(И.Юсупов аўдармасы)
сыяқлы қатарларында «Өзге журтлар сулыў, салтанатлы шығар, лекин, ана
жериңдей бейиш бола алмайды» - дейди ҳәм соңғы «Альбион жеринен
абзалдур маған» деген қатарында туўған жерин ҳеш нәрсеге
алмаспайтуғынын, ҳәтте, Альбион жериниң шѳп шықпаған жартас,
қырларының абзаллығын әпыўайы, бирақ ѳткир тил менен баян еткен.
Бунда ўатанының жабайы шѳби шайырдың жүрек мухаббаты менен
тутасады. Бул Байронның қәлиб сазынан ҳәўижге келген ўатан қосығы еди.
Ал уллы рус шайыры Есенин:
Қысатуғын жаңалықты қәйтсе де,
Шамам келер бираз жырлап кѳриўге.
Рухсат етсе мынаў татлы үлкеде,
Бәрин сүйип, тыныш ғана ѳлиўге [3:16].
(М. Сейтниязов аўдармасы)
деген қатарларында шайыр ўатан жырын жырлап, оның топырағында
«Бәрин сүйип, тыныш ғана ѳлиў»ди жоқары адамгершилик деп есаплайды,
буны кѳтериңки шайырлық руўх пенен береди.
ϴзбекистан Қаҳарманы, ϴзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық
жазыўшысы Тѳлепберген Қайыпбергеновтың: “…ѳз ѳмириңди халық,
ўатан хызметине бағышлаў, керек жеринде ол ушын жаныңды да қурбан
ете билиў ҳаққында кѳп шайырлар қосық шығарған ҳәм еле де жаза
береди. Бул жақсы, әлбетте. Лекин, дүнья әдебияты сондай шайырларды
биледи, олар халық ушын жүрек қайғысын, күш-жигерин, қосығын ғана
арнап қоймай, ѳз ѳмирин, жанын гиреўге қояды, бул муқаддес мақсет
жолында ықтыярлы қурбан бола алады»,-деген сѳзлери Байрон, Есенин
мысалында ѳз дәлилин тапқан сыяқлы [2:7].
Усы дѳретпелерди изертлей отырып, биз тѳмендеги пикирге келдик:
шайыр нени жазбасын, нени айтпасын оның жүрегиниң бир шетинде
қандай да бир сағыныш жатады. Кимдур туўған жерин, кимдур арзыўлы
ярын, кимдур туўған-туўысқанларын, кимдур алысларды ѳмири бойы
сағынып жасайды. Сағыныш шайыр сазына жан бағышлайды. Бердақ ѳз
халқының жақты заман дийдарын кѳриӯин әрман етеди ҳәм ынтықлық
пенен бирге күтеди:
Даўыл болды үргин үрди,
53
Қосымның қамысын түрди.
Думан басты аспан, жерди,
Пухараға жаз келер ме? [1:52].
Ол «Жаз келер ме» қосығында егер ѳзи жаңа заман дийдарын кѳрмесе,
келешек әўладларға несип болыўын тилейди. Әлбетте, Бердақ әўладлары
бүгин ол әрман еткен заман қушағында еркин жасамақта, билим алмақта
ҳәм еркин дәўран сүрмекте.
Байрон 21 жасында елинен шығып кетеди ҳәм кѳп жерлерге саяхат
етеди, кѳп жерлерди кѳреди. Греклердиң азатлығы ушын кешкен
гүреслерде қатнасады ҳәм сол жердеги саўашлардың биринде жан береди.
Ол «Анслей» қосығында сүйиклиси менен болған мәнзиллерди сағына
алысларға кѳз тигеди:
Енди жоқ ессиз яр менен сәўбетлескен,
Ол күнлер қайтып келмес.
Маған енди Мэридиң күндей күлкиси менен,
Аспаныңыз жадырап күлмес. [2:40].
(И.Юсупов аўдармасы)
Сол қашықласқан яр менен дийдарлы сәўбет күнлери сағынып, олсыз
шайырдың кеўил аспаны нурланбайтуғынын айтады.
Есенин:
Россияға қайтаман енди,
Иран! Сени қалдырғаным ба?
Жүрмеспен бе қайта бул жолды?
Ўатаным тур кѳзим алдында,
Россияға қайтаман енди. [3:36].
деген қатарларында ѳз сағынышын ўатан мухаббаты менен тутастырады.
Бул сағыныш қатарлары ўатан кѳз алдында муқаддес анадай елеслей
беретуғынын, туўылған жеринен алыста жүрген азаматлардың кеўлине
жубаныш, тәселле беретуғынлығын айтады.
Поэзияның қүдиретин ҳеш бир тил менен жеткерип болмайды. Оны
жүрегиңде жатқан күшлер, шаўлап атырған теңизлер гүмбирлиси жер
жарған вулканлардай сезинесең; я күлдиреди, я жылатады, я
шадландырады, я ҳәсиретлендиреди. Жүректен шыққан ҳәр қандай
темадағы қосық, мейли, ол ўатан болсын, муҳаббат болсын таза туйғылы
жүреклерден баспана табады. Сол қәлипте бир азамат улдың тилинен
баянланады ҳәм инсанның руўхый дүньясын тек аппақ соқпақлы айдын
әлемге қолыңнан тутып жетелейди. Жәҳән әдебиятының белгили ўәкили,
1564-1616-жыллары жасап дѳретиўшилик еткен уллы инлиз шайыры
Шекспир былай деп жазады:
Болық мийўа ағашы мол жемис берер,
Ол жемистен дүнья кѳркейер сонша.
Гүл тѳгилсе мийўа саларда егер,
Ядыгарын сақлайды келеси ғумша. [4:33].
54
(И.Юсупов аўдармасы)
Бул
қатарлар
ўатан
қайғысын,
муҳаббат
туйғысын
ҳәм
сағынышлардың ең уллысын бойына жәмлеп, жаңа әўладтың жүрек,
санасында тамыр атып ғумшалайды, ғумшадан болса алтынға тең
мийўалар ѳнеди.
Ол ўақыт, тилге қарап отырмайды. Хақыйқый поэзия ҳәр қандай
тосқынлықларды жарып ѳтиў күдиретине ийе. Жүректен шыққан сѳз
жүреклерге барып қоным табады, тек ҳасыл туйғы, жақсылықларды ҳәм
бийик инсаныйлық пазыйлетлерди усынады.
Булақ таўлардан жерге қулап та ағады, ана жердиң баўрайынан
аталып та ағады. Ол бәрқулла шѳллеген адамлардың шѳлин қандыраман,
бойларына қуўат боламан, - деп ѳзиниң гүмис суўларын аямайды. Солай
екен,ҳақыйқый жүрек қосығы дүньяның қай шетинде болса да ѳзиниң
оқыўшысын, әлбетте, табады, сѳзсиз, ол адамлардың тили, дини, миллети,
расасы, сондай-ақ, узақ аралықтан ғәрезли. Байрон, Есенин ҳәм Бердақ
поэзиясы да сол булақ киби ийгиликли хызметинен жалықпайды.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Бердақ. Таңламалы шығармаларының жыйнағы. Нѳкис. 1977.
«Қарақалпақстан».
2. Бердақ дүньясы. Нѳкис. «Қарақалпақстан». 2015.
3. Есенин С. Қуяш. Нѳкис. «Қарақалпақстан». 1986.
4. Юсупов И. Мәңги булақлар. Нѳкис. «Қарақалпақстан». 1985.
Do'stlaringiz bilan baham: |