, Төреси. ″Шежире″ 
Жалғыз сүйенишим - халқым-панайым, 
Жүзимди солдырар душпан дағ ушын ″Халық ушын″ 
Жаздым бир жыл-он еки ай 
Тапсам тамаққа жедим май ″Ақмақ патша″ 
Эллипсислик толық емес гәплер дүзилиси, мазмуны ҳәм стильлик 
тәсирлилиги жағынан көркем шығармаларда, әсиресе поэзияда кеӊ 
қолланылады. Мысалы: 
Бардың иси пәрман менен, 
Жоқтың иси әрман менен. 
Бердақ шығармалары тилинде фейил топламлы гәплер, қоспа гәплер 
белгили бир ой-пикирди ықшамлап билдириўде поэзия стилине тән 
стильлик мақсетлерде қолланған. 
Пайдаланған әдебиятлар 
1. Ҳамидов Ҳ. Қарақалпақ тили тарийхының очерклери. Нөкис 1974 
2. Абдирахманов Г., Шукуров Ш. Ўзбек тилининг тарихий 
грамматикаси. Тошкент, 1973 
3. Насыров Д.С. Становление каракалпакского общенародного 
разговорного языка и его диалектная система. Нукус-Казань, 1976 
4. Насыров Д.С., Доспанов О., Бекбергенов А., Сайтов Д. Қарақалпақ 
әдебияты классиклериниң шығармаларының тили. Нөкис, 1974 


105 
5. Бекбергенов А. Қарақалпақ тилиниң стилистикасы. Нөкис, 1990 
6. Абдиназимов Ш. Бердақ шығармаларының тили. Тошкент, 2006 
7. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Нөкис, 1987. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish