Пайдаланылған әдебиятлар
1. Жәримбетов Қ. XIX әсир қарақалпақ лирикасының жанрлық
қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы. Монография. Нөкис, «Билим»,
2004-ж.
2. Бердақ. Сайланды шығармалары. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1997.
3. Горнфельд А. А. Троп // Энциклопедический словарь Брокгауза и
Ефрона : в 86 т. (82 т. и 4 доп.). — СПб., 1890—1907.
4. Жирмунский В.М. ''К вопросу об эпитете'' «Теория литературы.
Поэтика. Стилистика». ''Ленинград'', изд.«Наука».
МАҚТЫМҚУЛЫ ҲӘМ БЕРДАҚ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНДЕГИ
ӘДЕБИЙ ТӘСИРЛЕР МӘСЕЛЕСИ (К.ҚУРАМБАЕВТЫҢ
ИЗЕРТЛЕЎЛЕРИ ТИЙКАРЫНДА)
С.Жепбарова ҚМУ оқытыýшысы
Түркмен ҳәм қарақалпақ халықлары ерте дәўирлерден қоңсы ел болып
жасап, олар арасында сиясий-экономикалық, мәдений байланыслар
бүгинги күнге шекем даўам етип келмекте. Сондай-ақ, бул еки халық
әдебиятында көркем әдебий байланыслар раўажланды. Усындай әдебий
байланыслардың жетилисиўинде, раўажланыўында ХVIII әcир түркмен
шайыры Мақтымқулы-Пырағыйдың айрықша орны гиреўли. Себеби, ХIХ
әсир қарақалпақ шайырлары Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, Ѳтеш, ХХ әсир
шайырларынан А.Муўсаев, А.Дабылов, С.Нурымбетов, Т.Жумамуратов,
И.Юсупов, А.Ѳтепбергенов ҳәм т.б. Мақтымқулыны өзиниң руўхый
устазы деп билгени ҳәммемизге мәлим. Соның ушын, профессор
К.Қурамбаев «Уллы шайыр Мақтымқулы түркий тилли әдебиятлардың өз-
ара жақынласыўы, байланыслардың жүзеге келиўи ҳәм раўажланыў
процессине үлкен үлес қосқан шахслардан бири. ХVIII-ХIХ әсир Орайлық
69
Азия әдебиятларының байланысларында оның байланыстырыўшы роли
үлкен. Карақалпақ-түркмен, түркмен-карақалпақ әдебий байланысларының
тарийхы, бүгинги жағдайы ҳакқында сөз етилгенде, ықтыярсыз
қыялымызда Мақтымқулының атының сәўлелениўинде үлкен ҳақыйқат
бар» [1:202]. Ҳақыйқатында да, Мақтымқулы түркмен хәм қарақалпақ
халықларының әдебий байланысларында кѳпир хызметин атқаратуғыны
сѳзсиз. Сонлықтан, қарақалпақ әдебияттаныў илиминде Мақтымқулының
ХIХ әсир қарақалпақ классикалық шайыры Бердақ Ғарғабай улының
дөретиўшилигине әдебий тәсири мәселесин изертлеў де актуаллықты
пайда етип, бир қанша әдебиятшы‒алымлар өзлериниң изертлеўлерин
жәриялады. Мәселен, Н.Дәўқараев, М.Нурмухаммедов, И.Сагитов,
Қ.Мақсетов, К.Мәмбетов, АӘ.Пахратдинов, Қ.Байниязов, С.Баҳадырова,
Қ.Жәримбетов, К.Қурамбаев, П.Алламбергенова ҳәм т.б. мийнетлерин
мысал етип айтыўға болады.
