Басланғыш нуқтасы (точкасы)
|
Қураллар
|
Базардағы хызметтиң мақсетлери
|
Қарыйдарлардың, мақсетли топарларының мүтәәжликлери, афзал көрген затлары
|
Маркетинг тараўындағы излениўлер (маркетинг-микс)
|
Қарыйдарлар мүтәәжликлерин турақлы қанаатлан-дырыў есабына пайда алыў
|
16 - сызылма. Заманагөй маркетинг концепциясы
Қойылған мақсетлерге ерисиўде фирма дәстлеп өзиниң ресурслық потенциалының базар имканиятларынан келип шығыўы керек, яғный өндирис, теxнологиялар дәрежеси, финанс, сатыў сыяқлы шешиўши тараўларда өзиниң күшли ҳәм күшсиз тәреплерин есапқа алыўы керек.
Соңғы гезлерде маркетинг жәрдеминде шешилетуғын мәселелердиң қурамаласыўы шәраятында оның интернацияналласыўы менен байлыныслы болған глобал маркетинг ҳақында бир қанша көп айтыла басланды. Бул процесс, әсиресе, трансмиллий компаниялар ушын тән. Олар тәрепинен базар айырықша сегментлер сыяқлы емес, көп мүтәәжликлериниң гомогенизациясы процесси ҳәм тутыныўшылардың машҳур ҳәм танылған товар маркаларын алыўға жүдә иштиёқмандлигига қарап бир базар сыпатында қаралады. Соны атап өтиўимиз тийис, глобал маркетинг тийкарында инновациялық товарды мүтәәжликлерди қанаатландырыўдың стандартласқан ҳәм тутыныўшылардың кең сегментлери ушын қолайлы ҳәм арзан болған усылына айлантырыў идеясы жатады.
Базардың глобалласыўы мәмлекетлер ҳәм айырым территориялар-дың өз шегараларынан сыртта хызмет көрсетиўине умтылыўына айтылады. Бул ҳаққында саўданың либералласыўы, инвестициялық тосықлардың алып тасланыўы, еркин исбилерменликтиң пайда болыўы ҳ.т.б. далолат береди. Ири кәрxаналар көлеминде болса глобалласыў ишки базар шегараларынан шығыў ҳәм дүнья жүзи базарын өзлестириўге улыўма қатнас жасаўдың қәлиплесиўин билдиреди. Булардың ҳәммеси усындай жуўмаққа алып келеди, заманагөй маркетинг бағдарлары ҳәм тенденцияларын кәрxана дәрежесинде нәтийжели әмелге асырыў оны басқарыў концепциясы сыпатында қабыл етиў, функциялар аралық координацияның раўажланыўы ҳәм қарарларды қабыл етиўи, корпоратив мәдениятты беккемлестириў бойынша функциялар аралық топарлардың жаратылыўын талап етеди.
Маркетинг келешеги усы концепция менен байланыслы. Гейпара базарларда болса ол әлле қашаннан берли үстинлик етип келмекте. Дәрилер, ойыншықлар, азық - аўқат өнимлери, спорт жиҳозлари, компьютерлер ҳәм басқаларды ислеп шығарыўды мысал сыпатында келтириўимиз мүмкин.
Бундан берли тутыныўшылар базарда уюшган күш тәризде сәўлеленге болады. Бул болса товар ислеп шығарыўшылардың хызметинде бир қанша қыйыншылықларға алып келеди. Консьюмеризм, қысқаша етип айтқанда, тутыныўшылардың өз ҳуқықларын қорғаў ушын жолындағы ҳәрекети деп түсинтириледи. Бунда тутыныўшылардың ҳәрекети экономикалық эволюцияның маҳсули сыпатында, ислеп шығарыўшылар экономикасынан тутыныўшылар экономикасына, сатыўшылар базарындан қарыйдарлар базарына өтиў сыпатында қаралады. Консьюмеризм маркетинг концепциясына исенимсизлик билдирмейди, бәлким оның әмелде реал иске ендирилиўин талап етеди.
Тәбийий ресурслардың шекленгенлигин аңлап алыўда тутыныў ҳәм маркетингтиң әтирп - орталыққа тәсиринен тәшўишлениўин харакерлеўши энвиронменталистик ҳәрекет раўажланып бармақта. Соның менен бирге экологиялық машқалаларға итибар күшеймекте. Экология фирма сыртқы орталыгының факторы сыпатында қаралмақда. “Жасыл маркетинг” ҳәрекети раўажланбақта, бул болса экологиялық жақтан таза болған өнимди ислеп шығарыўды кеңейтириўге көмеклеседи.
Do'stlaringiz bilan baham: |