Залым айралық-айралық,
Кеўилимди ўайран етти,
Залым айралық-айралық.
64
Шайыр
лирикасының
қосық
қурылысы,
негизинен,
халық
поэзиясының үлгисинде жазылғаны ушын да, ондағы ырғақ, уйқас, өлшем,
бәнт белгилерин бөлип қараўға болмайды. Бердақтың көпшилик
қосықларында бул төрт бөлек тең қолланылады. Мысалы:
Тамағым жоқ ишерге,
Көлигим жоқ көшерге,
Төсегим жоқ төсергге,
Биз сорлыға жаз келер ме?
Демек, усы мысаллардың өзинен мәлим болып турғанындай, Бердақ
өз поэзиясында қосық уйқасларына үлкен итибар берген. Бул қосықта
ырғақ пенен бәнт әбден шегине жеткен. Қосықтағы ҳәр бир уйқастың
буннан артық раўажландырыў ҳасла мүмкин емес. Соның менен бирге
шайыр қосық ырғақларын сақлап қалыў ушын буўнақларға да айрықша
итибар береди. Мысалы:
Жерлеримиз / болды аяқ
Суўды ашсақ / жедик таяқ
Мурап болып / гилкий саяқ
Дәнсиз нансыз / қалдық быйыл
Бул сегиз буўынлы қосықты төрт буўынлы сөзлер арқалы бөлип,
тармақлап оқыўға да болады. Демек Бердақ поэзиясының еле ашылмай
атырған тәреплери көп. Оның поэзиясында көркемликтиң әлўан сырлары
бар. Усындай себеплерге көре, ҳәр қандай оқыўшы Бердақ
дөретиўшилигин тән алады ҳәм әдебиятымыздың ең бийик тулғасы
сыпатында қәстерлейди.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Бердақ. Таңламалы шығармалары, Нөкис, 1956.
2. Дәўқараев Н. Бердақ шайыр, Нөкис, 1950.
3. Сағитов И. Саҳра бүлбили, Нөкис, 1974.
Бердақтың дидактикалық лирикасында троплардың қолланылыў
өзгешеликлери
А.Жаримбетов ҚМУ оқытыўшысы
Қарақалпақ миллий сөз шеберлери, талант ийелери тропларды
әжайып көркем қубылыс дәрежесине көтерилиўине өзлериниң үлеслерин
әдеўир дәрежеде қосқан. Олардың дөретиўшилигинде көркем тил мәселеси
образ жаратыўда, сөзлердиң образлылығын күшейтиўде, олардың
экспрессивлик ҳәм эмоционаллық тәсиршеңлигин арттырыўда сүўретлеў
қураллары сыпатында троплар айрықша хызмет атқарады. Сонлықтан да,
белгили жазыўшылар, классик шайырлар тропларды шебер пайдаланады.
Солардың ишинде XIX әсир қарақалпақ әдебиятының классик шайыры
65
Бердақ Ғарғабай улы (1827-1900) өз дөретиўшилигинде тропларды
көркемлик хызметте өнимли қолланған. Әсиресе, оның дидактикалық
қосықларында эпитетлер, метафоралар, метонимиялар, синекдохалар,
гиперболаларды ҳәм басқа да стилистикалық фигураларды жийи-жийи
ушыратыўға болады. Бердақ лирикаларында троплардың қолланылыўы
мәселеси еле арнаўлы изертленген жоқ, тек айырым мийнетлерде ғана
оларды сүўретлеў қураллары контекстинде улыўма бағдарда атап өтеди.
Әсиресе, оның дидактикалық, налыш, юмор-сатиралық қосықлары троплар
аспектинде улыўма сөз болмады. Негизинде, троплар басқа жанрлардағы
қосықларға салыстырғанда дидактикалық, налыш, юмор-сатиралық,
тәрийип қосықларында көбирек қолланылады. Солардың ишинде биз
шайырдың дидактикалық қосықларында қолланылған тропларды илимий
мақаламыздың объекти етип алдық.
