Қадағалаў ҳәм талықлаў ушын сораўлар.
Товарлар классификациясын айтып бериң?
Товардың бәсекиге шыдамлылығы дегенде нени түсинесиз?
Товардың жасаў дәўири концепциясын анықлап бериң?
Товар модификациясы дегенде нени түсинесиз?
Өним дифференциациясы не?
Товар вариациясы дегенде нени түсинесиз?
8-тема. Баҳа ҳәм басқа сиясаты.
8.1. Баҳа түсиниги ҳәм оның мазмуны
Баҳа базар категориясы болып, товарлар алмасыўында жүз беретуғын қатнасықларды аңлатады. Баҳа теориялық жақтан алғанда товардың пулдағы көриниси.
аҳа барометр сыяқлы базар көринисин көрсетип турады, баҳа түсип кетсе, товар базары бонкротқа ушраўға болады, товар пайдасыз болып, оны басқа товар менен алмастырыў яки оның сапасын түптен жақсылаў зәрүрлиги пул қурамына қойылады. Баҳаның экономикалық мазмунын оның функциялары көрсетип береди . Баҳа неге тийисли болыўына қарамастан (товар, хызмет) бес тийкарғы функцияны орынлайды:
1.Базар теңсалмақлығын тәмийинлеў функциясы
2.Есап-китап, өлшеў функциясы
3.Бәсеке қуралы функциясы
4.Экономикалық регулятор функциясы
5.Социаллық қорғаў функциясы
Базар экономикасы шараятында баҳаның төмендеги түрлери қолланылады:
1.Демпинг баҳа;
2.Абрайлы баха;
3.Миллий баха;
4.Арзанластырылған баҳа;
5. Дунияәҳән бахасы;
6.Стандарт баха;
7.Жасырын баха;
8.Еркин баҳа;
9.Контракт баха;
10. Усақлап сатыў баха;
11.Өзгериўшең баҳа;
12.Лимит баҳа;
13.Теңсалмақлылық баҳасы;
Базар баҳасының тийкаргы қәсийетлери олардың ҳәр дайым өзгерип турыў қәбилети есапланады. Баҳалар ҳеш қашан себепсиз өзгермейди. Жоқары баҳалар болса жоқары сапалы, жаңа тутыныў қәбилетине ийе болған товарларға орнатылады. Баҳа дәрежесин товардың бәсекеге шыдамлылығы ҳәм базардағы орнына байланыслы.
Баҳа белгилеў мақсетлери: базар үлесин көбейттириў, қысқа ўақыт ишинде ең көп пайда
Баҳа орынлайтуғын базы бир ўазыйпаларды көрип өтемиз: дәслеп баҳа ислеп шығарыў ҳәм тутыныўдагы өзгери слерден хабар береди.
Баҳа тек тутыныўда ғана емес, бәлким ислеп шыгарыўдагы өзгерислерден де дерек береди.
Баҳаның басқа тийкарғы ўазыйпасы-ислеп шыгарыўшылар ҳәм тутыныўшыларды қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Баҳалар механизми ислеп шыгарылып атырған өним муғдарын көбейттириў ғана емес, бәлким ислеп шығарыўдың ең тежемли усылларын ислеўди де қоллап қуўатлайды.
Баҳалардың үш ўазыйпасы екинши менен үзликсиз байланыслы. Бул дәраматлардың бөлистирилиўи болып табылады.
Товар ислеп шығарыў шараятында хожалық хызмети, қатнасыўшылары алатуғын дәраматлар олар өз жеке яки ислеп шыгарыў тутныўларын көплеп сататуғын яки сатып алатуғын товарлар ҳәм хызметлердиң баҳасына туўрыдан туўры байланыслы болады.
Баҳалардың төртинши ўазыйпасы айырым кәрханаларға ҳәм хожалық тараўына ислеп шығарыў факторларын бөлистириў болып есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |