«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Жирмунский В.М. Сравнительное литературоведение. Восток и 
запад. Ленинград. «Наука», 1979. 
2. История Каракалпакской АССР. (С древнейших времён до наших 
дней). Ташкент, «Фан», 1986. 
3. Муҳаммед пайғамбар ҳиссаси. Ҳодислар. Тошкент, 1991. 
4. Комилов Н. Тасаввуф ёки комил инсон аҳлоқи. 1 китоб. Тошкент, 
«Ёзувчи», 1996. 
ПОЭЗИЯМЫЗДА ҚАҲАРМАНЛЫҚ ОБРАЗДЫҢ ЖАСАЛЫЎ 
ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ (Бердақ ҳәм ҳәзирги заман шайырлары 
шығармалары мысалында) 
Турдыбаев Қ,
Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти 
 
Бердақ XIX әсирде жасап, сол дәўирдиң тарийхый, руўхый ҳәм 
жәмийетлик турмысын үлкен көркемлик талант пенен сәўлелендирилген 
шайыр. Оның шығармаларында халық тарийхы, халықтың қаҳарманлық 
гүреси, социаллық турмысы, философиялық ой-пикири, халық даналығы 
толық сәўлеленген. Бердақ өз халқының еркин ҳәм абадан турмыста 
жасаўын әрман етти. Сонлықтан, ол халық азатлығы, халық мәпи, ар-
намысы 
ушын 
жан 
пидә 
ететуғын 
гүресшеңлердиң, 
халық 
қаҳарманларының образын жаратты. Усы қаҳарманлық образлар Бердақ 
дөретиўшилигиндеги орайлық образлардан болып табылады.
Биз бул мақаламызда Бердақ ҳәм ҳәзирги қарақалпақ шайырларының 
шығармаларын салыстырмалы-типологиялық бағдарда изертлеў арқалы 



қаҳарманлық образ жасаўдағы атақлы шайырдың көркем тәжирийбесиниң 
ҳәзирги поэзия ушын әҳмийетин ашып бериўди өз алдымызға мақсет етип 
қойдық. Бул ушын шайыр бабамыздың дәстанлық шығармалары менен 
ҳәзирги лиро-эпикалық шығармаларды қатар қойып таллап, олардағы 
қаҳарманлық 
образ 
жасаўдағы 
типологиялық 
уқсаслықларды, 
улыўмалықларды ашыўды мақул көрдик. 
Бердақтың «Амангелди», «Айдос баба», «Ерназар бий» поэмаларында 
елдиң ғәрезсизлиги, ар-намысы ушын гүрескен халық қаҳарманларының 
образлары сәўлеленген. Қаҳарманлық тулға образын жаратыў ушын 
Бердақ белгили бир батырдың ис-ҳәрекетлерин, батырлық ислерин 
сүўретлейди. Мысалы, «Амангелди» поэмасында халық аўзында аңыз 
болып кеткен Амангелди ҳәм Асан батырлардың образы сүўретленеди. 
Шайыр олардың әдеттегиге уқсамаған, әпиўайы адамлардан ажыралып 
туратуғын етип сүўретлейди. XVIII әсирдеги қарақалпақлардың Қоқан 
ханлығына қараслы бөлегине хан ҳәдден тыс көп салықлар салған. Хан 
шеннен тыс оларға зорлық етип, қыз салығын да салып елди бүлдирген. 
Усы себепли, елдиң ар-намысы аяқ асты етиледи. Бирақ халық бул 
зорлыққа көнгиси келмейди. Усы қыйын аўҳал Бердақтың төмендеги 
қосық қатарларында сүўретленеди: 
Қоқан ханы қылды зорлық, 
Қыз соратып берди қорлық, 
Асан көрсетти дуғымлық, 
«Жылатпайман елди»,-деди. 
-Қарақалпақ бермес қызын, 
Ҳәммеси де мениң қызым, 
Тийдирмеспен тириде өзим,- 
Деп Асан ер Қоқан келди. 
Сөзинен қайтпады Асан, 
-Қыз аларсаң өлсем қашан, 
Ўатан болмас бизге Қоқан, 
Сен шуўлаттың елди,-деди. 
Хан Асанды көп урғызды, 
Және орнынан турғызды, 
-Бермейсең бе,-деди,-қызды

Асан және сөзге келди [1:168-169]. 
Мысалда алынған қатарларға қарасақ, Қоқан ханлығына қараслы 
қарақалпақлардың бийи Асан аталықтың мәртлик ис-ҳәрекетин көремиз. 
Асан залым ханның алдында қайтпастан өз халқының ар-намысын 
қорғайды. Халық ушын қорлықлы қыз салығына көнбейтуғынын 
«Қарақалпақ бермес қызын» деп мәртлик пенен билдиреди. «Сөзинен 



қайтпады Асан, Қыз аларсаң өлсем қашан» деп ханға батыл жуўап береди. 
Хан жасаўылларының қыйнаўы, азаплары оның руўхын сындыра алмайды, 
ар-намыстан, жоқары адамгершилик қәсийетлерден бездире алмайды. 
Асанды залым хан өлимге буйырса да қорықпайды. 
Астырды дарға Асанды, 
Ел деп Асан берди жанды [1:169]. 
Асан халықтың ар-намысын сақлап қалыў ушын жан береди, 
мәртлерше қурбан болады, «Қыз салығы» сыяқлы ханның қорлықлы 
буйрығын орынламайды, елди жылатпайман, деп жан береди. «Асан өз 
халқының намысын жоқары санайды, өзиниң халық перзенти екенлигин 
түсинеди, елдиң, халықтың мәпи ушын гүресиўди ең ҳүрметли ис деп 
биледи. Өзиниң ис-ҳәрекетин усы пикирге бағындырып алып барады» [2: 
144]. 
Дәстанда Бердақ сүўретлеген Асанн батырдың көркем образы 
оқыўшыда көтериңки ҳәм мақтаныш сезимлерин оятады. Бул жерде шайыр 
Асанның батырлық ислерин сүўретлеў арқалы оның образын 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish