«Товар -базар» матрицасы
Товарлар
|
Ағымдағы
|
|
Усы жылғы
|
Жаңа
|
Ағымдағы
|
Базарға тереңрек кирип барыў стратегиясы
Сатыўды жетилистириў.
Жаңа қарыйдарларды қыдырыў.
Бәсекилилерди сындырыў.
Товардың тутыныў тараўларын кеңейтиў.
|
Базарды раўажландырыў стратегиясы.
Жаңа базарлар.
Жаңа сатыў территориялары
Халық аралық базарлар.
Товардың ислетилиўиниң жаңа тараўларын дүзиў.
|
Жаңа
|
Товарды раўажландырыў.
Өз күши менен жаңа товар ислеп шығарыў.
Шәртнамаларды раўажландырыў.
Лицензия.
Усталық пенен алмастырыў.
|
Диверсификация. Горизантал
Вертикаль
Концентрик
|
Фирманың абзалығынын өсиў дереклерин өзлестириўди 4-тийкарғы стратегиялары болыўы мүмкин:
Базарға тереңрек кирип барыў стратегиясы
Товарды жетилистириў стратегиясы
Базарды раўажландырыў стратегиясы
Диверсификация.
Диверсификацияның 3-түри бар:
Горизантал, вертикаль, концентрик.
Горизантал диверсификация дегенде алдынғы товарларға уқсас ислеп шығарыў, техник тамийнлеў ҳәм сатыў шараятларына жақын болған товарларды ислеп шыгарыў түсиниледи.
Вертикал диверсификация болса алдынғы товар ислеп шыгарыўды сатыў бағдары сыпатында да товар дәстүриниң тереңирек жоқарылатыўды аңлатады. Мәселен, гөш өнимлерин сатыўшы арнаўлы дүкан, мал жетистириўди ҳәм селекция бойынша ислеп шығарыўды қоллап қуўатлайды.
Концентрик диверсификация кәрхана ушын жаңа товарларды ислеп шығарыўды көзде тутады.
Жаңа товарларды ислеп шығарыў ҳәм қоллаў инновация сиясатының принцип ҳәм усылларына, атап айтқанда, товар инновациясы процессине сай ҳалда әмелге асырылады.
Товар инновациясы принципи 6-басқышты өзишине алады:
-Жана товар хаққында идеяны кыдырыў
-Идея таңлаў
-Жаңа товар идеясын бизнеслестириўши экономикалық анализи;
-Товарды ислеп шығарыў;
-Базар шариятында оны тәжрийбеден өткизиў
-Товарды базарға қоллаў
Товар инновациясы принципи товар ҳаққындағы идеяны излеў менен басланады. Жаңа товар идеясын излеўдиң тийкары болып товар ҳаққындағы ишки ҳәм сырткы идеялар дереги есапланады.
Сыртқы товар ҳаққындағы идеялар дерегине: саўда кәрханалары, қарыйдар ҳәм тутыныўшылар, бәсекелеслер, ярмарка ҳәм көргизбелер, изертлеў институтлары, тәмийнатшылар, ўәзирликлер ҳәм басқа мәмлекет институтлары киреди.
Товар ҳаққындағы ишки идеаллар дереклерине: маркетинг изертлеўлер бөлими, ислеп шығарыў бөлими, халық аралық экономикалық бирге ислесиў бөлими, товарды таярлаў бөлими киреди.
Товар инновациясы принципи басқышлары өз мазмунына қарай жаңа товарды режелестириў принципин көрсетеди.
Жаңа товарды режелестириўдиң ўазыйпасы, вариантларды излеў ҳәм ислеп шығарыўдан ибарат.
Экономикалық анализ басқышында пайданы салыстырыў, зыянсызлығын баҳалаў усылы, қәўип-қәтер усылларынан пайдаланылады.
Товарда ислеп шығыў басқышында товар ислеп шығыў усыллары, товар маркасын ислеп шығыў техникасы усыллары, қәрежетлерди есаплаў усыллары ислетиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |