1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже



Download 1,39 Mb.
bet48/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

21-статья. Ишки қадағалаў
Ишки қадағалаў бухгалтерия есабын жүритиўде, финанслық ҳәм басқа есабатларды дүзиўде хожалық операцияларын әмелге асырыўдың нызамшылығы, экономикалық тәрептен мақсетге муўапықлығын, активлердиң пүтин сақланыўын тәмийинлеў, талан-тараж қылыў жағдайлары ҳәм қәтеликлердиң алдын алыў ҳәмде анықлаў мақсетинде бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы тәрепинен қабыл қылынған есап сиясаты тийкарында шөлкемлестирилген ис-илажлар системасы.
Бухгалтерия есабы субъекти ишки қадағалаўды шөлкемлестиреди ҳәм әмелге асырады.
22-статья. Финанслық есабат
Финанслық есабат бухгалтерия есабы субъектининг есабат сәнесиндеги финанслық жағдайы, есабат дәўириндеги хызметиниң финанслық нәтийжеси ҳәм пул қаржыларының ҳәрекети ҳаққындағы системаластырылған мағлыўматтан ибарат.
Жыллық финанслық есабат төмендегилерди өз ишине алады:

  • бухгалтерия балансы;

  • финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабат;

  • пул ағымлары ҳаққындағы есабат;

  • жеке капитал ҳаққындағы есабат;

  • көрсетпелер, есап-китаплар ҳәм түсиндирмелер.

Халық аралық стандартлар бойынша дүзилетуғын финанслық есабатға байланыслы талаплар финанслық есабаттың халық аралық стандартларында белгиленеди.
Бухгалтерия есабы субъекти финанслық есабатты дүзиўде өз алдына балансға ажыратылған өз елшиханаларының, филиалларының ҳәм басқа қурамлық бөлимлериниң бухгалтерия балансларын ҳәм де басқа есабат формаларын киритиў керек.
Финанслық есабат есабат жылы басынан артып барыўшы жуўмақ пенен дүзиледи.
Бюджет шөлкемлериниң финанслық есабаты бюджет арасындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық дүзиледи ҳәм көрсетиледи.
Финанслық есабаттың қурамы ҳәм мазмуны Өзбекистан Республикасы Финанс Министрлиги тәрепинен белгиленеди.
Банклер ҳәм басқа кредит мекемелериниң финанслық есабатының қурамы ҳәмде мазмуны Өзбекистан Республикасы Орайлық банки тәрепинен белгиленеди.
23-статья. Консолидацияласқан финанслық есабат
Тийкарғы хожалық жәмийети болған ҳәм сыңар хожалық жәмийетлерине, өз қадағалаўы астындағы шөлкемлерге ийе бухгалтерия есабы субъекти консолидацияласқан финанслық есабатты дүзеди.
Консолидацияласқан финанслық есабатты дүзиў тәртиби, сондай-ақ тийкарғы хожалық жәмийетиниң қадағалаўы астындағы шөлкемлерге қойылатуғын талаплар бухгалтерия есабы стандартлары менен белгиленеди.
Усы статья талаплары министрликлер, мәмлекет комитетлери, ведомостволар ҳәм бюджет шөлкемлериниң жәмленген финанслық есабатына енгизилмейди.

Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish