«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet26/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Бердақ таңламалы шығармалары. Нөкис, Қарақалпақ мәмлекетлик 
баспасы, 1956. 
2. Мақсетов Қ., Тәжимуратов Ә. Қарақалпақ фольклоры. Нөкис, 
«Қарақалпақстан», 1979. 
3. Мақсетов Қ. Фольклор ҳәм әдебият. Нөкис, «Қарақалпақстан», 
1975. 
БЕРДАҚТЫҢ «МАҒАН БЕР» ҚОСЫҒЫНДА ЛИРИКАЛЫҚ 
ҚАҲАРМАН ОБРАЗЫН ЖАСАЎДА КОНФЛИКТТИҢ ӘҲМИЙЕТИ 
А.Пахратдинова ҚМУ магистранты 
 
Бердақ шайырдың көпшилик қосықлары терең философиялық 
мазмунға ийе болғанлықтан, халқымыздың жүрегинен терең орын алып 
киятыр. Усындай қосықлардың бири шайырдың "Маған бер" қосығы 
екенлиги көпшиликке мәлим. Қосықта лирикалық қаҳарманның 
толғаныслары арқалы шайырдың ишки сезим-туйғылары баян етилген. 
Қосықтың идеялық мазмунын еле де анығырақ аңлаўымыз ушын шайыр 
жасаған тарийхый дәўирге ҳәм халықтың социаллық жағдайларына итибар
қаратыўымыз керек. Тарийхый мағлыўматларға қарағанда, Бердақ шайыр 
жасаған жылларда еки мәрте көтерилис болған. Халықтың басына аўыр 
күнлер түскен. Бул ҳаққында «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» 
китабында төмендегише мағлыўматлар берилген: «...Екинши ҳәрекет 1855-
жылы гүзде басланады. Буған ханлықта соңғы он жыл ишинде болған 


81 
аўыр шараят себепкер болады. Хийўаға Муҳаммед Әмин хан болған 
жыллары, яғный 1845-1855-жыллар аралығында ханлықта удайына 
жаўгершилик болып турады. Қарақалпақлар 20 мың тиллалық кеспе 
салықтан тысқары он жыл удайына урыс салығын төлеўге мәжбүр болады. 
Бул салық кеспе салықтан жети мәрте артық болған. Халық пүткиллей 
бүлгиншиликке ушырайды» [1:25-26]. Бул ҳаққында Бердақ "Салық" 
қосығында сол жыллар туўралы мынандай тәрип береди: 
Былтырғыдан быйыл жаман, 
Қалай-қалай болды заман, 
Ғәрип-қәсер қалмай аман, 
Он тилладан келди салық. [4:46] 
Бердақтың қосығында сөз етилиўинше, халыққа салынған салықты 
тек ғана жарлылар төлеген. Ал, байлар болса салықтан азат болған.
Өндиреди аш халықтан, 
Жетим жылайды сонлықтан, 
Бай аман қалды салықтан, 
Дөҳмет төлеў болды салық [4:47]. 
-деп шайыр заман теңсизлигин аяўсыз сынға алады шайыр усы қосығында. 
Тарийхқа нәзер таслайтуғын болсақ, Хийўа ханлығы ўақтында 3 түрли 
пул бирлиги болған. Олар: тилла, теңге, пул деп аталған. Тилла― сап 
алтын болып, көбинесе, сырт еллер менен саўдада қолланылған. Теңге― 
гүмис пул болған. Үшиншиси пул деп аталып, мыстан исленген 30 мыс 
пул жыйналып 1 теңгени қураған. Ал, бул салықты ҳәзирги заман баҳасы 
менен есаплағанда қанша болатуғынын есапласақ: 1600-1800-жыллар 
аралығында шығарылған теңгелер 8 грамм болған. Ҳәзирги күнде 
алтынның бир грамы 250 мың сўм деп есапласақ, 10 тилла орташа есап 
пенен 20 млн. сўм болады. Кеспе салық 20 мың тилла болса млрд. сўмнан 
асып кетеди [2]. Бул салықтың көп бөлегин жарлы халық төлегеннен соң 
шыдамай 
көтерилиске 
шығады: 
«...1856- 
жылы 
Хийўа 
ханы 
қарақалпақларды бағындырыў ушын Маҳмуднияз жасаўылбасының 
басшылығында көп әскер жибереди ... 1856-жылдың 12-июнинде 
көтерилисти аяўсыз бастырып, оның басшысы Ерназар Алакөздиң 
геллесин Сейитмуҳаммед ханға алып барады. Ерназар Алакөзди 
қарақалпақлар халық мәпи ушын гүрескен өзимиздиң сүйикли батырымыз 
деп есаплаған. Атақлы қарақалпақ халық шайыры Бердақ «Ерназар бий» 
деп аталған поэмасында: 
Гөруғлы бектей ер еди, 
Қатарда қоса нар еди, 
Толы журтқа дәркар еди, 
Шейит өлди Ерназар бий [4:201]. 
-деп батырға болған жоқары симпатиясын билдиреди.
Үшинши ҳәрекет, 1858-1859-жыллары болды. 1858-жылы Қоңырат 
ўәлаятындағы қарақалпақлар, өзбеклер, қазақлар ҳәм түркменлер Хийўа 


