Использованная литература
1. «О стратегии действий по дальнейшему развитию Республики
Узбекистан»
Собрание законодательства Республики Узбекистан, 2017 г.,
№ 6.
2. Бердах. Избранные произведения.- Нукус. Каракалпакстан, 1987.
3. Мамедов Н.М. Каракалпакская литература, Баку, Мутарджим, 2007.
ХАЛЫҚ АҢЫЗЛАРЫНДА ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒАЛАР ОБРАЗЫНЫ
СӘЎЛЕЛЕНИЎИ
И.Алламбергенова ҚМУ оқытыўшысы
58
Қарақалпақ халық прозасының аңыз жанрында XVIII-XIX
әсирлердеги ел басында турған бийлер ҳаққындағы тарийхый-эпикалық
мағлыўматлар айрықша орын тутады. Маман бий, Турым бий, Айдос бий,
Ерназар алакөз, Төре бий ҳәм т.б. қарақалпақ урыўларының белгили-баслы
бийлериниң өз халқына болған мүнәсибетлери, халықтың оларға болған
көзқараслары, Хийўа ханларының сиясий ҳийлелери менен зорлық-
зомбылықлары бул аңызлардың мазмунларын қурайды. Мәселен, Айдос
пенен Есенгелди мәҳрем араларындағы алаўызлықлар, Айдостың инилери
Бегис пенен Мыржықтың Айдос тәрепинен өлтирилиўи Турым бийдиң
ҳийлелери, Айдостың алданыўы, перзентлериниң тәғдири елдеги сиясий-
тарийхый жағдайлар менен байланыста ҳеш қандай асыра силтеўсиз, аңыз
жанрының талап мөлшеринде баян етиледи.
Аңызлардың Ерназар алакөз дүркиминде Ерназардың ер жүрек, батыр
адам екенлиги, Хийўа ханына қарсы ислеген наразылық ҳәрекетлери,
Хийўа ханының Ерназардан қәўипленип қыйын жағдайға түсиўи,
Ерназардың сатқынлықтан шейит болыўы, Қумар аналықтың аналарға тән
болған уллы мәртлиги халықтың турмыс тәжирийбелеринен туўған
ҳақыйқатлық болып, кәмил, ҳәр тәреплеме жетик инсанды тәрбиялаў
нийетлери менен ушласып кетеди. Бердақ шайырдың «Ерназар бий»
дәстанында болса:
Не айтса ол ҳәмме көнди,
Хан етти Зарлық төреңди,
Асып Қутлымурат гереңди,
Зорлық етти Ерназар бий.
Душпанына саўда салды,
Тоғыз ушан кеме алды,
Журт сораған қусбеги болды,
Арыслан туўған Ерназар бий… [2:149] -деп жазады.
Ерназар алакөз ҳаққындағы аңызлардың биринде «Хийўа ханының
қоңыраўлы Түйе палўаны болған. Оған хан жизйә берип отырған. Сонда
бир тойда қазақ, түркмен, қарақалпақлардан шығатуғын адам бар ма
дегенде ҳеш адам болмапты. Сонда Турым бий деген киси «Тақсыр, өзиңиз
зинданға салып қойған бир киси бар, соны бир салып көрсеңиз екен»,-
депти. Сөйтип, Ерназарды зинданнан шығарып әкелипти. Ерназардың
мурты өсип, сақалына түскен, шашы өсип бетине түсип кеткен екен. Хан
айтыпты: «Бар, үш күн жатып дем ал, шаш, сақалыңды алдырып кел»,-
депти. Ерназар үш сааттан кейин келип: «Тақсыр рухсат етиң», - депти.
Ерназар қоңыраўлы палўан менен тутысыўға ортаға шыққан. Сонда
қоңыраўлы палўан оннан «кәсибиң не?» - деп сорағанда «кәсибим
беллесиў» деген. Гүрес басланған. Ерназар оны шығысқа ийтерип, соң
батысқа қарай ийтерип ханның алдына әкелип жықпақшы болған. Сол
жерде «Я ҳәзирети Палўан ата»,-деп көтерип урып қабырғасын сындырған.
59
Соннан кейин хан оны «азат еттим», - деген. Сонда Ерназар айтқан
«Тақсыр, қәҳри-ғазабыңа ушыраған алты жүз адам бар еди, соннан үш
жүзи өлип қалды. Мен зинданнан кеткенде жыласып қалып еди.
Жиберсеңиз солар менен бирге жибериң, болмаса мен орныма барып
жатаман», - деген. Хан сол үш жүз адамды да азат еткен. «Елиңизге
қайтың»,- деп көп ат, түйе берген, бирақ оларды алмай елине жаяў кеткен.
«Өгизликке Ораз зор, шешенликке Арзы зор, Майлы шеңгелден өткен соң,
бәринен де дәкең зор»,- деп Ерназар жолда Хийўадан киятырып ханның
кемесин талаған» [3:120]. Бул аңызда Хийўа ханының палўаны менен
Ерназар алакөз арасындағы гүрес сөз етилип, Ерназардың адамгершилик
қәсийетин көрсететуғын пазыйлетлер орын алған. Халық арасында
айтылып жүрген аңызларда Ерназар алакөздиң өмир жолы, халық ушын
ислеген ерликлери сөз етиледи.
Қарақалпақлар арасында дөретиўши өнер ийелери ҳаққында да
көплеген эпикалық мағлыўматлар орын алған. Әлбетте, булар тарийхый
адамларға байланыслы болғанлықтан, олардың турмысынан орын алған
халықлық гүрриңлерди ҳақыйқый деп тән алмаўымыз мүмкин. Бирақ
қандай жағдайда да халықтың өнерге болған көзқарасларының анық
сәўлеленгенлигин де бийкарлай алмаймыз. Мысалы, «Ҳүрлиманның
тақыясы» деген аңызда Бердақ бабамыз базардан тоғыз тақыя сатып алып
киятырғанда жолда дем алған жеринде оған тағы бир тақыя қосылады. Ең
соңғы тақыя қызлар кийетуғын нағыслар менен безетилген тақыя болып
шығады. Бердақ «оны қызым бул тақыяны кийсе бақсы болып кетеди» -
деп көрсетпей жасырып жүреди. Бир рети таўылып Ҳүрлиман тақыяны
кийгеннен кейин өзинен-өзи ҳалласлап, қосық айтқысы келип дуўтар
услаўды қумартып жүреди.
Аңызда Бердақтың қызы Ҳүрлиман усы тақыяны кийгеннен кейин
«бақсы қыз» деп аталғанлығы ҳаққында айтылады. Ҳүрлиманның басына
тақыя кийгеннен кейин бақсы болыўы ҳаққындағы халықлық түсиниклер
магиялық характерге ийе бақсышылық өнериниң қәсийетли, кәраматлы
өнер екенлигин дәлиллеўге қаратылған [1:92].
Бердақтың «Шежире» шығармасы халық аңызлары тийкарында
дөретилген шығармалардың бири. Шайырдың бул шығармасында
қарақалпақ руўларының пайда болыўы ҳаққындағы мағлыўматлар
берилген. Бул мағлыўматлар халық аңызларындағы дәрекелерге жүдә
сәйкес келеди. Мысалы, «Мүйтен» руўының келип шығыўы ҳаққында
шайыр мынадай мағлыўмат береди:
… Бир зайыптан екки уғыл болған,
Мүйтен билән Қыят туўған,
Туўған анасы Арыўхан
Қыятқа уран болған екен … [2:275]
Демек, биз бул қатарлардан мүйтен ҳәм қыят руўларының келип
шығыўы бул еки ул перзенттиң исми екенлиги, оның анасы Арыўхан
60
екенлиги ҳәм усы ана исми уран болғанлығы ҳаққында мағлыўматлар
аламыз. Ал, халық аңызларындағы мағлыўматларға қарағанымызда да бул
дәреклерге жақынлығы көринеди. Халық аңызларында Мүйтенлер басқа
бир қарсы күшлер (Жайылған патша, Киянийлер патшасы) тәрепинен аўыр
жаўгершиликти басынан кеширип қырылып кеткенлиги ямаса олардың
елден алыс мәканларға сүргин етилиўине ўақыялар бериледи. Биротала
жоқ болған, жаўгершиликтен үлкен жәбир көрген мүйтенлердиң қайта
тиклениўи ананың қарнында мүйтен туқымынан қалған ҳәмилениң
туўылыўы (көбирек Ақшолпан тилге алынады) ҳәм оның өсип ер жетиўи
мотивинде анық көрсетиледи.
Аңызларда мүйтен деген сөздиң мәнисине түсиник берилмейди.
Ананың қарнында қалған бала усы руўдың қайта тиклениўин
тәмийинлейди.
Аңызлар бойынша мүйтенлердиң қәўимин пайда еткен еки тулғаның
бири ‒ Ақшолпан, бири ‒ Тамин саҳаба болып есапланады. Ақшолпанның
аты аталған аңызларда ол тәрбияшы ана сыпатында мүйтен еринен болған
перзентти камалға келтиреди.
Қарақалпақлардың әпсаналық мазмун алған Шыңғысхан ҳаққындағы
аңызларында, Шыңғысхан әйнеги жоқ жайда сақланатуғын Алтынханның
күннен бәҳре алып туўылған перзенти болып тәрийипленеди. Аңыздың
барлық вариантларында да Арыўхан күннен некесиз жүкли болғаннан соң
әкесиниң буйрығы менен арнаўлы сандыққа салып, дәрьяға ығызылып
жибериледи. Оны Томаўыл менен Шабан көрип жағаға шығарып болған
соң бири сандықтың ишиндеги буйымға (Томағул), бири сыртқы сандыққа
(Шабан) ийелик етиўге келиседи. Эпикалық дөретпелерде қандай да
буйымның қаҳарман тәрепинен табылыўы, буйымды қаҳарманлардың
бөлисиўи, болмаса ханға инам етиўи қусаған мотивлер көплеп ушырасады.
Бундай олжа табыў ямаса сандыққа ийе болыў, олжаны тең бөлиў
эпикалық сюжеттиң раўажланыўын тәмийинлейтуғын әҳмийетли мотивлик
элемент есапланады. Аңызларда сандықтың ишиндеги қызға гейде
Томаўыл, гейде Шабан көр үйленеди деп алмастырылып айтыла береди.
Бирақ Арыўхан күн нурынан пайда болған баласын дүньяға келтирип
олардың биринен Бадан тай (Бөгенетай), Бүргитай (Бөрге тай) деген еки
уллы болатуғын мотив турақлы сақланған. Әкеси басқа өгей бала инилери
менен оңыса алмай дәрьяны өрлеп алыс жақларға шығынып кетеди. Елдиң
ханы өлгеннен кейин хан сайлаў ўақтында (Томаўылдан) болған баллар
хан болыў ҳуқықына ийе емес еди. Арыўханның мәсләҳәти менен Майқы
бий қырқ жигитти ертип Шыңғысты излеп кетеди. Оны таўып әкелип хан
көтереди. Аңыздың «Шежире» вариантында Арыўхан күннен болған
баласының атын Күнес қояды. Күнес ер жеткеннен кейин Алмалы
көриклиге үйленип хан дәрежесине көтериледи. Булардың некесинен
Шыңғыс туўылады [1:43]. Бул эпикалық мағлыўматлар Бердақтың
«Шежире» синде поэтикалық усылда кеңирек берилген. Аңыз ўақыялары
61
толық қайталанады. Онда Шыңғыстың анасы Арыўхан емес, Алмалы
көрикли деп берилген
…Сандық аққан дәрья ‒ суўды,
Ол нашарны нәсип қуўды,
Ҳәзиретий Юсуфтей уғыл туғды,
Атын Шыңғыс қойған екен [2:106].
Усыған қарағанда, аңыз қарақалпақлар арасында узақ ўақытлардан
белгили болып, айырым өзгешеликлерди есапқа алмағанда турақлы
мазмунға ийе болған деп айтыўға болады.
Халық тарийхый шахслар ҳаққындағы аңызларда (шайыр, бақсы,
бийлер, ханларды сүўретлегенде) оларды халықтың ғамын, ар-намысын
қорғағаны ушын олардың ислеген хызметлерин идеалластырып көрсеткен.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Баҳадырова С., Қ.Мәмбетназаров. Қарақалпақ аңызлары әпсаналары
ҳәм шешенлик сөзлери. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1992.
2. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Нөкис, «Қарақалпақстан», 1987.
3. Хамидов Х. «Ерназар алакөз жазба дәреклерде ҳәм халық
аңызларында». // ӨзРИАҚҚБ хабаршысы. - Нөкис, 2007. - №1.
Do'stlaringiz bilan baham: |