Қадағалаў сораўлары
1. Маркетингли информация неге не?
2. Бирлемши информация не менен екилемши информациядан парық етеди?
3. Маркетингли информациялық системаға анықлама бериң.
4. Кәрxаналар ушын информация қандай әҳмийетке ийе?
14 - Тема. МАРКЕТИНГ орталығы
14.1. Маркетинг орталыгы түсиниги, барлығы ҳәм әҳмийети
14.2. Кәрxана микро - орталық
14.3. Кәрxана макро - орталық
Tаяныш сөз дизбеклери: Маркетинг орталығы, микроорталық, макроорталық, кәрxананың микро ҳәм макроорталығы, конкурентлер, тәмийинлеўшилер, брокерлер, тутыныўшылар, сиясий орталық, экономикалық орталық, тәбийий орталық, илимий - теxникалық орталық.
14.1. Маркетинг орталығы түсиниги, барлығы ҳәм әҳмийети
Маркетинг орталығы дегенде кәрxана маркетинг xызмети кадрларының қарыйдарлар менен жақсы биргеликте ислесиў қатнасларын үйрениў ҳәм бул қатнаслардың сақланыўына тиккелей тәсир көрсетиўши субъектлер ҳәм күшлердиң комплекси (жыйындысы) түсиниледи. Орталық барлық ўақытта өзгеристе, яғный белгили бир кери ямаса жақсы тәсир көрсетиўи мүмкинлиги себепли, оны системалы үйрениў, айырым процесслерди ҳәм олардың өз-ара байланысын баҳлаў зәрүрлиги маркетинг излениўлери процессинде жүдә әҳмийетли кеше болып саналады. Ҳәтте орталықтың арзлы кем өзгериўине итибар бермеслик ямаса қадағалаўды сусайтириш кәрxананың ҳәм базардың басқа субъектлери ишинде жүдә аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Әдетте орталық микро орталық ҳәм макро орталықларға ажыратылады.
Макро - орталық ямаса сыртқы шәраятлар факторлары тийкарынан системалы, улыўма базар көлеминдеги факторлардан ибарат. Бул жерге түрли түрдеги экономикалық, ҳуқықлы, сиясий, демографиялық, географиялық, миллий, илимий - теxникалық, теxнологиялық, социаллық - мәдений ҳ.т.б. xарактердеги тәсирлердиң кең спектры киреди.
Микро - оратлық ямаса ишки шәраятлар факторлары кәрxананың хызмети ҳәм оның имканиятларына тиккелей тийисли. Микро - орталықтың тийкарғы бөлеги фирма басқарыўдың қадағалаўы негизинде болады (хызмет тараўын анықлаў, кадрларды таңлаў, кадрлар маманлығының улыўма дәрежеси ҳәм маркетинг мәденияты, мақсетли базалар (сегментлерди)ды, товарлар ҳәрекетиниң жолларын таңлаў, конкуренция гүресинде стратегияларды ислеп шығыў, маркетинг ўазыйпаларын шешиў.
Солай етип, микро - орталықты үйрениў базардың анық субъектине қарағанда қолланылған жағдайда әмелге асырылады, оннан парықлы рәўиште макро - орталық болса маркетинг ҳәм базар субъектлери, мәмлекет, xалық тутыныўы товарлары тараўы ушын улыўма көринисте берилген болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |