1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже



Download 1,39 Mb.
bet65/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

10.БУХГАЛТЕР ЭТИКСЫ
реже:
1.Buxgalter o`z ornin iyelewden aldin islegen ka`siplesinin` jumisin u`yreniwi.
2.Buxgalter basqariwshilarg`a ka`rxana xojaliq iskerligi menen baylanisli bolg`an barliq sorawlarg`a o`z juwap beriwi.
3.Buxgalter ta`repinen du`zilgen registrlarg`a shaxsan o`zi juwap beriwi.
4.Buxgalter basshinin` jumislari haqindag`i ka`sip sirlarin ja`riyalamawi.
5.Ka`rxana xojaliq iskerligi haqqindag`i mag`liwmatlar menen basqa shaxslarg`a tanistiriw tek basshinin` jazba razilig`i menen a`melge asiriladi.
6.Buxgalter turaqli tu`rde o`z bilimin asirip bariwi.


Таяныш сөзлер: ka`siples, buxgalter basqariwshi, registrlar, ka`sip sirlari, ja`riyalamaw, xojaliq iskerligi, basshinin` jazba razilig`i, o`z bilimin asirip bariw.


1.Buxgalter o`z ornin iyelewden aldin islegen ka`siplesinin` jumisin u`yreniwi
Бухгалтерия есабы ҳәм аудит бағдарын питирген студент өндириске жумысқа барған ўақытта барлық бухгалтерия жумысларын орынлаўға таяр турыўы керек. Себеби оқыў процессинде бухгалтерия бойынша теориялық билимлерди үйренеди, сондай-ақ өндирислик әмелият өткенде теориялық билимлерин әмелиятта сынап көреди. Барлық бухгалтерияда әмелге асырылатуғын операцияларды өндиристе әмелиятта өз қолы менен ислеп үйренеди.
Мәселен,
-басланғыш ҳужжетлерди толтырып үйрениў;
-бухгалтерияда программаларда ислеп үйрениў;
-есабатларды жайнап үйрениў
-есабатларды дузип үйрениў ҳ.т.б.


2.Buxgalter basqariwshilarg`a ka`rxana xojaliq iskerligi menen baylanisli bolg`an
barliq sorawlarg`a o`z juwap beriwi
Өзбекистан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциясындағы 32-статьясы Бухгалтерия есабы ҳақкындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик деп аталады. Бул статьяда Бухгалтерия есабы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.
Нызамның 21-статьясы Ишки қадағалаў деп аталып бунда Ишки қадағалаў бухгалтерия есабын жүритиўде, финанслық ҳәм басқа есабатларды дүзиўде хожалық операцияларын әмелге асырыўдың нызамшылығы, экономикалық тәрептен мақсетге муўапықлығын, активлердиң пүтин сақланыўын тәмийинлеў, талан-тараж қылыў жағдайлары ҳәм қәтеликлердиң алдын алыў ҳәмде анықлаў мақсетинде бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы тәрепинен қабыл қылынған есап сиясаты тийкарында шөлкемлестирилген ис-илажлар системасы болып есапланады.
Бухгалтерия есабы субъекти ишки қадағалаўды шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады.


3.Buxgalter ta`repinen du`zilgen registrlarg`a shaxsan o`zi juwap beriwi
Өзбекистан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциясындағы 29-статьясы Бухгалтерия ҳүжжетлерин сақлаў деп аталады. Бул статьяда Басланғыш есап ҳүжжетлери, бухгалтерия есабы регистрлери, финанслық есабат ҳәм басқа есабатлар, сондай-ақ бухгалтерия есабын шөлкемлестириў ҳәмде жүритиў менен байланыслы басқа ҳүжжетлер нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде, бирақ есабат жылынан кейин кеминде бес жыл бухгалтерия есабы субъекти тәрепинен сақланады. Бухгалтерия ҳүжжетлерин алып қойыў нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.
Өзбекистан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамның жаңа редакциясындағы 13-статьясы Имза ҳуқуқы деп аталады. Булл статьяда Пул, товар-материаллық баҳалықларды ҳәм басқа баҳалықларды қабыл қылыў ҳәмде бериў ушын тийкар болып хызмет қылатуғын ҳүжжетлер, кредит ҳәм есап-китап миннетлемелери, сондай-ақ финанслық ҳәм басқа есабатлар бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы тәрепинен ямаса ол белгилейтуғын шахслар тәрепинен имзаланады.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы имзалаў ҳукықына ийе болған шахслардың еки дизимин тастыйықлайды. Биринши дизимге бухгалтериялық есап субъектинде баслық ўазыйпаларын әмелге асырыўшы шахслар, екиншисине болса, бухгалтерия есабы финанслық басқарыў ўазыйпаларын өз мойнына алған шахслар киреди. Егер бухгалтерия есабы субъекти баслығы бухгалтерия есабы ҳәм финанслық басқарыў ўазыйпаларын өз мойнына алған болса, ол жағдайда ҳәр еки дизимде де өзин көрсетеди.
Усы статьяның екинши бөлиминде көрсетилген шахслардың имзасы жоқ ҳүжжетлер ҳақыйқый емес деп есапланады.
Нызамның 15-статьясы Бухгалтерия есабы регистрлери деп аталады. Бул регистрда Бухгалтерия есабы регистрлери еки жақлама жазыў усылына муўапық жүритилетуғын журналлар, ведомостлар, китаплар ҳәм тастыйықланған бланкалардан (формаларынан) ибарат.
Бухгалтерия есабы регистрлери техникалық қуралларынан, мағлыўмат системаларынан ҳәм ахборот технологияларынан пайдаланылған ҳалда электрон ҳүжжет тәризинде жаратылыўы, ислеў берилиўи сақланыўы мүмкин.
Бухгалтерия есабы регистрлеринде басланғыш есап ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар системаластырылыўы ҳәм топланыўы керек.
Бухгалтерия есабы регистриниң мәжбүрий реквизитлери төмендегилерден ибарат:
-регистрдиң аты;
-бухгалтерия есабы субъектиниң аты;
-регистрди жүритиў басланған ҳәмде тамамланған сәнеси ямаса регистрдиң дүзилген ўақты;
-хожалық операцияларының хронологиялық ямаса системалы топарланыўы;
-хожалық операцияларының өлшем бирлиги көрсетилген ҳалда пулдағы өлшем муғдары;
Регистрди жүритиў ушын жуўапкер болған шахслардың лаўазымлары, фамилиялары ҳәмде аты ҳәм әкесиниң атының бас ҳәриплери көрсетилген ҳалдағы имзалары ямаса усы шахсларды идентификация қылыў ушын зәрүр болған басқа реквизитлер.
Бухгалтерия есабы регистрлерине тастыйықланбаған дүзетиўлер киритилиўине жол қойылмайды.



Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   61   62   63   64   65   66   67   68   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish