9-Тема. МийНет жәМәәТЛерин жобаластырыў ҳәм БасҚАРыў


- сызылма. Базарды сегментациялаў белгилери



Download 0,82 Mb.
bet46/69
Sana15.04.2022
Hajmi0,82 Mb.
#553540
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   69
Bog'liq
2 5258130118903071174

25 - сызылма. Базарды сегментациялаў белгилери
Базар сегментин анықлаўдың үш усыли бар. Биринши - товардың артықмашылығына қарап сегментациялаў. Бунда тутыныўшылар қандай товарды қәлеўлерине қарап сегментацияны анықлаў түсиниледи. Екинши усыл - тутыныўшылардың минез - қулықын есапқа алған түрде сегментациялаў. Үшинши усыл - тутыныўшылар xарактерине қарап сегментациялаў саналады.
Товардың артықмашылығына қарап сегментациялаў. Фирмалар жаңа товарларға болған талапты үйрениў мақсетинде товардың артықмашылығын, муҳимлигига қарап сегментациялпўдан пайдаланылады. Усы тәризде, талап қанаатландырылмаған сегментлер ушын жаңа товарлар усыныс етеди. Оған төмендеги мысалды келтириў мүмкин. Мәселен, кофе көп тарқалған ишимликлерден саналады. Оның қурамында кофеин элементи бар. Бүгинги күнде усындай тутыныўшыларда бар, олар кофеинсиз кофени қәлейди. Демек, базардың усы сегменти тутыныўшылары ушында кофеинсиз қаҳва ислеп шығыў зәрүрлиги туўылады, ямаса товардың артықмашылығына қарап сегментациялаўға телевизор арқалы қурамында спирт болмаған пиво ҳаққында берилетуғын рекламаныда киритиў мүмкин.
Тутыныўшылардың минез - қулықына қарап сегментациялаўдың және бир түри қарыйдарларды қандай товар маркасын сатып алғанына қарап идентификациялаў емес, бәлким қандай товар номенклатурасын сатып алғанына қарап идентификациялаў саналады. Тутыныўшыларды товар номенклатурасына қарап анықлаўда конкурентлер товарлары ҳаққыдада мағлыўмат топлаўы мүмкин болады. Усы алынған мағлыўматлар негизинде кәрxана тутыныўшыларының кең топарыды қамрап алыў стратегиясын ислеп шығады. Сондай - ақ, товар номенклатурасына қарап базарды сегментациялаўдың мақсетлеринен және бири товарлардың актив тутыныўшыларын табыўдан ибарат. Актив тутыныўшылар болса, олардың товарды сатып алыў дәўирине қарап анықланады.
Тутыныўшылар тавсифига қарап сегментациялаў. Жоқарыда атап өтилгендей, базарды сегментациялашдың үшинши усылы - бул тутыныўшылардың тавсифи бойынша топарларға бөлиў саналады. Бул жерде тийкарғы белги болып тутыныўшылардың демографиялық, географиялық тавсифлари ҳам олардың турмыс тәризи саналады.
Демографиялық сегментациялаў дегенде тутыныўшыларды дәраматлар дәрежеси, жасы, жынысы, миллети, кәсиби - кәри, шанарағының аўҳалы сыяқлы белгилери бойынша топарларға ажыратыў түсиниледи.
Географиялық сегментациялаў - географиялық картаны қолланыўға тийкарланған ең әпиўайы усыл саналады. Бул усылды халықтың мәдений үрип - әдетлеринде, олар жасайтуғын территорияның климатындағы парық болғанда қолланыў мақсетке муўапық. Географиялық белги бойынша сегментациялаў базардың ҳәр түрли географиялық зоналарына бөлиниўин нәзерде тутады.
Турмыс тәризи бойынша сегментациялаўда тутыныўшылардың қараслары, қызыгыўшылықлары бойынша топарларға ажыратылады. Оған тутыныўшыларды жәмийет мәпи жоланда қайғыратуғынлар, өзиниң саўлығын сүйиўшилер, шаңарағы ушын қайғыратуғынлар топарларына ажыратыў мысал болады.
Кәрxананың конкуренция гүресинде жеңип шығыўы базар сегментлери қаншама дурыс таңланғанлығынада байланыслы болады. Бунда базар сегментациясының критерияларын билиў зәрүрли. Базар сегментиниң тийкарғы критериялары ҳәм олардың тавсифин келтирип өтемиз:
1. Сегменттиң муғдар өлшемлери. Сегмент мугдарының өлшеми дегенде базар сыйымлығы, қанша потенциал тутыныўшылар барлығы, олар қандай майданларда жасаўлары түсиниледи. Олар негизинде кәрxана қандай өндирис қуўатына ийе болыўы ҳәм сатыў тармағының көлемин белгилеп алады.
2. Сегменттиң ашықлығы. Сегменттиң ашықлығы дегенде кәрxана өнимин сатыў ушын қанша мугдарла сатыў каналларына ийе болыўы, олардың қуўаты, тасыў ҳәм сақлаў бойынша анық мағлыўматлардың барлығы түсиниледи.
3. Сегменттиң муҳимлиги. Сегменттиң әҳмийетлиги дегенде белгили бир тутыныўшылар топарының базар сегментинде қандай орын ийелеп турыўы түсиниледи. Кәрxана усы сегменттиң орнына қарап өзиниң хызметин шөлкемлестиреди.
4. Сегменттиң пайдалылығы. Сегменттиң пайдалылығы дегенде кәрxоананың белгили бир сегментинде ислеўи, оның қандай рентабеллик дәрежесини тәмийинлеўи түсиниледи. Кәрxана белгили бир базар сегментиниң пайдалылығын баҳалаўда пайда нормасы, қойылған капиталдың көлеми дәраматтың үлеси, акция дивидентлеринин муғдары ҳ.т.б. экономикалық көрсеткишлерден пайдаланады.
5. Сегменттиң өнимдарлығы. Сегменттиң өнимдарлығы кәрxананың усы таңлаған базар сегментинде ислеў тәжирийбеси, усы сегменте ислеўши кадрлардың өнимди жылжытыўга қаншама таяр екенлиги сыяқлы көрсеткишлер менен баҳаланады.
Улыўма алганда, базарды сегментациялаў кәрxананыңбелгили бир базарда өнимли хызмет көрсетиўиниң әҳмийетли факторларынан бири саналады.

Download 0,82 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish