Хошаметлеўши маркетинг белгили бир товар ҳәм xызметлерге талаптың жоқлығы баҳланыўы менен характерленеди. Бул жерде тутыныўшылардың усы товарға салыстырганда бефарқлиги ямаса қызығыўшылығының жоқлығы ҳаққында сөз барады. Маркетингтиң ўазыйпасы болып тутыныўшылардың өнимге салыстырғанда бефарқлигини өзгертириў ушын өнимге тән болған пайдалы тәреплерин тутыныўшылардың мүтәәжликлери ҳәм мәплери менен байланыстырыў усылларын излеп табыў саналады. Хошаметлеўши маркетинг төмендеги жағдайлар себеплериниң алдын алыўға мөлшерленген: тутыныўшылар өнимниң имканиятларын улыўма билмеслиги, тосықларды жоқ етиў ҳ.т.б. Хошаметлеўши маркетингтиң тийкарғы қураллары: рекламаны күшейтириў, баҳаларды кескин төменлетиў, жылжыўдың басқа усылларын қоллаў.
Раўажлантырыўшы маркетинг қарыйдарлардың көпшилиги бар болған өнимлерден қанаатланбаған, бирақ жасырын талап формасындағы мүтәәжлик бар болған ўақытта болыўы мүмкин (мәселен, зыяны жоқ сигареталар, тежемли автомобиллерге талап). Бул жағдайда анық товар ямаса xызмет формасында бар болмаған товарға потенциал талап бар болады. Соның ушын маркетингтиң ўазыйпасы болып потенциал базардың өлшемлерин баҳалаў ҳәм потенциал талапты ҳақыйқый талапқа айлантыра алатуғын өнимли өнимлерди ислеп шығыў саналады. Маркетолог потенциал талапты анықлаўды ҳәм базарды раўажлантырыў ушын керекли бағдарда барлық маркетинг қуралларын муўапықластырыўды билиўи керек. Маркетингтиң тәсир етиў қураллары сыпатында жүзеге келетуғын жаңа мүтәәжликлерге жуўап беретуғын өнимлерди ислеп шығыў, оларды қанаатландырыўдың сыпат жағынан жаңа басқышқа өтиў, рекламадан пайдаланыў ҳәм анық тутыныўшылар топарларына мөлшерленген, өзине тән өним имиджин жаратыў.
Ремаркетинг - бул төменлеп барыўшы талап шәраятында алдынғы маркетинг комплексин қайтадан аңлаў негизинде оны тиклеў мақсетинде қолланатуғын маркетинг түри. Маркетингтиң тийкарғы ўазыйпасы талапты жанлантырыўдың жаңа имканиятларын излеп табыўдан ибарат, яғный: товарға жаңа қәсийетлерин бериў арқалы товардың жасаў дәўирин узайтырыў, жаңа базарларға кирип барыў ҳ.т.б. Улыўма алғанда, талаптың төменлеў жағдайдары барлық товар ҳәм xызметлер ушын, ҳәр қандай дәўирлер ушын тән. Соның ушын маркетологлар соны нәзерде тутыўлары керек, талаптың төменлеў тенденциясына ийе болғанда, келешекте базарды басқа тәрепке бағдарлаў бойынша ис - илажлар болмағанда, ол жәнеде төменлеўи мүмкин ҳәм усы арқалы жүзеге келген жағдайдан шығыў жолларын шеклеп қойыўы мүмкин.
Синxромаркетинг - бул базардың усындай жағдайы болып, онда талап ўақыт бойынша товарларды усыныс етиў дүзилисине сәйкес келмейтуғын мәўсимге ямаса басқа тербелислер менен характерленеди. Бунда талап кәрxананың ислеп шығарыў имканиятларынан бир қанша артық болыўы мүмкин ямаса, керисинше, бул товарды ислеп шығыў көлеми базар сегментиниң талапларынан көп болыўы мүмкин. Мәселен, музейлердиң жумыс күнлеринде кем қарыйдарға ийе болыўы ямаса қала транспорты xызметлерине талап ҳәтте күн даўамында өзгерип турыўы мүмкин. Курорт территориялары анық берилген мәўсимли тербелислерге ийе. Синxромаркетингте талап тербелислерин тегислестириў (номунтазам талаб) ийилиўшең баҳалар, жылжыў усыллары ҳәм маркетингтиң басқа қураллары жәрдеминде әмелге асырыў мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |