1-тема. Маркетинг ҳәм оның раўажланыўының тийкарғы басқышлары


Бәсеки ҳәм товардың бәсекиге шыдамлылығы ҳаққында түсиник



Download 190,87 Kb.
bet25/35
Sana11.11.2022
Hajmi190,87 Kb.
#863963
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   35
Bog'liq
2 5442749189337385979

Бәсеки ҳәм товардың бәсекиге шыдамлылығы ҳаққында түсиник.

Бәсеки-бул еркин исбилерменликтиң ажыралмас бир бөлеги.
Ҳәзирги базар экономикасына өтиў шараятында мәмлекетимизди экономикалық жағдайын беккемлеў ҳәм раўажланыўда, дүнья базарында белсене қатнасыўда товарлар сапасын көтерип, оларды бәсекиге шыдамлы товарларға айландырыў ең әҳмийетли машкалалардың бири.
Ҳәр бир қарыйдар өзине унаған товарды сатып алады, тутыныўшылар болса конкурентлер товарына салыстырғанда көбирек социаллық мүтәжликлерине сай келетуғын таңлайды. Соның ушын бәсекиге шыдамлы (таңланған базарда товарды сатыў имканияты) лықты тек конкурентлер товарын салыстырыў арқалы анықлаў мүмкин.
Бәсекиге шыдамлылығын үйрениў курамалы ҳәм өз ишине төмендеги басқышларды алады:

  • Товарды, сатыў базарын үйрениў;

  • Конкурентлер ҳаққында мағлыўматлар жыйнаў;

  • Тутыныўшылар талапларын үйрениў;

  • Бәсекиге шыдамлылығын асырыў бойынша илажлар ислеп шығыў;

  • Ислеп шығарыў ҳәм базарға сынаў сатыўлары менен шығыў ҳаққында қарар.

Бул мәселелерди шешиўде кәрханада товар шыдамлылығы дәрежесин баҳалаўдың үзликсиз системасын жаратыўды талап етеди.
Хәр қандай товар базарға шығыўы менен-ақ өз бәсекелесиў қәбилетин жоғалта баслайды.
Конкуренция сөзи латын тилинен алынған болып,мақсетке ерисиў ушын гүресиў дегенди билдиреди.Базарда конкурентлердиң мақсети қарыйдарларды товарды сатып алыўға тартыўдан ибарат.
Товардың бәсекеге шыдамлылығын баҳалаў төмендеги басқышларды өз ишине алады ;

  • базарды анализ етип,өзимиздиң товарымызға уқсас үлгисин таўып алыў;

  • бизлердиң товар менен салыстырылатуғын товарлардағы тийкарғы көрсеткишлерин белгилеў;

  • өзимиздиң товарымыздағы интеграл бәсекеге шыдамлылық қәсийетин анықлаў. Бәсеке тийкарынан төмендегише көринислерде болыўы мүмкин: товарлардың хызметлери бойынша, бирдей мүтәжликти қанаатландырыўға қаратылған бәсеке, бирдей товарды ҳәр қыйлы фирмалар ислеп шығарыў арқалы болатуғын бәсеке, еки бирдей фирма тәрепинен ҳәр қыйлы модификацияда товар ислеп шығарыў.

Баҳа арқалы бәсекелесиў ең кең тарқалған. Баҳалар тараўында бәсеке ислеп шығарыўдың қарежетлер ең кем болатуғын мәмлекетлерде жолға қойыўды талап қылады.
Баҳа менен бәсеке өтмиште еркин базар бәсекеси болған, базарда бир қыйлы товарлар ҳәр қыйлы баҳалар менен сатылған ўақытларда пайда болған. Ислеп шығарыўшы баҳаны пәсейтириў менен өз товарын ажыратып көрсетиўге, оған итибарын қаратыўға ҳәм ақырғы нәтижеде өзи қәлеген базар үлесин ийелеўге ерискен. Ҳәзирги базар шараяты баҳа менен ашық бәсеке әмел қылмайды, себеби ислеп шығарыўшылардан бири баҳаны пәсейтириўи менен оның бәсекелесиде сол исти қылады, бул болса фирманың базардағы абрайын өзгерпейди, ҳәмде улыума тармақтағы пайданың пәсейиўине, тийкарғы фондларды жаңалаў ҳәм кеңейтиў ушын инвестициялардың кемейўине алып келеди.Нәтйжеде күтилген пайда ҳәм бәсекелеслерин шығарып таслаў орнына күтилмеген банкротлық ҳәм сыныў жүз береди.Сол себепли санаат монополиялары баҳаларды илажы барынша узағырақ услап турыўға, өзине түсер баҳаны ҳәм маркетинг қәрежетлерин жәнеде пәсейтип пайданы көбейтиўге умтылады.
Илим-техника рауажы жетискенликлери себепли бәсекениң баҳа менен байланыслы болмаған усылларынан пайдаланыўдың қолай шараятлары жүзеге келеди. Баҳасыз бәсекеде товардың баҳа емес, бәлки оның жоқары сапасы, пәс тутыныў баҳа, заманагөй дизаини, сервис хызмети,ислеп атырған фирма абройы бәсеке гүресиниң тийкарғы факторына айланады.
Баҳаны пәсейтип базарды ийелеў стратегиясын үйрениўде төмендеги сораўларға жуўап табылады;

  • басқа товарлардың бәсекеге шыдамлылығын белгилеўши факторлар қайсылар?

  • бәсекелесиўши фирмалардың реклама қураллары ҳәм сатыўды хошаметлеў усыллары қандай?

  • қайсы саўда белгилери ислетилмекте?

  • бәсекесиўшилер товарларының орамасы, безеклери,дизайнинде нелер көзге тасланбақта?

  • товардың кепиллиги ҳәм оннан кейинги ислетиў периодында қандай сервис усынылмақта?

  • миллий саўда тармақлары арқалы товар сатылып атыр ма яки фирма өз тармақларын ашқан ба?

  • бәсекелеслер қоллап атырған товар ҳәрекети транспорт, запаслар көлеми,складлар ҳәм олардың жайласыўы.

Нәтийжеде бәскелесиўшилер сондай ҳәрекет қылып атыр? Басқаша жолы жоқпа? деген сораўларға жуўап табады.
Қарыйдардың қәрежетлери еки бөлимнен қуралады, биринши бөлими сатып алыў қәрежетлери (товар баҳаны),екинши бөлими оны тутыныў менен байланыслы қәрежетлер қурайды.
Бәсекеге шыдамлылық кең түсиник болып оған көплеген факторлар тәсир етеди.
Фирманың бәсекеге шыдамлылығы дәрежесин баҳалаўда тармақ базарында бәсеке гүреси тезлигин белгилейтуғын факторлар анализ ушын тийкар сыпатында хызмет қылады. Бул факторларға төмендегилер киреди:
-Бәсекелес фирмалар саны,ҳәм оларды салыстырыў қуўатлылығы;
-Конкурентлер ҳәрекетлериниң диверсификацияласыўы дәрежеси;
-Базардағы талап көлемин үйрениў;
-Тутыныўшының бир ислеп шығарыўшыдан басқасына көшиў ҳәрекетлери;
-Базардан шығып кетиў тосықлары ҳәм олардың дәрежеси.
-Базарға кирип келиў ҳәм оның дәрежеси.
-Конкурентлер стратегиясындағы парық.
Товар өзине тартыўшылығы ҳәм бәсекеге шыдамлылығын аңлатыўшы факторлар классификациясы схемасын шынжыр көринисинде көрсетиў мүмкин; баҳа-сапа-сервис-маркетинг орталығы.
Бәсекеге шыдамлылық сапа ҳәм қун факторлары менен байланыслы болып есапланады.




    1. Download 190,87 Kb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish