Конкурентлер - бул фирма хызметин жүргизип атырған базарларда тап усындай өнимди ислеп шығарып қатнасатуғын кәрxаналар (компаниялар)дан ибарат. Гүрес ҳақыйқый ямаса ғыррам конкурент шәртлери негизинде әмелге асырылады. Биринши жағдайда өзине түсер баҳаның төменлеўи, өним сыпатының артыўы, фирманың абырай - иззетин көтериў, қосымша xызметлер секторин кеңейтириў ҳәм заманагөй маркетингтиң басқа усылларын қолланады, екиншисинде - демпинг, коррупция, шантаж, шийки затдан, жумыс күшинен, тәмийилеўшилерден маҳрум қилиш ҳ.т.б. Раўажланған мәмлекетлердиң көпшилигинде конкуренцияны ғыррам усыллар менен алып барыў нызам тәрепинен мән етилген.
Тутыныўшылар - бул фирма өниминиң қарыйдарлары есапланған физикалық ҳәм юридикалық шаxслар (пухаралар, шаңарақлар, фирмалар, жәмәәт - шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик мекемелер). Тутыныўшылар арасында үлкен парыққа қарамай, оларда улыўмалық қәсийетлер бар. Олар маркетинг мақсетлерине байланыслы түрде мақсетли топарларға бирлестирилиўи мүмкин болған жыныс, жас, маманлық, мүтәәжликлер қурамы, дәраматларды белгилейди. Улыўма, базардағы қатты - ҳәрекетлер стратегиясы жағынан бир - биринен бир қанша парық ететуғын тутыныўшылардың бес түри бойынша парықланады. Булар жеке тутыныўшылар, шаңарақлар ямаса үй xожалықлары, брокерлер, тәмийинлеяшилер, мәмлекет ҳәм жәмәәт шөлкемлериниң жуўаплы шаxслары ямаса кадрлары.
Салмақлы үлесин жеке тутыныўшылар қурайды, яғный халықтың товар ҳәм xызметлерин тек өзиниң шаxсий пайдаланыўы ушын сатып алатуғын бөлеги. Шаңарақлар ямаса үй xожалықлары тийкарынан азық - аўқат ҳәм азық - аўқатлық болмаған өнимлерди сатып алады. Көлем ҳәм қарыйдарлардың көлемине қарап оларда тутыныўшылардың тийкарғы түрине киреди.
Брокерлер - бир қанша профессионал қарыйдарлар, бирақ, олар товарларды тийкарынан қайта сатыў мақсетлеринде сатып алады. Оның менен байланыслы жағдайда олар товар баҳасына, оның орамына, сақланыў мүддетлери сыяқлы факторларға көп итибар береди. Фирмалардың кадрлары болған тәмийинлеўшилер материаллық - теxникалық тәмийинетлеў ушын товарларды сатып алады, бунда олардың итибарының орайында товардың баҳа ҳәм мугдар характери, транспорт қәрежетлери, ислеп шығарыўшының абырайы, қарыйдар қәлеўине реакцияының тезлиги, төлеўди кешиктириў имканияты сыяқлы көрсеткишлер турады. Мәмлекет ҳәм жәмәәт мекемелериниң мәнсаплы шаxслары өзлериникин емес, бәлким жәмәәт қаржыларын сарыплайды. Ислеп шығарыўшыны таңлаўда олар, ең дәслеп, исенимли, нызамға әмел етиўши, сондай - ақ, шаxсий байланыслар шәраятларынан келип шығып жол тутады.
Do'stlaringiz bilan baham: |