«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet28/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Бердақ. Шығармалары. Нөкис, «Қарақалпақстан» 1987. 
2. Járimbetov Q. Ádebiyattanıwdan sabaqlar. Nókis, “Qaraqalpaqstan” 
2012. 
 
Ә.ӘЖИНИЯЗОВ ПОЭЗИЯСЫНДА БЕРДАҚ ОБРАЗЫ 
Т.Отарова ҚМУ магистранты 
XIX әсир қарақалпақ әдебиятының ең көрнекли ўәкиллериниң бири 
Бердақ Ғарғабай улын өзлерине устаз деп билген талантлы шайыр, 
жазыўшы ҳәм драматурглер әдебиятымызда көплеп табылады. Олар өз 
дөретпелеринде Бердақ образын жаратыўға ҳәрекет етип келмекте. Биз 
мақаламызда белгили шайыр Ә.Әжиниязов поэзиясында Бердақ 
образының жаратылыў өзгешеликлерин үйрениўди өз алдымызға мақсет 
етип қойдық. 
Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов тәрепинен 
таланты мойынланған Ә.Әжиниязов Бердақ дөретиўшилигинен нәр алып, 
илҳамланып қосықлар дөреткен. Буны биз оның «Бердақ пенен сөйлесиў», 
«Ҳәр ким өзи болар, Бердақ болалмас», «Дослығы – ийманы еди 
Бердақтың» қосықларынан айқын көремиз. Бул қосықларда шайыр Бердақ 
образын жаратыўға умтылған. Шайыр «Бердақ пенен сөйлесиў»
қосығында:
Мине, қол қаўсырып турман алдыңда, 


86 
Устаз әўладыңа рийза болдың ба?... [1:42] 
Ҳәр сапары оқып «Жақсырағыңды», 
Қосығымды тағы қайта кураман… [1:42]
-деп жазады.
Ә.Әжиниязовтың бул қосығы жанрлық жақтан арнаў қосығы болып, 
ол бармақ өлшеминде жазылған. Шайыр өзине тән сөз саплаўларына ийе 
қараймыз: 
Сен күсеген әдил заман орнады,
Халықты зарлатқанның өзи зарлады, 
Қәдириңди билген халқың қәстерлеп,
Сөзиң пүткил шар тәрепти шарлады [1:42]. 
Жанрлық жақтан бул дөретпе арнаў қосығы болғанлықтан онда
Бердақ образы өзине тән өзгешеликке ийе. Бул қосықта жасы үлкенге 
ҳүрмет, устазды сыйлаў, ўатан сүйиўшилик, тәрийплеў, мақтаў сөзлери 
көп ушырасады.
Мысалы: 
Бурын саған арнап қосық жазбадым, 
Кешир баба кешеңлеп гәп қозғадым… [1:41] 
Биз, Әскербай Әжиниязовтың бул қосығын таллап отырғанымызда, 
«Қосыққа қул етип жазған «роман», Тәўекелшил талантыңа тураман» 
қатарлары итибарымызды тартты. «Қосықка қул етип жазған роман» деп 
шайыр нени айтпақшы?. Қул етиў – бул, әдетте кимдидур басқарып, 
басшылық етип, айтқанына жүргизиў болса, ал, роман – сөзи турмысты 
кеңнен алып сүўретлейтуғын, адам характерлерин терең ашып беретуғын 
эпикалык жанрдың бир түри [2:58]. Бердақ «Амангелди», «Айдос баба», 
«Ерназар бий», «Ақмақ патша» дәстанларында қарақалпақ әдебиятында 
бириншилерден болып тарийхый қаҳарманларды кең маштабда 
сүўретлеўге умтылды. Шайыр тарийхый искердиң образын ҳәр тәреплеме 
исенимли, тарийхый шынлыққа сүйенип жазады. Өз позициясын анық 
түрде бере алды. Усы арқалы әдебиятымыз тарийхында терең из қалдырған 
қахарманлық образларын реалистлик сүўретлеў усыллары менен дөретеди.
Демек, XX әсирдеги романистлер Бердақ қәлемге алған тарийхый 
тулғалардың образына мүражат еткенде уллы шайырдың көркем 
тәжирийбесинен пайдаланады. Буның өзи де әдебиятымызда тарийхый 
роман жанрының туўылып қәлиплесиўинде үлкен әҳимийетке ийе болған. 
Ә.Әжиниязов усыған ишара еткен болыўы керек.
Қосықтағы «Тәўекелшил талантыңа тураман» деген қатары да 
оқыўшыны ойланыўға мәжбүрлейди. Демек тәўекелшил талант ийеси 
болған Бердақ қосыққа қул етип романды жазған. Бердақ шайырда 
романдағыдай сюжетли шығармалар барлығын биз жоқарыда айтқан едик. 
Бирақ, Ә.Әжиниязов қосығында
Ҳәр сапары оқып «Жақсырағың»ды, 
Қосығымды тағы қайта қураман, [1:42] 


87 
– деген қатарлар да бар.
Бул жерде Бердақтың «Жақсырақ» қосығы ҳаққында гәп болмақта.
Бердақ Ғарғабай улы қарақалпақлардың мәдениятына, тарийхына, 
әдебиятына салмақлы үлес қосты, азатлық, еркин күнлерди күсеген, хан 
алдында қайтпастан пикир жүриткен, «халықтың сөйлер тили» болған, 
усыларды есапқа алған ҳалда шайыр Ә.Әжиниязов «роман» сөзин үлкен 
философиялық ой менен «Бердақ Ғарғабай улы қалдырған мийрасларының 
ҳәр бириниң өзи бөлек бир үлкен роман,- деп айтпақшы болса керек, 
бизиңше.
Бедеўге бәдҳасыл ябы ере алмас, 
Кеўлиң соқыр болса көз ҳәм көре алмас, 
Ҳәр ким өзи болар Бердақ болалмас, 
Өмир өкинишли әрман деседи[1:44].
Бердақтың уллылығын және де ашып бериўге ҳәрекет еткен 
Ә.Әжиниязов нәўбеттеги қосығын «Ҳәр ким өзи болар, Бердақ болалмас» 
деп атаған. Ол бул қосығында да жоқарыдағы «Бердақ пенен сөйлесиў» 
қосығындағы ойларын және де тереңлестиреди.
Бердақ – улуғ инсан шайыр философ, 
Қылды қақ айырып жарған деседи… 
Қосық 3 бөлимнен турады. Биринши бөлимде Бердақтың социаллық 
турмысын («…Малға жарлы болса да, тилге бай болып…»), саўатлы 
болғанлығын («Наўайыдан нақлай саўат ашқанда, Яне Физулийден дүрлер 
шашқанда»…), халық ғамын жеген жан күйери, патриот шайыр екенлигин 
(«Халық ушын шар тәрепти ақтарып…», «…Дәўир дәрти жүрегине дәрт 
салып»…), данышпан ҳәм халықтың ақылгөйи («Қыздың теңин таўып 
зәңгисин басып, Келинлерге ғамхор болып сырласып…») сыпатында 
сүўретлеген. Екинши бөлиминде заманласлары, устазлары, дослары 
менен бирге Бердаққа да бир ўақлары «миллетшил» деп жала жабылғаны 
ҳаққында сөз етсе, үшинши бөлиминде Бердақтың пүткил өмири халық 
хызметине арналғанлығын («Жалғызындай халықтың ғамын жеди ол…», 
«…Қарақалпақтың сөйлер тили еди ол…») ҳәр тәреплеме тереңнен 
үйренип жазған.
Ә.Әжиниязов өзиниң «Дослығы – ийманы еди Бердақтың» атлы 
қосығын шайырдың 170 жыллық юбилей тойына арнаған. Қосықта шайыр 
ой-сезимлерин ашық айдын ашып берген, курғақ сөзлерден, мақтаўлардан 
қашқан, ҳәр қатарды пухталық пенен дөреткен. Тарийхый шахслардың 
көркем образын жаратыў ушын көркем сөз устасының дүнья танымы кең 
болыўы, сөз етпекши болған шахс ҳаққында терең мағлыўматқа ийе 
болыўы керек. Ә.Әжиниязов Бердақ образын жасаў ушын топонимикалық
ҳәм антропонимикалық атамаларды шебер пайдаланған. Мысалы: қосықта 
Аққум, Қарақум, Туран, Бозатаў, Үстирт, Хорезм, Шахаман, Гедей 
атамалары менен бирге, Күнхожа, Ерназар бий, Ерназар Алакөз, Әжинияз, 
Өтеш, Ақ патша, Физулий, Мақтумқулы, Фердаўсий, Алийшер ҳәм тағы 


88 
басқа да тарийхый искерлердин атларын ушыратыўымызға болады.
Сондай –ақ шайыр көркемликке үлкен итибар берип, Бердақ образын 
оқыўшыға тәсиршең етип жеткерип бериў ушын эпитет, метафора, теңеў 
ҳәм фразеологизмлерден орынлы пайдаланған. Биз шайыр тәрепинен 
қолланған троплардың қалай ҳәм не ушын қолланылғанына тоқтаў менен 
шекленбекшимиз. Мысалы: «Дослығы – ийманы еди Бердақтың» атлы 
қосығында
… Айдан саға алған Ақ булақ еди,
Ақ сүт болып ийер тили Бердақтың [1:45]. 
Бул жерде, Ақ булақ эпитет, айдан саға алған деп шайыр алдыннан 
символ ретинде Батыс ҳәм Шығыс әдебиятында қолланылатуғын, қараңғы 
түн ишинде жалғыз ғана шамшырақ, гөззалық тымсалы болған «ай» 
ҳаққында айтып ҳәм шайырды оннан бағдар алған Ақ булақ еди деп 
тәрийиплейди. Ақ булақ – тынық, таза болған соң Бердақты да
халқымызды ҳадаллық, туўрылыққа тәрбиялаған булақ болды деп айта 
келип, және «Ақ сүт болып ийер тили Бердақтың» деп сүўретлеген. Ақ сүт 
дегенде үлкен мәни бар. Дүньяда барлық тири жанзатлар ана сүти менен 
азықланады. Ақ сүттей пәк зат болмаса керек. Бизиңше, бул арқалы
Бердақты шайыр қарақалпақлардың ең пәк инсанларының бири десе, 
«ийер тили Бердақтың» дегенде, оның жазғанларының бәри халық ушын 
еди, өмири ҳәм дөретпелери халық мәпи ушын хызмет ететуғынлығы 
ҳаққында мазмунды сәўлелендиреди.
Бердақ образын жаратыўда Ә.Әжиниязов бир қанша сүўретлеў 
усылларынан пайдаланған. «Ҳәрким өзи болар, Бердақ болалмас» 
қосығында автор мақтаў ҳәм еслеўди, «Дослығы ийманы еди Бердақтың» 
қосығында тәриплеўди, «Бердақ пенен сөйлесиў» қосығында сырласыў 
менен еске алыў усылларын пайдалған. Нәтийжеде Бердаққа арналған бул 
үш қосықта шайырдың жыйнақланған образы жасалған.
Биз Ә.Әжиниязовтың Бердақ Ғарғабай улы ҳаққындағы қосықларын 
таллай отырып, төмендегише жуўмаққа келдик: бириншиден, шайыр, 
Бердақ образын жаратыўда тек лирикалық шегинис усылын шебер 
қолланған; екиншиден, Бердақ ҳаққындағы қосықларына тәрбиялық 
қәсийетлерди сиңдирген; үшиншиден, Бердақтың жасаған дәўирине деген
көз қарасларын билдириўге умтылған; төртиншиден, көркемлеў 
қуралларын орынлы ҳәм шебер пайдаланыў арқалы Бердақ образының 
тартымлылығына 
ерисиўге 
умтылған. 
Жуўмақлап 
айтқанда, 
Ә.Әжиниязовтың қосықларындағы тек Бердақ образының жасалыўын 
бақлаўдың өзи-ақ бизге оның дөретиўшилигиниң рәңбәрең екенлигине 
исеним ҳасыл қылыўға имкан береди. 
Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Әжиниязов Ә. Қосығыма сайылман. –Нөкис: Билим, 2015. 


89 
2. Ахметов С,Есенов Ж, Жәримбетов Қ. Әдебияттаныў атамаларының 
русша-қарақалпақша сөзлиги.– Нѳкис.: Билим, 1994. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish