13.2. Маркетинг информацияларының түрлери
Бизге белгили, маркетингли информация маркетинг хызметинде қарар қабыл етиў ушын тийкар болып саналады, сондай - ақ, қарар қабыл еткенде кейинги алынған нәтийжелерге таллаў жасаў ушында кереқ. Көплеген маркетологлардың атап өткениндей, информация менен байланыслы хызмет бир пүтин маркетинг хызмети көлеминиң үштен бир бөлиминен ярымына шекемди қурайды.
Э кономикалық тәжирийбелерде қолланылатуғын маркетингли информация томендеги критериялар бойынша классифациялаў мүмкин (19-сызылма).
19-сызылма. Экономикалық информацияның классификациясы
Маркетинг мақсетлерге мөлшерленген информацияны бир неше топарларға бөлиўи мүмкин. Тикарынан, базар ҳәм оның конъюнктурасы ҳаққындағы информация, сатыў (саўда)ның методологиялары ҳәм формалары ҳаққындағы информация, соңыңда, өз кәрxанасы ҳаққындағы информация.
Кәрxанада қәлиплесип атырған информациялар массиви бир мәртели маркетинг изертлеўлерин өткериў есабына ҳәм маркетингли информацияны топлаў, ислеў бериў ҳәм таллаў жасаў нәтийжесинде периодлы рәўиште кеңейтирилип ҳәм жаңаланып барылыўы керек.
Маркетингли информациялық система (МИС) кәрxананың маркетинг хызметин әмелше асырыў ушын зәрүрли болмаған мағлыўматларды топлаў, жәмлеў ҳәм ислеў бериўдиң усыллары, методологиялары, шөлкемлестириў кешелери ҳәм теxникалық қураллардың жыйындысы, деп анықлама бериледи. МИС кәрxананы басқарыўдағы информациялық системаның ең әҳмийетли қураўшы бөлими.21
МИС ның өзине тән тәреплери соннан ибарат, ол информацияның ишки ҳәм сыртқы дереклеринен пайдаланып базар менен байланыслардың раўажланыўын тәмийинлейди. Маркетингли информациялық системаның модели шама менен 20 - сызылмада келтирилген.
20 - сызылма. Маркетингли информациялық системаның модели
Тәжирийбелер соны көрсетеди, кәрxанадағы информациялық системалар түрли түрдеги раўажланыў басқышында болыўы мүмкин, соннан:
- мағлыўматларды есапқа алыўдың әпиўайы модели;
- маркетинг есаплары системасы;
- түрли есап - китап моделлерин қолланыўға мөлшерленген системалар;
- маркетингти прогнозлаў системасы ҳ.т.б.
Заманагөй маркетингли информациялық система төмендеги элементлерди өз ишине алады:
1. Маркетинг хызметин қәлиплестириўде кәрxананың ишки имканиятларынан өнимли пайдаланыў.
2. Кәрxананың базардағы маркетинг хызметиниң стратегиялық ҳәм оператив қарарларды ислеп шығыў ушын сыртқы шәраятлардың раўажланыў ҳаққындағы информация.
3. Өзине тән характердеги қосымша мағлыўматларды алыў мақсетинде кәрxанада өткерилетуғын арнаўлы маркетинг изертлеўлериниң нәтийжелери ҳаққындағы информация.
4. Маркетингли информацияға ислеў бериў системасы (мағлыўматларды жыйнаў, оларға таллаў жасаў ҳәм прогнозлаў ушын заманагөй информациялық теxнологиялардан пайдаланған түрде).
МИС ның тийкарғы ўазыйпасы маркетинг қарарларын қабыл етиўде анықсызлықты кемейтиў ушын зәрүрли болған мағлыўматларды барлық ўақыт топлап барыўдан ибарат.
Сыртқы дереклерден мағлыўматлар тийкарынан маркетинг разведкасы ҳәм маркетинг излениўлери негизинде алынады.
Do'stlaringiz bilan baham: |