1-тема. Маркетинг ҳәм оның раўажланыўының тийкарғы басқышлары


Қадағалаў ҳәм толықлаў ушын сораўлар



Download 190,87 Kb.
bet32/35
Sana11.11.2022
Hajmi190,87 Kb.
#863963
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35
Bog'liq
2 5442749189337385979

Қадағалаў ҳәм толықлаў ушын сораўлар.
1. Баҳа дегенде нении түсинесиз ?
2. Баҳаға тәсир етиуши факторлар ?
3. Жоқары баҳа стратегиясы қалай орнатылады ?
4. Баҳа қалай орнатылады ?


11-тема. Коммуникация сиясаты.


11.1. Талапты қәлиплестириў ҳәм сатыўды хошаметлеўдиң әҳмийети.

Товар сатылыўы ушын қарыйдар төлеў қабилиетине ийе, товар қарыйдарға зәрүр болыўы керек. Товарды сатып алыўда инсанлар мәлим мүтәжликлерин қанаатландырыўды нәзерде тутады. Сол себепли товардың сапа көрсеткишлери ҳаққында ахборот зәрүр. Келешектеги тутыныўшы төмендеги мағлыўматларды билиўи шәрт:



  • Товардың барлығын ҳәм сатылыў орнын;

  • Қайсы мүтәжликти қанаатландырыўға қаратылғанлығы;

  • Тутыныў қунының тийкарғы көрсеткишлери;

  • Қарыйдарларды қанаатландырмай қалған жағдайда олардың қорғаныў кепиллиги.

Келешектеги қарыйдарларға ахборотлар жеткизиў усыллары төмендегилер:

  • Рекламалар (радио, телевидение, жазба)

  • Көргизбелер өткериў.

  • Жыйынлар, семинарлар ҳәм фильмлер арқалы жеткизиў ҳәм т.б.

Талапты қәлиплестириў ҳәм сатыўды хошаметлеўде туўры маркетингтиң әҳмийети үлкен.
Туўры маркетинг - бул маркетингтиң диалогиялық системасы, яғный сатыўшы қарыйдар менен сөйлесип, ақыры қарыйдарды буйыртпа барлығына исендиреди. Туўры маркетингтиң абзал тәрепи сонда сиз өз хызметиңиз нәтийжесин өз көзиңиз бенен көриўиңиз мүмкин.
Телемаркетинг - бул туўры маркетингтиң бир формасы болып, бунда клиент пенен телефон арқалы байланысыў түсиндириледи. Телемаркетингдан пайдаланғанда телефон етиў ўақытын туўры таңлаў керек. Қәнигелердиң пикиринше ең оптимал ўақты күндизги саат 10 нан кейин, ҳәм түстен кейин саат 14-17 есапланады.
Сатыўды хошаметлеў - бул мәлим бир мүддетте сатыў көлемин асырыў мақсетинде түрли хошаметлеў қуралларынан пайдаланыў есапланады. Бул хошаметлеў қуралларына: сыйлықлар, шегирмелер, избе-из товарды сатып алғаны ушын саўғалар, лотерея ҳәм ойынлар өткериў, товар менен қосымша нәрселер қосып бериў, бийпул жеткерип бериў ҳәм орнатыў, мәлим мүддетге сатылған товарға бийпул хызмет көрсетиў ҳәм басқалар киреди.
Хошаметлеў сиясатының ўазыйпасы – оларда фирма товарларын кейинги ўақытта сатып алыўға мүтәжлик туўдырыў ҳәмде барлық ўақыт байланыста болыўға шығарыўдан ибарат.Әдетте талапты қәлиплестириў усыллары тутыныўшыларға ҳәм сатыўшыларға қаратылған болады.Тутыныўшыларды хошаметлеў оларға сезилерли комерция жеңилликлер берилиўи көзде тутылады.
Товарды сатып алыў көлемине ҳәм ҳәмме ўақытта байланыста болыўға берилетин жеңилликлер:
Ҳәр қыйлы түрдеги қәрызларға товар сатыў;
Товардың көп муғдарда сатылыўын көзлеп үлгилерди бейпул тарқатыў.
Товарларды уаққытынша ислетиў ушын бийпул бериў;
Ислетилген товарларды мәлим шартлер менен қабыл етиў;
Жаңа товарларды болажақ қарыйдарлаға көрсетиў
Товар ислеп шығарыўшы кәрханаларына саяхат уйымластырыў;
Жаңа товарлардың базарға киритилиўге қаратылған баспасөз конференцияларын өткериў.
Товар бахасын кескин төменлетиў ҳаққында радио,телевидение ҳәм баспасөз арқалы дағазалар.
Товарларға бағышланған хошаметлеў сиясаты олардың сатып алыўшы қарыйдарларға байланыслы.
Базарға кириў дәўиринде егер фирма биринши мәртебе базарға кирип баратқан болса,онда өз алдына стратегия ислеп шығылады.Әдетте, төмендеги 4 түрли маркетинг стратегиясынан пайдаланылады:
1.Жедел (шиддатлы) маркетинг.
Буны көпшилик қарыйдарлар- товар ҳаққында малыўматқа ийе болмаған яки болған ҳәм де оның жоқары нарқынан тәсирленмеген ҳалда ислетиледи. Каридарларды топлаў,олардың талабын қалиплестириў илажларын ислеў көп қаржы ажыратыў арқалы уйымластырылады. Товардың баҳасы жоқары белгиленип көп пайда алыў нәзерде тутылады.
2. Базарға кең көлемде кирип барыў усылы.
Базардың көлеми улкен, товар ҳаққында қарыйдар кем тасирғе ийе ҳәм оның баҳасы жоқары болыўына разы болмаған дәўирде ислетилетин дәўир.
Оннан тысқары конкуренция күшли. Товар ислеп шығарыўды көбейтиў нәтижесинде оның өзине түсер баҳасы пәсейеди ҳәм «нарықлар жаги»га имкан жаратады.Хошаметлеўге көбирек қаржы ажыратыўға имкан жаратады.
3.Базарға таңлаў тийкарында кириў усылы.
Оның көлеми улкен болмаған халда ислетиледи.Товар көпшилликке анық емес,оған нарх қойылса да қарыйдарлар сатып алыў мүмкин. Бәсекелеслер базарда жүдә аз ҳәм соның ушын талапты хошаметлеўге кем қарежет жумсап көбирек пайдаға ерисиў мүмкин.
4. Төмен маркетинг усылы менен базардың көлеми улкен болғанда,қарыйдарлар товарды жақсы билмесе да,кемрек қарежетлер жумсап,пәсирек нарх арқалы,бәсеке кем шараятында жетискеликке ериседи.
Товар базардың өсиў басқышында базарға кирген товармен тутыныўшылар товармен көбирек танысқаны себепли бәсекелеслерди сыға баслайды.Егер базар улкен болса,бәсекелеслер ҳәм биздиң товарға уқсас товар ислеп шығара баслайды.
Бәсекелеслерге қарсы базарға усы товардың жаңа түрлери ҳәм жаңа қарыйдарлары ушын ислеп шығарылады. Усы дәўирде айрым товарлардың моделин жаңалаў ҳәм талапты қалиплестириўдиң ҳәр түрли усыллары өткизиледи..
Рекламада товардың әмелдеги тутыныўшылар тәжирибесинде сыналған қасиетлери көбирек жаратылады,имтиезлар ҳәм нарықты пәсейтириўге қолланылады.
Товар базардың тойыныў дәўиринде товар тийкарынан сатылыўы, базарда тутыныўшылардың қайтадан тутыныўы есабынан әмелге асырылады. Талапты хошаметлеў сиясаты нәтиже бермей қәлады. Соның ушын базарда жақсы талапқа ийе товарлар қалдырылады. Бирақ реклама пәсейтирилмей,керисинше кушейтириледи. Баҳа төменлетилип, товар көпшилик қарыйдарларға жақынластырылады.
Товар базарының тушкунлик дәуиринде талапты ҳәм сатыўды хошаметлеў усыллары сол товар ушын тоқтатылады. Сатыўшыларға қаратылған хошаметлеў усыллары,тийкарынан товар сатылыў көлеми көбейтириў мақсетинде алып барылады;

  • пул сыйлығын бериў;

  • қосымша дем алыс кунлери,фирма есабынан саяхатларға барыў;

  • кәрхана хызметиниң рекламасы;

  • қайыр-сақаўат ислеринде фаол қатасыў ҳәм басқалар.

Талапты қалиплестириў ҳәм сатыўды хошаметлеўде «паблик рилейшнз» усыллары улкен жәрдем береди.Бул атама «жәмиетшилик пенен муроса» мағнасын береди, «паблик рилейшнз»дың түрли тәрипеўлери бар,олардан ең жетискенликли шыққаны-бул атаманы жәмиеетте товар ҳәм фирма хаққында жақсы тәсирлер жаратыў мақсетлеринде өткизилетин илажлар жыйындысы деп айтылады. «Паблик рилейшнз» ҳәм маркетинг бир-бирин толтырады. «Паблик рилейшнз»жасырын түрдеги рекламаның бир түри болып, мақсетке муаппықлығы ҳәм тадрижийлиги менен ажыралып турады. Егер пәсейип баратырған талап шараятында реклама фаролияты тоқтатылатын болса, «Паблик рилейшнз» ны фирманың базарға орналасқан күнинен баслап та оның базарда болатын ақырғы күнинлеринде өткериў зәрүр.
Сондай-ақ, көргизбе ҳәм ярмаркалар маркетинг ҳәм рекламаның нәтижели қураллары саналады.
Көргизбе ҳәм ярмаркалардың ең жақсы тәрепи-қарыйдарларға товарды оның ақыйқый қиапасында инам етиў имканиятлары барлығында бар. Көргизбе де, ярмарка да реклама тамаша илажлары есапланады. Олардың ортасындағы парқ содан ибарат,көргизбе өткизилген қалада ҳәр түрли себеплер менен ,ҳәттеки товарсыз шөлкемлестириў мүмкин. Ярмарка үлкен суръатда ҳәм мунтазам көинисте бир жайда утказилади. Ярмарка биринши нәўбетте реклама бойынша ажыралып турады, онда еледе талаптан қалмаған «ески» товарлар ҳәм болыўы мүмкин. Сондай етип, ярмарка – бул даўирде хызмет етиўши, базар яғни белгиленген мүддетлерде бир жайда толық топланатуғын базардүр. Ярмарканың мақсети - оның қатнасыўшыларына өзлери ислеп шығарған товарлар үлгилерин көрсетиўге имканият жаратып бериў, саўда битимлерин дүзиў мақсетлеринжаңа утыслар ҳәм техникалық жетискенликлерди көрсетиўден ибарат. Саўда –саанат көргизбелери бир яки бир қанша мәмлекет ислеп шығарыўдың бир яки бир неше тараўларында, пән ҳәм техника тараўында ерискен илимий-техника жетискенликлерин көрсетиў мақсетинде шөлкемлестириледи. Өз қатнасыўшылары ҳәм сыртқы экономикалық байланыстығы экономикалық әхмиетке қарағанда ,көргизбе ҳәмде ярмаркалар милли ҳәм халықара түрлерге бөлинеди. Өз мәмлекетинде өткизилетин миллий көргизбе ҳәм ярмаркаларда шет ел қарыйдарлары хәм топланады, бирақ товар сатыў хуқықы миллий фирмаға қатаң берилген болады.
Ҳәзирги заман шараятында бир мәмлекеттиң үкимети яки саанат бирлеспелери басқа мемлекетте шөлкемлестирилген миллий көргизбеде өз мамлекетиниң утысларының ҳәм товар қанасларының рурауажланыўын көрсете алады. Көргизбени өткериў мүддети ҳәм усылларына қарағанда, олар төмендеги түрлерге бөлинеди: Кысқа мүддетли көргизбелер,көшпели көргизбелер, үлгилердиң турақлы көргизбеси,саўда орайлары, саўда хәптеликлери.
Кысқа муддетли көргизбелер уш ҳәптеден артық болмаған мүддетте өткизиледи. Бундай көргизбе улыўма мазмунда, яғни өз мәмлекетиниң барлық ислеп шығарыў хызмети тараўларындағы утысларын усынады яки қангелескен болып, биран бир утысларын көрсетеди.
Көшпе көргизбелер түрли транспорт қуралларынан пайдаланып , тамашагөйлер орталығын кеңейтиу мақсетинде пайда болады. Кейинги жыллары ири кемелерде көргизбелер шөлкемлестириў кең көринисте болып атыр. Япония, Англия, Швецияда бундай көргизбелер ири кеме бортларында откерилиеди,избе-из бирқанша мамлекетлердиң саўда қалаларында болып, көргибеге қойылған товарларын усынып, содай-ақ саўда –сатықларын да жүргизеди.
Үлгилердиң турақлы көргизбесиниң аксарияты өз мамлекетиниң шет елдердеги дипломатик консул ханалары ҳәм басқа уәкилликлерде дүзиледи., шет еллердеги итимал тутылған қарыйдарларға үлгилер бойынша шартнамалар дүзиў ушын экспорт товар үлгилери көрсетиледи. Миллий шөлкемлер тәрепинен шет еллер пайда еткен турақлы саўда орайлары үлкен әхмиетке ийе. Бундай шөлкемлер өзлери жайласқан мәмлекетлерде қанегелестирилген көргизбелер пайда етиў бойынша кең хызмет алып барады: экспоцент фирмаларга бейпул көргизбелер өткериледи, өз есабынан көргизбени проектлеў ҳәм ҳужжетлестириў,көргизбени ашыўды әмелге асырады, көргизбе қатнасыўшылары базардағы жағдайлар ҳаққында хабар жеткезип береди.
Көргизбе ҳәм ярмаркалардың жаңа түри саўда ҳәптелиги атағын алды. Бундай усыллар әдетте ири қалаларда универсал магазинлерде тутыныў товарларын усыныў ҳәм сатыў ушын шөлкемлестириледи.
Халық аралық көргизбе ҳәм ярмаркалар товар опреацияларына хызмет көрсетеди. Оларда ҳәр қандай мәмлекет фирмалары еш қандай шеклеўлерсиз қатнасыўы мүмкин. Халықаралық көргизбе ҳәм ярмаркалардың ең абзал тәрепи – олардан түрли мәмлекетлерде ислеп шығарылған жүдә көп товарлардың үлгилери топланады. Бул қарыйдарларға қысқа ўақыт даўамында базарда пайда болған усыныслар менен танысып шығыў,қанигелерден керекли мәсләхатлар топлаў,реклама шәртлерин келисип алыў ҳәм контракт дүзиў имканын береди.
Көргизбеге усынылған экспонатлар характерине қарап ҳалықара көргизбе ҳәм ярмаркалар универсал ҳәм қаегелестирилген түрлерге бөлинеди. Универсал көргизбе ҳәм ярмаркаларда экспонатлар бар товарлар топарларымене шекленбейди.Оларда бәрше яки көпқана санаат тармақларының товарлары усынылады. Қанегелестирилген көргизбе ҳәм ярмаркада болса тек бир яки бир неше түрдеги санаат тармақларының товарлары, базыда бир тәжрибе пән утыслары усынылады.

Download 190,87 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish