1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже



Download 1,39 Mb.
bet56/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

Финанслық хызметден алынатуғын дәраматлардың есабы. Финанслық хызметден алынатуғын пайда ҳәм зыянлар айрықша дәрамат ҳәм қәрежетлер бөлимине киргизиледи. Бул пайда ҳәм зыянлар кәрхананың тийкарғы хызмети менен тиккелей байланыслы емес.
Бухгалтерия есабында финанслық хызметтен алынатуғын пайда өз алдына ҳәм зыянлар өз алдына счетларда есапланады.
Финанслық хызметтен алынған пайда төмендеги счетларда есапқа алынады:
9510 «Роялти көринисиндеги алынған дәраматлар»
9520 «Дивентлер көринисиндеги дәраматлар»
9530 «Процент көринисиндеги дәраматлар»
9540 « Валюта курс парқларынан алынған дәраматлар»
9550 «Финансланатуғын лизиңнен дәраматлар».
9560 «Баҳалы қағазлардың қайта баҳалаўдан дәраматлар»
9590 «Финанслық хызмет бойынша басқа да дәраматлар».
9510 «Роялти көринисиндеги алынған дәраматлар» счетында пул қаржыларын есапқа алатуғын счетлар менен корреспондентленген жағдайда роялти ҳәм капиталдың трансфертинен алынған дәраматлар есапқа алынады.
Роялти - бул сатыўшыға (лицензияларға) лицензия шәртнама буйымнан пайдаланыў ҳуқықы ушын ўақты-ўақты менен ажыралып турылатуғын сумма.
Алыўға тийисли болған роялти ҳәм гонорарлар суммасына төмендеги проводка бериледи:
Дт. 4850 « Алынған роялти».
Кт. 9510 «Роялти көринисиндеги дәраматлар».
9520 «Диведентлер көринисиндеги дәраматлар» счетында Өзбекистан Республикасы территориясында ҳәм шет еллерде үлесин қосыў жолы менен басқа кәрханалар хызметинде қатнасыўдан алынған дәраматлар, акциялар бойынша дивидентлер, облигация ҳәм басқа да баҳалы қағазлар бойынша дәраматлар сәўлеленеди.
Бундай дәраматлар есапланғанда 9520 «Дивидентлер көринисиндеги дәраматлар» счеты кредитленип төмендеги счетлар дебетленеди:
5110 «Есапласыў счеты», 5210 «Мәмлекет ишиндеги валюта счетлары» кәрхананың есапласыў счетындағы пул қаржыларын пайдаланғаны ушын банк тәрепинен өткизип берилген суммаға:
4840 «Алынатуғын дивидентлер» счеты кәрхана тәрепинен сатып алынған акциялар ҳәм басқа да баҳалы қағазлар бойынша есапланған дивидентлер суммасына. Усы дивидентлер есапласыў счетына өткизип берилсе, 5110 «Есапласыў счеты» дебетленип 4840 счет кредитлерди.
9530 «Процентлер көринисиндеги дәраматлар» счетында узақ ҳәм қысқа мүддетли инвестициялар бойынша есапланған процентлер сәўлеленеди.
Процентлер есапланғанда 9530 «Процентлер көринисиндеги дәраматлар» счеты кредитленип төмендеги счетлар дебетленеди.
4820 «Алынатуғын процентлер» счеты лизинг айланыслары бойынша алыўға тийисли процентлер суммасына; берилген кредитлер бойынша клиентлерден алынатуғын процентлер суммасына. Процентлер суммасы алынғанда пул қаржыларын есапқа алатуғын счетлар дебетленип 4820 счеты кредитленеди.
9540 «Унамлы курс парқларынан алынған дәраматлар» счетында валюта счетлары, сондай-ақ шет ел валюта операциялары бойынша унамлы курслық парқлардан алынған дәраматлар есапқа алынады.
5210 «Мәмлекет ишиндеги валюта счетлары» валюта счетындағы қаржылар бойынша кнамлы курслық парқына;
0610 «Баҳалы қағазлар», 5810 «Баҳалы қағазлар» счетлары узақ ҳәм қысқа мүддетли баҳалы қағазлар бойынша шет ел валюталардың унамлы курслық парқы суммасына;
4720 «Берилген қарызлар (займлар) бойынша ислеўшилердиң қарызлары» счеты хадымларға шет ел валютада берилген қарызлардың унамлы курс парқы суммасына:
4110 «Өз алдына балансқа ажратылған бөлимлерден алынатуғын счетлар» филиал ҳәм ўәкиллик пенен алып барылатуғын есап-китаплар бойынша валюта курсының унамлы парқы суммасына ;
6210 «Дисоконт (шегирме) көринисиндеги мүддетке узайтырылған дарамат» счеты мүддети узайтырылған қарыз бойынша валюта курсының унамлы парқы суммасына.
9550 «Узақ мүддетке ижараға бериўден алынған дәраматлар» счетында мүлкди узақ мүддетли ижәраға бериўден алынған дәрамат сәўлеленип төмендеги проводкалар менен рәсмийлестириледи:
4810 «Узақ мүддетли ижара бойынша алынған ағымдағы төлемлер суммасы.
Дт. 6230 «Мүддети узайтырылған дәрамат» ағымдағы бөлими.
Кт. 9550 «Узақ мүддетке ижараға бериўден алынған дәраматлар».
- Узақ мүддетке тийкарғы қуралларды ижараға бериўден алынған дәрамат суммасына.
Дт. 7290 «Басқа да мүддети узайтырылған миннетлемелер».
Кт. 9550 «Узақ мүддетке ижараға бериўден алынған дәраматлар».
9560 «Баҳалы қағазларды қайта баҳалаўдан алынған дәраматлар» счетында баҳалы қағазларға қойылған қаржыларды қайта баҳалаўдан алынған дәраматлар есапқа алынады.
Узақ ҳәм қысқа мүддетли инвестициялар бойынша баҳалы қағазлардың номинал қунынан артық баҳаланған парқы суммасына 0610 «Баҳалы қағазлар» счетлары дебетленип 9560 «Баҳалы қағазларға қойылған қаржыларды қайта баҳалаўдан алынған дәраматлар счеты кредитленеди.
9590 «Финанслық хызмет бойынша басқа да дәраматлар» счетында жоқарыдағы счетларда сәўлеленбеген операциялардан алынған пайда сәўлеленеди.
Есабат дәўири соңында жоқарыдағы счетлардың кредит айланыслары төмендеги проводкалар менен ақырғы финанслық нәтийжеге өткизиледи.
Дт. 9510 «Роялти түриндеги дәраматлар»
Дт. 9520 «Дивидентлер түриндеги дәраматлар»
Дт. 9530 «Процентлер түриндеги дәраматлар»
Дт. 9540 «Валюта курс парқларынан алынған дәраматлар»
Дт. 9550 «Узақ мүддетке берилген ижарадан алынған дәраматлар»
Дт. 9560 «Баҳалы қағазларды қайта баҳалаўдан алынған дәраматлар»
Дт. 9590 «Финанслық хызмет бойынша басқа да дәраматлар»
Кт. 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже»



Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish