|
Buxgalter basshinin` jumislari haqindag`i ka`sip sirlarin ja`riyalamawi
|
bet | 66/89 | Sana | 23.02.2022 | Hajmi | 1,39 Mb. | | #179353 |
| Bog'liq 1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629
4.Buxgalter basshinin` jumislari haqindag`i ka`sip sirlarin ja`riyalamawi
Өзбекистан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциясындағы 28-статьясы Бухгалтерия мағлыўматының қупыялылығы деп аталады. Бул статьяда Бухгалтерия есабын жүритиўде қупыялыққа әмел қылынады. Бухгалтерия есабы регистрлериниң мазмуны менен танысыўға бухгалтерия есабы субъекти баслығының рухсатына қарап ямаса нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда жол қойылады.
Бухгалтерия есабы регистрлери менен танысыўға рухсат алған шахслар қупыялылықты сақлаўы шәрт.
Қупыялылықты бузыў нызамда белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.
Нызамның 26-статьясы Финанслық есабатты жәриялаў деп аталып бунда Хожалық жүритиўши субъектлердиң жыллық финанслық есабаты мәпдар банклер, биржалар, инвесторлар, кредиторлар, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа шахслар ушын ашық саналады.
Акциянерлик жәмийетлер, сондай-ақ қамсызландырыў шөлкемлери, банклер, жәмийетлик фондлары ҳәм нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа шөлкемлер ҳәр жылғы финанслық есабатты акциянерлердиң ямаса бухгалтерия есабы субъекти басқа жоқары басқарыў органының жыллық улыўма жыйналысы өткерилетуғын сәнеден кеминде еки ҳәпте алдын аудиторлық жуўмағы менен бирге жәрия қылыўы шәрт.
Усы статья нызам ҳүжжетлериниң басқа талаплары белгиленген бухгалтерия есабы субъектлериниң финанслық есабатына енгизилмейди.
5.Ka`rxana xojaliq iskerligi haqqindag`i mag`liwmatlar menen basqa shaxslarg`a tanistiriw tek basshinin` jazba razilig`i menen a`melge asiriladi
Өзбекистан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциясындағы 11-статьясы Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын шөлкемлестириў деп аталады. Бул статьяда Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын шөлкемлестириўди бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы әмелге асырады.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы төмендеги хуқуқларға ийе:
Бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы басшылығында бухгалтерия есабы хызметин шөлкемлестириў ямаса шәртнама тийкарында енгизилген бухгалтер хызметинен пайдаланыў;
Бухгалтерия есабын жүритиўди қәнигелестирилген шөлкемге (аудиторлық шөлкемлер, салық мәсләҳәт шөлкемлери ҳәм уставында бухгалтерия есабын жүритиў бойынша хызмет көрсетиў көзде тутылған басқа шөлкемлер) шәртнама тийкарында жүклеў;
- бухгалтерия есабын өз бетинше жүритиў.
- бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы;
- есап сиясаты, ишки есап ҳәм есабат системасы ислеп шығылыўын;
- ишки қадағалаў тәртибин;
- бухгалтерия есабы толық ҳәм исенимли жүритилиўин;
- есап ҳүжжетлериниң толық сақланыўы;
- салық есабатының ҳәм басқа финанслық ҳүжжетлериниң таярланыўы;
- есап китаплар өз ўақтында әмелге асырылыўын;
Нызамның 25-статьясы Финанслық есабатты тапсырыў деп аталып бунда:
Финанслық есабат төмендегилерге тапсырылады:
- мәмлекетлик салық хызмети органларына;
- шөлкемлестириў ҳүжжетлерине муўапық мүликдарларға;
- мәмлекетлик статистика органларына;
- нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа органларға.
Финанслық есабат электрон ҳүжжет тәризинде тапсырылыўы мүмкин.
Финанслық есабат жылдың ҳәр шерегинде көрсетиледи. Киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар бухгалтерия балансынан ҳам де финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабатдан ибарат тек ғана жыллық финанслық есабатты көрсетеди.
Финанслық есабатты көрсетиў мүддетлери Өзбекистан Республикасы Финанс министрлиги тәрепинен белгиленеди.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен бухгалтерия есабының айырым субъектлери ушын финанслық есабатты көрсетиўдиң басқа мүддетлери белгилениўи мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|