Усылардың арасында белгили алым К.Қурамбаев өзиниң илимий
мийнетлериниң басым көпшилигин Мақтымқулы дөретиўшилигиниң
қарақалпақ шайырларына жетгизген әдебий тәсири мәселелерин
изертлеўге арнады. Буны алымның өзи де «Ойлап отырсам, ярым әсирден
бери Мақтымқулы дөретиўшилиги, шайыр шығармаларының өзбек ҳәм
қарақалпақ әдебияты менен байланысы ҳаққында шуғылланып келген
екенмен. «Мақтымқулы ҳәм өзбек әдебияты» деген биринши мақалам
буннан қырқ бес жыл алдын баспада басылып шыққаны есимде. Усыннан
бери Мақтымқулының дөретиўшилигин өзбек, кейинирек, қаракалпақ
әдебияты менен салыстырмалы үйрениў илимий хызметимниң жетекши
бағдарларынан бирине айналды» [1:3] - деп, белгилейди. Сонлықтан, биз
бул мақаламызда профессор К.Курамбаевтың изертлеўлеринде
Мақтымқулы ҳәм Бердақ шайырлардың дөретиўшилигиндеги әдебий
тәсирлер мәселеси ҳакқында сөз етпекшимиз.
Профессор К.Қурамбаев өзиниң «Кеўил-кеўилден суў ишер…»
(Нөкис, 1991) атлы монографиясының «Әдебий байланысларымыз
тарийхына бир нәзер» атамасындағы биринши бабының «Мақтымқулыны
оқығанда…» атлы бөлимде Мақтымқулы шығармаларының қарақалпақ
елине кең таралыўы, шайыр дөретиўшилигине айрықша ықлас қойған ҳәм
оның традицияларын избе-из даўам еттирип келген шайырлардың бири
Бердақ екенин айта отырып, Мақтымқулы ҳәм Бердақ шығармаларындағы
идеялық-тематикалық,
жанрлық,
формалық
уқсаслықлар
айдынластырылады. Яғный Бердақ дөретиўшилигинде Мақтымқулы
традициясының өзине сай бир усылда даўам еттирилгенин мысаллар менен
салыстырмалы көринисте талқыға тартқан. Ол усылдың, «бириншиден,
Бердақтың қосықлары тили бойынша Мақтымқулының бармақ усылында
жазылған дөретпелерине жақын турады, екиншиден, бул еки шайыр
арасындағы уқсаслықты олар қәлемге алған тематиканың бирлиги менен
де түсиндириўге болады» [2:12] – деп түсиник береди ҳәм пикирин
70
тастыйықлаў ушын Мақтымқулының «Қәдирин не билсин», «Нәйләйин»,
«Ҳиммәт яхшидур», «Кетиўши болма», «Атша болмас», «Қалмас»,
«Дәўран табылмас» сыяқлы қосықларын Бердақтың «Жақсырақ»,
«Бүлбил», «Билмедим», «Халық ушын», «Надан болма», «Билгейсиз»,
«Керек», «Қашан рәҳәтланадурсаң» қосықлары менен салыстырмалы
усылда талықлаўға тартады. Нәтийжеде, Мақтымқулы әдебий мектебиниң
тәсири Бердақ поэзиясында сәўлелениўи, бул шайырдың күнделикли
турмыс, дидактикалық, гуманистлик идеяларды алдыға қойыў,
философиялық ҳәм т.б. мазмун ҳәм тематикадағы қосықларында анық
көзге тасланады деген жуўмаққа келеди. Сондай-ақ, автор усы
талқылаўлардан кейин еки шайырдың дөретиўшилик өзгешеликлериниң де
бар екенин "Бул еки шайырда өз дәўириниң перзентлери болып, олар
қәлемге алған тематика айырым тәреплери менен үнлес болса да, олардың
сол темаға қатнасы, көзқарасы жағынан бир-биринен парық етеди. Егер де
Мақтымқулының қосықларында ХVIII әсирге тийисли жәмийетлик-
мораллық мәселелер сәўлеленген болса, ал Бердақ қосықларында ХIХ
әсирдиң тарийхый картиналары сөз етилип, бул мәселеге өз устазына
қарағанда да кескин ҳәм мәртлик пенен қол урып, бул жолда бир қанша
табысларға да ерискенлигин көремиз" [2:32] – деп, белгилеп көрсетеди.
Профессор К.Қурамбаев Ташкентте «Тафаккур» баспасынан 2012-
жылда жәриялаған «Махтумқули – илҳам чашмаси» атамасындағы
монографиясында жоқарыда талқыға тартқан мақаласын қайта
қосымшалар киргизип, яғный, Бердақтың 1997-жылы баспадан шыққан
«Сайланба»сындағы «Өмирим» атлы отыз жети бәнтлик қосығының
талықлаўы менен өзбек тилинде «Махтумқулини ўқиганда» атамасында
жайғастырады. Бул мақаланың алдынғы изертлеўден тийкарғы
айырмашылығы, онда Мақтымқулының «Кунларим» («Күнлерим») қосығы
менен Бердақтың «Өмирим» атлы қосықлары салыстырмалы изертленип,
олар арасындағы идея, редиф, адам өмирин бөлек-бөлек жасқа ажыратып
көрсетиўиндеги үнлеслик ашып бериледи:
Мақтымқулы:
Он икимден гитдим он үч яшыма,
Он дөрдүмде хесер урды башыма,
Он бәшимде гызлар гирди дүйшүме,
Он алтымда гайнап жошан гүнлерим.
Бердақ:
Он алтыда, он жетиде,
Зәрделер толып кеўилге.
Жақпай ойын-заўық бизге,
Машқала түскен күнлерим [1:214].
Усы изертлеўлерде автор еки шайыр шығармаларының уқсаслықлары
ҳәм олардың өзгешеликлери ҳаққында анық фактлик матералларды
71
келтиреди, исенимли таллаўлар жасайды. Бирақ, бул мақалаларда негедур
Мақтымқулының
диний-мистикалық,
мифологиялық
мазмундағы
шығармаларының Бердақ шығармаларына тәсири мәселелери ҳаққында
автор пикир билдирмеген екен, - деген саўал жүзеге келеди. Себеби,
Мақтымқулының «Ашык болмушам», «Инсан яратды», «Ықбал
болмады», «Батды яранлар», «Бурагың» сыяқлы диний мазмундағы
қосықлары менен Бердақтың «Маған бер», «Хорезм», «Шежире» ҳәм т.б.
шығармаларында идеялық-тематикалық, образлар уқсаслықларының бар
екени көзге тасланады. Сонлықтан, алым К.Қурамбаевтың жоқарыда аты
келтирилген изертлеўлеринде еки шайыр шығармларындағы усындай
уксаслықлар мәселелери шетте қалғандай сезиледи.
Алымның түркмен-қарақалпақ әдебий байланыслар туўралы сөз еткен
екинши бир мәселеси‒Бердақ шайыр шығармаларының түркмен тилиндеги
көркем аўдармалары. Ол бул мәселени жоқарыда аты келтирилген
биринши монографияда «Бердақ шығармалары түркмен тилинде» [2:202]
деген атама менен жайғастырған. Онда автор Бердақ шығармаларын
түркмен тилине көркем аўдарма ислеген Какабай Сейтмурадовтың 1960-
жылы Ашхабатта «Түркменстан» баспасынан шығарылған шайырдың
«Таңламалы шығармалары»ның аўдармалары ҳаққында пикирлерин баян
еткен. Аўдармаларды салыстырмалы изертлеген. Нәтийжеде, Бердақтың
шығармаларының түркмен тилиндеги дәслепки аўдармалары бир қанша
кемшиликлериниң бар болыўына қарамастан, жақсы шыққанлығын
белгилеп өтеди.
Улыўма
алғанда,
Профессор
К.Қурамбаевтың
изертлеўлери
Мақтымқулы ҳәм Бердақ дөретиўшилигиниң әдебий тәсир мәселелелерин
анықлаўда ҳәзирги әдебияттаныў, әдебий байланыс илими ушын илимий
дәрек бола алады. Бул мәселе келешекте арнаўлы изертлениўи керек деп
ойлаймыз.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Қурамбаев К. Махтумқули – илҳом чашмаси. Тошкен. Тафаккур.
2012.
2.
Қурамбаев
К.
«Кеўил-кеўилден
суў
ишер…»
Нөкис.
Қарақалпақстан. 1991.
Do'stlaringiz bilan baham: |