|
O`nimler(jumislar, xizmetler)din` islep shig`ariw o`zine tuser bahasina kiritiletug`in qa`rejetler qurami
|
bet | 52/89 | Sana | 23.02.2022 | Hajmi | 1,39 Mb. | | #179353 |
| Bog'liq 1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629
2.O`nimler(jumislar, xizmetler)din` islep shig`ariw o`zine tuser bahasina kiritiletug`in qa`rejetler qurami
(Өндирис қәрежетлери есабы ҳәм өним өзине түсер баҳасын анықлаў усыллары)
Өндирис қәрежетлерин есапқа алыў усыллары төмендегише классификацияланады.
-технология процессине қарағанда бюртпа процеслер бойынша;
- калькуляция объектлери бойынша детал,өним, бир түрдеги өнимлер топары, процесс, өндрис бюртпа;
- қәрежетлерди қадағалаў тәмийинлеў усылы бойынша-алдынан қадағалаў усылы норматив усылы ҳәмкийинги қадағалаў менен кәрежетлердиң ағымдағы есабы.
Буйыртпа усылындағы есап. Бул усылдан төмендеги өзгешеликлерге ийе болған өндиристе пайдаланылады. Деталлар ҳәм усылларды жыйнаў жолы менен өним таярланса; технологик процесс цехлар арасында тығыз байланған болса; таяр өнимди шығарса . Өндирис қәрежетлери алдын цехлар бойынша жийылады, кейин барлық кәрхана бойынша жәмленеди ҳәм барлық цехлерде жумсалған қәрежетлер суммасы бойынша өним бирлигиниң өзине түсер баҳасы есапланады.
Бюртпа усылында бухгалтерия есабы ҳәм калькуляция объекти болып мәлим муғдардағы өнимди өндирис бюртпасы есапланады. аналитик есапта өндирис қәрежетлери буйытпа бойынша белгиленген калькуляцион қәрежет статьялары көлеминде бөлинеди.
Жумысларды орынлаў ушын жүдә керекли қәрежетлер болып буйыртпашы (төлеўши) ҳәм өнджириўши ортавсына өним өндириў ушын дүзилген шартнама есапланады. Бунда төмендегилер айдынластырыллады: Шәртнама (буйыртпа) объекти, оның сыпатын анықлаў, өнмниң көлеми, жүклеп жибериў мүддети, шәртнама баҳасы, арнаўлы шәртлери есап-китап формалары ҳәм баҳалар ҳәм өним өзине түсер баҳаны есаплаў жеке ҳәм майда сериялы өндирислерде қолланады.
Жеке өндирисде бир өнимди таярлаў ҳәм майда сериялы (5-10) өним ушын буйыртпа ашылады. Сондай етип буйыртпа буйыртпа усылында есап ҳәм калькуляция объекти болып номери белгиленген буйыртпа есапланады.
Буйыртпада қандай буюмлар таярланыўы, қанша ҳәм қайсы цехлар тәрепинен қайсы мүддетге таярланыўы көрсетиледи. Буйыртпа арнаўлы бланкаларда ҳүжжетлестирип, буйыртпаны орынлаўда қанша цех қатнасатуғын болса, сонша нусқа жазылып бухгалтерияға жибериледи.
Қәрежетлер буйыртпалар бойынша материалларды жумыс ҳақыны ҳәм соған усағанларды бөлистириў кестелерде бөлинеди.
Буйыртпаның өзине түсер баҳа буйыртпа ашылған күннен баслап питкенге, жаўалғанға қадар жумсалған өндирис қәрежетлериниң жыйынды суммасы менен анықланады.
Мысал: процесслер бойынша қәрежетлер есабы ҳәм өним өзине түсер баҳа есаплаў усылы. Бул усыл жумыс берилип атырған шийки зат избе излик пенен бир неше айрықша ғәрезсиз жумыс бериў процесслерди өткеннен соң таяр өним болатуғын тараўларда қолланылады. Ақырғы процесслер тысқары ҳәр бир процесс соңына жеткизилген шийки зат жумыс бериў фазасы болып оның нәтийжесинде кәрхана ақырғы таяр өним емес , бәлки өзине өндирилген ярым таяр өним алады. Алынған ярым таяр өним тек өндиристиң кейинги процесслеринеде пайдаланылады, бәлки комплектенген өним буннан ҳәм ярым таяр өним сыпатында басқа кәрханаларға сатылыўы ҳәм мүмкин.
Өндиристиң есабының карточкасы 2010 “Тийкарғы өним” счеты Буйыртпа 200 жыл 20 марта ашылады. Буйыртпа 200 жыл 15 апрельде жаўылады. Муғдары 100 дана 256 буйыртпа
Процесслер бойынша қәрежетлерди есапқа алыў усылы көбинше металургия, тоқымашылық ҳәм соған уқсас басқа тараўларда қолланылыўы мүмкин.
Бул өндирислер жумсалған қәрежетлер бир түрдеги буюмлар, калькуляция статьялары ҳәм процесслер бойынша есапқа алынады.
Қара металургияда процесслер болып шойын еритиў, полат еритиў (полат еритиў цехи) , прокат (прокат цехы) әҳмийетли өним болып есапланады.
Қәрежетлерди процесслер бойынша есапқа алыў ҳәм өним өзине түсер баҳаны есаплаў тәртиби барлық кәрханаларда бирдей емес. айырым кәрханаларда туўры қәрежетлер бухгалтерия есабында айрықша ҳәр бир процесс бойынша көрсетиледи, шийки заттың дәслепки қуны болса тек биринши процесс өним өзине түсер баҳасына киргизиледи.
Цехлар (процесслер) ишинде ҳәм олар арасында ярым таяр өнимлер ҳәрекети үстинен қадағалаўды тез арада есапқа алыў (оператив) ҳәм натура формасында счетларға жазбастан бухгалтерия орынлайды. Қәрежетлерди процесслер бойынша есапқа алыў ҳәм өним өзине түсер баҳаны есаплаў ҳәм усылының бундай вариантын ярым таяр өнимлеў дейиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|