82 
ханлығынан бөлинип шығып өз алдына мәмлекет болыў ушын 
Сейитмуҳаммед ханға қарсы көтерилис шығарады. Бул көтерилисти 1811-
жылы қурбан болған Төремурат суўпының жийени Муҳаммед Фена 
(Панахан) басқарады [1:28]. 
Халықтың аўыр турмысының себеплерин жәмийетлик дүзимниң 
әдалатсызлығынан деп түсинген шайыр «Маған бер» қосығында өз 
заманына деген наразылығын, қарсылығын Аллаға налыш етиў жолы 
менен сүўретлейди. Бул нәрсе шығарманың конфликтин жүзеге келиўине 
алып келеди: 
Пәлек гәрдишинен етсем шикаят, 
Тыңлағанға ҳәсиретли бир ҳикаят, 
Жәбри-жапам болып тур бийниҳаят, 
Зибаныма әдалатлық ҳүкимин бер [4:100]. 
"Конфликт" сөзи қарақалпақ әдебияттаныўына латын сөзи арқалы 
кирип келген. Ол бизиңше "тартыс", "қарама-қарсы" деген сөзлердиң 
мәнилерине сәйкес келеди. Бирақ, бул сөзлердиң туўра мәниси емес, ал 
көркем 
шығарманың 
қозғаўшы 
күшине 
айланған 
тартыслар, 
сезимлер,пикирлер арасындағы гүрес, тартыс әдебий конфликт болады. 
Көпшилик жағдайда әдебий шығарманың конфликти дегенде қаҳарманлар 
арасындағы тартысыўларды түсинеди. Бундай түсиник талапқа жуўап 
бермейди. Себеби, әдебий конфликтлер жәмийетлик турмыстың 
раўажланыў негизин, оның қарама-қарсылықларын, тартысыўларын 
сәўлелендиреди. Сонлықтан, әдебий конфликт жәмийетлик турмыс пенен 
байланыслы, белгили бирдәўирге байланыслы жүзеге келеди [3:130-131].
Бердақ шайырдың "Маған бер" қосығы мазмуны бойыша Алладан 
тилек, өтиниш етиўге қурылған. Соның менен, бирге ең тийкарғы мәселе 
сонда, автор халыққа қысым еткен жаўыз адамларды жазалағысы 
келетуғынын гейде ашықтан-ашық, гейде метафоралар жәрдеминде 
сүўретлейди: 
Душпанды өз зинданына баспаға, 
Жер көктеги Сулайманның ҳәмрин бер [4:101]. 
Шайыр жасаған заманының абат ҳәм пәраўан болыўын Алладан 
тилейди. Бундай қорлықлы өмирдиң келип шығыўы жәмийетлик дүзимниң 
әдалатсызлығы себебинен деп есаплап, айырым ўақытлары оған қарсы 
екенин поэтикалық мазмунда көркем сүўретлеп билдиреди: 
Бердақ дер, сөзимди айтып кетейин, 
Бақ болмаса хор өмирди нетейин, 
Болмаса дүньяны қарап етейин, 
Қәне, маған Исрапылдың сүрин бер! [4:101] 
Бердақтың "Маған бер" қосығын оқый отырып, автордың өз 
заманының жоқары дәрежедеги билимли, озық ойлы инсаны болғанын 
қәлбимиз бенен сеземиз. Пырақ, Ҳәзирети Юсуп, Ҳәким Луқман, 
Темирши Даўыт, Сулайман патша, Иса пайғамбарлар әпсанаўий, диний 


83 
китаплардағы қаҳарманлар есапланады. Усының менен бирге шайыр 
оптимизм идеяларын алға сүреди: 
Жәҳән ғәзийнесин алсам қолыма, 
Сарп әйлемек ушын ҳақлық жолына, 
Бердимурат киби ҳақтың қулына, 
Тәңрим, саҳаўатлы ана меҳрин бер [4:101]. 
Жуўмақлап айтқанда, Бердақ Ғарғабай улы қандай заманда жасаса да 
халықтың дәрти менен дәртлес, муңы менен муңлас болды. Барлық 
қосықларында дидактикалық ҳәм терең философиялық мазмун сәўлеленди. 
Шайырдың "Маған бер" қосығы шеберлик пенен жазылған дөретпе болып, 
лирикалық қаҳарман образын жасаўда конфликтлер айрықша көркемлик 
ўазыйпа атқарған.  

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish