|
-статья. Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын шөлкемлестириў
|
bet | 44/89 | Sana | 23.02.2022 | Hajmi | 1,39 Mb. | | #179353 |
| Bog'liq 1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629
11-статья. Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын шөлкемлестириў
Бухгалтерия есабы ҳәм есабатын шөлкемлестириўди бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы әмелге асырады.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы төмендеги хуқуқларға ийе:
Бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы басшылығында бухгалтерия есабы хызметин шөлкемлестириў ямаса шәртнама тийкарында енгизилген бухгалтер хызметинен пайдаланыў;
Бухгалтерия есабын жүритиўди қәнигелестирилген шөлкемге (аудиторлық шөлкемлер, салық мәсләҳәт шөлкемлери ҳәм уставында бухгалтерия есабын жүритиў бойынша хызмет көрсетиў көзде тутылған басқа шөлкемлер) шәртнама тийкарында жүклеў;
- бухгалтерия есабын өз бетинше жүритиў.
- бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы;
- есап сиясаты, ишки есап ҳәм есабат системасы ислеп шығылыўын;
- ишки қадағалаў тәртибин;
- бухгалтерия есабы толық ҳәм исенимли жүритилиўин;
- есап ҳүжжетлериниң толық сақланыўы;
- салық есабатының ҳәм басқа финанслық ҳүжжетлериниң таярланыўы;
- есап китаплар өз ўақтында әмелге асырылыўын;
Усы Нызам 12-статьясының талапларына әмел қылыўын тәмийинлиўи шәрт.
12-статья. Бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы
Бас бухгалтер ямаса бухгалтерия есабы ҳәм финанслық басқарыў ўазыйпаларын әмелге асырыўшы басқа мәпдар шахс бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы.
Бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы тиккелей бухгалтерия есабы субъектиниң баслыгына бойсынады.
Бухгалтерия есабы хызмети баслығының хожалық операцияларын ҳүжжетлер тийкарында рәсмийлестириў ҳәм оларды бухгалтерия есабы хызметине көрсетиў бойынша талаплары бухгалтерия есабы субъектиниң барлық хызметкерлери ушын мәжбүрий.
Бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы ҳәм бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы ортасында айырым хожалық операцияларын әмелге асырыўға байланыслы келиспеўшиликлер жүзеге келген ўақытта, олар бойынша ҳүжжетлер операциялар әмелге асырылыўының ақыбетлери ушын шахсан жуўапкер болған бухгалтерия есабы субъекти баслығының жазба бийлиги менен орынлаўға қабыл қылыныўы мүмкин.
Мәжбүрий аудиторлық тексериўинен өтиў керек болған бухгалтерия есабы субъектиниң (банклер ҳәм басқа кредит шөлкемлери буннан тысқары) бухгалтерия есабы хызмети баслығы төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:
- жоқары мағлыўматга ийе болыўы;
Жоқары экономикалық мағлыўматға ийе болган ўапқытта, ақырғы бес календарь жылдан кеминде үш жылы, экономикалық емес жоқары мағлыўматқа ийе болған болса, ақырғы он календарь жылдан кеминде жети жылы бухгалтерия есабын жүритиў ямаса финанслық есабатты дүзиў ямаса аудиторлық хызмети менен байланыслы ис стажына ийе болыў.
мәжбүрий аудиторлық тексериўинен өтиўи керек болган бухгалтерия есабы субъектиниң баслығы бухгалтерия есабы хызмети баслығының ҳәр жылы қәнигелигин асырыўдан өтиўин тәмийинлеў шәрт.
Усы статья бесинши ҳәм алтыншы бөлимлериниң талаплары мәжбүрий аудиторлық тексериўинен өтиў бухгалтерия есабын жүритиўди шәртнама тийкарында жуўапкершилигине бекитилген қәнигелестирилген шөлкем хызметкерине қатнаста да енгизиледи.
Белгиленген тәртипте қатнасқа жарамсыз ямаса қатнас уқыбы шекленген деп табылған, сондай-ақ қастан исленген жынаяты ушын судланған жағдайы сапластырылмаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған шахс бухгалтерия есабы хызметиниң баслығы болыўы мүмкин емес.
Банклер ҳәм басқа кредит шөлкемлериниң бухгалтерия есабы хызмети баслығына қойылатуғын талаплар Өзбекистан Республикасы Орайлық банк тәрепинен белгиленеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|