Дидактикалық қосықлар «Адамды ийман-инсап, илим-билим, ақыл-
нәсият жоллары менен тәрбиялаў, тутас жәмийетти усы жоллар менен
раўажландырыў – әййемги заманлардан берли киятырған, түрли дәўир
сынақларынан өткен дәстүрли жоллардан. Сонлықтан, булар бизиң руўхый
дуньямыздың ажыралмас бир бөлегине айналып кеткен. Руўхый дуньяның
бундай тәреплери илим тилинде дидактикалық идеялар ямаса
дидактикалық ой-пикирлер деп жүритиледи» [1׃68]. Сонлықтан, илимий
мақаламызда Бердақтың ақыл- нәсият қосықларында қолланылған
троплардың көркемлилик хызметин, аўыспалы мәнисин ашыўды ҳәрекет
етемиз. Сондай-ақ оның қосықлар топламында қайсы лирикасын,
поэмасын алып қарасақ та, толып атырған көркем сүўретлеў қуралларын
көриўге болады. Соны да айтып өтпекшимиз, шайыр топламында
қосықлардың мәнисин толық түсиниў ушын троплардың қағыйдаларын
билиў зәрүрлиги туўылады. Негизинде, шайырлар қәлеминде қолланылған
тропларды ажыратыў дәстанларға қарағанда қыйыншылық туўдырады,
себеби, шайырдың айтажақ пикирин, идеясын бериўде поэзияда
индивидуаль образлар жаратылады. Сонлықтан, индивидуаль шайырлар
дөретиўшилигиндеги троплар дәстанлардағыдай турақлы болмайды, олар
белгили бир стиллик мәнисте қолланылады. Улыўма айтқанда, троплар –
аўыспалы мәниде, поэтикада ҳәм көркем әдебиятта образлы болып
қолланылады [3]. Мысалы, ''Халық ушын'' қосығында пайдаланылған
тропларды талқылап көрейик:
''Ақыл адам сөзлер ертпес изине,
Шөп салмас ярының ҳәргиз көзине,
Бақмас нәмәҳремниң ҳасла жүзине,
Шулар хызмет етер бәрҳә халық ушын'' [2:26].
Бул қосық қатарларындағы тропларды талқыласақ, ''Шөп салмас'' сөзи
троплардың метонимиялық түри болады, себеби, бул қатардағы сөзлерди
шайыр ''Ярына ҳеш ўақыт қыянет етпейди'' деп алмай, аўыспалы мәни
менен, образлы етип метонимия арқалы ашып берген. Бул қатарда образ
66
''Шөп салмас'' сөзине түсип тур. Усы ''Шөп салмас'' сөзи арқалы биринши
қатардағы ''Ақыл адам'' сөзи анықлаўыш хызметинде болғаны менен, ол
сөзлерди эпитет деп алып қараўға болмайды, себеби, ол сөзге образ түсип
турған жоқ, образдың барлығы ''Шөп салмас'' сөзине түсип тур, сол
себепли, ''Ақыл адам'' сөзлери троплардың толық талапларына жуўап бере
алмағанлығынан әпиўайы жай гәп хызметинде қала береди. Усы ''Халық
ушын'' қосығындағы төмендеги қатарларды анализлеп, көркем сүўретлеў
қуралларын анықлаймыз:
Бул заманда жәбириў- жапа шегермен,
Қара көзден қанлы жаслар төгермен,
Залымлардың жәбирин айтып сөгермен,
Күйгенликтен жан қыйналар халық ушын [2:26].
Мине, асты сызылған бул қатарларда Бердақ соныңдай шебер көркем
сүўретлеўлерди ҳәр бир қатарында избе-из пайдаланғанын көремиз,
бундай етип ҳәр қатарда тропларды қолланыў ҳәр бир шайырдың қолынан
келе бермейди.
Қосықтың бул биринши қатарындағы ''жәбириў- жапа'' сөзи образлы
болып, бул сөз мәниси жағынан қыйналған, пәнт жеген, өмирден түңилип
кеткен ҳәм т.б. сөзлердиң барлығын жыйнақластырып, ''жәбириў- жапа''
образлы сөзин аўыстырып қолланғанлығы себепли, троплардың
метонимиялық қағыйдаларына толық жуўап береди, егер де автор ''Бул
заманда қыйналып жасап өтермен'' деп алғанында, онда қосық қатары
образлылығын жойтып, көркемлилигин жоғалтқан болар еди. Екинши
қатардағы ''қанлы жас'' сөзлери троплардың эпитетлик түри болады,
себеби, көзден қанлы жас ақпайды, суўлы жас ағады, ал бул жерде
образлылықты күшейтип бериў ушын қанлы жас деп көрсеткен. Сол ушын
да, бул сөз дизбеги эпитеттиң толық қағыйдаларына жуўап береди. Ал,
алдындағы ''Қара көзден'' сөзлери де қандай деген сораўға жуўап берип
тур, лекин, ол сөзлер эпитет бола алмайды, себеби, ол сөзде образ жоқ,
көздиң қара болатуғыны биологиялық жақтан ҳәммеге мәлим.
Сондай-ақ, Бердақтың ''Халық ушын'' қосығындағы троплардың
метонимиялары өнимли қолланылған:
''Болмады бир дарқан мәнзил мәканым,
Зәҳәр-заққым болды ишип жегеним,''
''Қуўат бергей алла нәзик беллерге,
Мәўсим бергей таза ашылған гүллерге,….
Қосықта асты сызылған сөзлер метонимия, себеби, булар әпиўайы
сөзлер менен жазылғаны менен буның астарлы мәнилери бар. Шайыр жас
балалар қыйналмасын, жақсы, дарқаншылық өмир көрсин, - деген
сөзлерди ''Мәўсим бергей таза ашылған гүллерге'' - деп, тәбият көриниси
менен аўыстырады ҳәм жас балалардың қыйналып, өмир кеширгенлигин
тәбият көриниси менен қайта атап, образлы етип сүўретлеген. Бундай
тәбият көриниси менен аўыспалы мәниде сүўретлеў усылларын көпшилик
67
классик шайырлар қолланады. Мысалы, рус классик шайыры
М.Ю.Лермонтовтың ''Желқом'' (''Парус''), Гүлмурат шайырдың ''Қайраўда
жалғыз ғаз'' қосыкларында усындай қатарларды ушыратыўға болады.
''Қуўат бергей алла нәзик беллерге'' – бул қатарда синекдохалық сүўретлеў
болып табылады.
Сондай-ақ шайырдың ''Жақсырақ'' қосығын алып қарасақ, көркем
сүўретлеў қуралларының не бир түрлерин көриўге болады. Мысалы
айтсақ:
''Адам баласында болсын ар-намыс,
Ең кеми жүз болсын көз көргени таныс,
Мәгәр билмей қолды қыйса бир қамыс
Сол ўақ қанын тыйған ардан жақсырақ.''
Бул қосықта асты сызылған қатар толығы менен метонимия болады,
себеби, бул сөзлер астарлы мәниде образ жаратып тур. Бул қатарда тәбият
өсимликлери аўыспалы мәниде қолланылып, көркем образ жаратқан.
''Ер жигитке намыс пенен ар керек,
Ҳақ кеўил, қәлем қас, сәўер яр керек,
Мийман келсе күтип алар ҳал керек,
Соймаға бир ешки малдан жақсырақ.
''Жақсырақ'' қосығының бул қатарында ''Ер жигит'' сөзи эпитет
болады, себеби, бул гәпте әпиўайы жигит айтылып турған жоқ, қандай да
бир абыройлы жигит үстинде гәп кетип атыр, ол жигит намыслы, арлы
болыўы керек. Сондай-ақ бул қатардағы ''Ер'' сөзи адамның жыныс
мәнисинде емес, ал айбатлы, мәрт, баҳадыр жигитлерге айтылған
поэтикалық мазмунға ийе болған. Сол ушын да, «ер жигит» сөзи образлы
сөз болып, эпитет болады. Ал, екинши қатардағы ''Ҳақ кеўил, қәлем қас,
сәўер яр'' сөзлери, бул ер жигитке керек сулыў қызды тәрийплеп, ол да
эпитетлер менен байытлған.
Бердақ шайырдың лирикалары ишинде ''Ким айтар'' қосығын да
дидактикалық шығармалар қатарына киргизсек болады. Бул қосықта да
көркем сүўретлеў қураллары өнимли қолланылған:
''Ҳақ- наҳақты билиспесе,
Әдилсиз ҳүким ислесе,
Түйилген даўды шешпесе,
Оны қазы деп ким айтар?
Қара қылды қақ жармаса,
Болар исти айта алмаса,
Айтқаны туўры болмаса,
Оны ийшан деп ким айтар?
Мине, көрип турғанымыздай, бул қосық қатарларында ҳәмелдар
адамлардың соншелли мийримсиз, жаўыз, ҳәттеки өз халқының
проблемаларын әдилсиз шешип бериўин Бердақ шайыр ҳеш қандай
жасырмастан, қорықпастан халқының жырын туўрыдан-туўры олардың
68
жаўызлықларын эпитетлер менен көркемлеп, жуўмақ жасаған. Қосықта
асты сызылған қатарлар толығы менен эпитетлер болады, себеби,
қосықтың мәнисин бир жерге жыйнап, ҳәмелдарлардың қандай
болғанлығын жоқарғы қатарларында айтып өтеди, ал, енди олардың
жаўызлықлары,
әдилсизликлери,
халықты
қыйнаўлары
қосық
қатарларында әшкара етиледи. Төртинши қатарға келгенинде шайыр
риторикалық сораў усылынан пайдаланады, сол арқалы өз көзқарасын,
жуўмағын береди. Персонажлар образын жасаўда литоталық ҳәм
гиперболалық сүўретлеўлердиң синтезинен пайдаланады (Қара қылды қақ
жармаса). Бундай сүўретлеўлер шайыр поэзиясының өзине тән
өзгешеликлерин белгилейди. Шайыр дөретиўшилигинде
троплар
дәстанлардағы сыяқлы турақлы троплар емес, индивидуаль тәризде
қолланылған.
Do'stlaringiz bilan baham: |