«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet27/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Коллектив автор. Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. Нөкис, 
«Билим», 2003-жыл. 
2. www.google.uz 
3. Әдебияттаныў. С.Ахметов, Қ.Султанов, Нөкис, «Қарақалпақстан», 
1987. 
4. 
Бердақ. 
Таңламалы 
шығармалары 
жыйнағы. 
Нөкис 
«Қарақалпақстан», 1977. 
БЕРДАҚ ПОЭЗИЯСЫНДА МЕДИТАТИВЛИК ЛИРИКА 
С.Узакова ҚМУ магистранты 
 
ХIХ әсир қарақалпақ әдебиятының ең ири ўәкили Бердақ шайыр 
поэзиясы ҳәр қыйлы темадағы лирикаларға қурылған. Шайырдың 
қосықларын оқыған ҳәрқандай оқыўшының қәлби үлкен ой-толғанысларға 
ҳәм таўсылмас руўхый азыққа ийе болады. Мәселен, шайырдың «Ақыбет» 
медитативлик ой пикирлер лирикасы инсанды ҳәр тәреплеме 
шынықтырып, оны ҳәмме нәрсениң ақыбети, шешими бар екенлигине 
исендиреди ҳәм бул исеним оны ҳақыйқатлыққа, пидайылыққа баслайды, 
ҳүжданын оятады ҳәм ийманын толтырады. Мысалы: 
Хызмет етсең халық ушын ет, 
Зинҳар нәмәртке бурма бет, 
Жаманнан қаш, аўлаққа кет, 
Кейини болғай ақыбет [1:66] 
Бул қосық қатарларында шайыр өзиниң ақыл-нәсиятлы сөзлери менен 
инсанларды туўрылыққа баслайды ҳәм жақсылыққа ийтермелеўши 
идеяларды береди. Бул халықлық афоризмлерге қурылған лирикалық 
қатарларда 
турмыслық 
ҳәм 
философиялық 
ойлар 
жәмленген.
Медитативлик лирикада лирикалық қаҳарманның ойлаў-пикирлеў дүньясы 


84 
ҳәм ишки толғаныслары ҳәр қыйлы темаларда сөз етиледи. Бул туўралы 
профессор Қ.Жәримбетов: «Медитативлик лирика ‒ жәмийетлик-сиясий, 
социал-турмыслық, философиялық ҳәм дидактикалық темаларды қозғап, 
олар туўралы лирикалық қаҳарманның ой-пикирлерин эмоционал түрде 
береди» - деп көрсетеди [2:38]. 
Ҳақыйқатында да, биз, Бердақтың «Ақыбет» лирикасын оқып, 
үйренип оның медитативлик лирикаға қурылғанлығын аңладық. Онда тек 
шайырдың жекке ой-пикирлери емес, ал, халықтың аўыр турмысы ‒ 
сиясий-жәмийетлик, философиялық ҳәм дидактикалық темаларда өз 
бояўын тапқан.
Халқымыз әзелден өзиниң азатлыққа болған умытылыўларын ҳәм өз 
ана ўатанының тынышлығын сақлаўда мәрт, қаҳарман батырларына үлкен 
исенимде болған ҳәм оларды қәдирлеген. Бердақ өз қосығында ер 
азаматларды мәртликке шақырып, төмендегише турмыслық ҳәм 
жәмийетлик мәселелерди жәмлеп, суўретлеп көрсетеди: 
Ерлер болсаң саҳып-қыран, 
Халқың менен еткен уран, 
Саўаш күни салып сүрен, 
Кейини болар ақыбет [1:70]. 
Шайыр бул қосық қатарларында ер азаматларды саҳыпқыран, мәрт 
болыўға, халық пенен бирге болып оны қорғаўға, саўашларда гүресиўге 
шақырады ҳәм бундай ислердиң кейини үлкен қаҳарманлыққа ҳәм халық 
еркинлигине алып келетуғынлығын турмыслық-сиясий мәселелер 
тийкарында сәўлелендиреди. Бердақтың «Ақыбет» қосығы сол дәўирдеги 
турмыслық фактлерге толы сиясий-жәмийетлик, дидактикалық ҳәм 
философиялық темаларда суўретленген. Қосықта берилген шайырдың 
ишки ой-толғанысларының негизи – оның келешектен күтетуғын 
үмитлерине, жаңа жақтылы заманға бағдарланған. Шайыр ҳәр бир истиң 
кейини, оның келешеги жақты болыўын күтеди ҳәм тилейди. Мәселен: 
Оңар жағымды гөзлесем, 
Ҳадал айтып сөз сөзлесем, 
Халық ушын бахыт излесем, 
Болар ма енди ақыбет? [1:69] 
Бул қосық қатарларынан көрип турғанымыздай, шайырдың өз 
халқының ғамын ойлап, оған жақсылық тилегени ҳәм халқы ушын бахыт 
излегени оның ҳақыйқый патриот шайыр екенлигин көрсетеди. Демек,
жоқарыда келтирилген қосық қатарларында шайыр жасаған дәўирдиң аўыр 
турмыслық жағдайлары лирикалық қаҳарманның ишки ой-толғаныслары 
тийкарында ашып көрсетилген ҳәм ол пүткил жәмийетке қаратыла 
айтылып, айдын келешекке, жақсылыққа, ғәрезсиз заманға деген жаңа 
үмитлерди ҳәм сезимлерди пайда еткен. Уллы сөз зергериниң буннан басқа 
да қосықлары медитативлик лирикада жырланады. Биз сөз еткен 
медитативлик лирикада сәўлеленген шайырдың ой-толғаныслары бизиң 


85 
бүгинги күнимиз ушын да оғада әҳмийетли. Себеби, шайырдың айтқан зер 
сөзлери, болжаўлары, нәсиятлары бүгинги заманымызға келип өз 
жуўмағына, ақыбетине жетти, елимиз ғәрезсизликке ерисип, жақтылы 
келешегин тикледи. Солай етип, шайырдың медитативлик лирикада 
суўретленген қосықларында сол дәўирдиң турмыслық-сиясий ўақыялары, 
жәмийетлик, философиялық ҳәм дидактикалық темалары жәмленип, уллы 
келешегимизге деген үмитимизди ҳәм өз еркинлигимизди тиклеўимизге 
кең жол ашып берди. Уллы шайырдың төмендеги қосық қатарлары 
халқымыз ушын, әсиресе, ўатанымыз ғәрезсизлигиниң беккем болыўы ҳәм 
оған садық болыўымыз ушын, бәршемизге уран болары сөзсиз: 
Бәрҳә бергил достыңа қол, 
Сәрдар болсаң тезден тап жол, 
Бирлик жақсыдур, таяр бол, 
Сонда табарсаң ақыбет [1:70]. 
Жуўмақлап айтқанда, Бердақ шайырдың медитативлик лирикада 
дөрелген қосықлары бүгинги күни де өзиниң қунлылығын, көркемлилигин 
сақлап ҳәм миллий әдебиятымызды байытып, шайыр күткен дәўир ҳәм 
заман сыяқлы жаңа турмысымызға үлкен руўхый дәрек болып хызмет 
етпекте. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish