Р.И.Авенесов. В.Г.Орлова. Вопросы изучения диалектов языков народов СССР, Вопросы языкозанания. 1953 №5.
Н.А.Баскаков. Введение в изучения тюркских языков. М., 1962.
Н.А.Баскаков. Каракалпакский язык. т.т. 8-88 т. 1951,1952
Н.А.Баскаков. Краткая грамматика каракалпакского языкаю Турткуль 1981
Д.С.Насыров. Становление каракалпакского общенародного разговорного языка, и его диалектная система. Нукус,с1982
Е.Бердимуратов. Ҳәзирги қарақалпақ тили, лексикология, Нӛкис.1994.
Қарақалпақ тили лексикасының экспрессивлик-стильлик ӛзгешеликлери
Жоба:
Тил стиллери
Улыўма қолланыўшы лексика
Сӛйлеў тили лексикасы
Жазба стиллик лексикасы
Публицистикалық лексика
Илимий-стиль лексикасы
Ӛндирислик-техникалық лексика
Кӛркем әдебият лексикасы
Рәсмий ис қағазлары лексикасы
Таяныш сӛзлер: функциональлық стиль, тил стильлери, улыўма қолланыўшы лексика, сӛйлеў тили лексикасы, жазба стильлик лексика, илимий-стиль лексикасы, ӛндирислик- техникалық лексика, кӛркем-әдебият лексикасы, рәсмий ис қағазлар лексикасы.
Сораўлар:
Экспрессивлик-стильлик жақтан қарақалпақ тили лексикасы қандай стильлерге бӛлинеди
Улыўма қолланыўшы лексика дегенимиз не
Сӛйлеў тили лексикасының тийкарын қандай сӛзлер қурайды
Турмыстың барлық тәреплерин қамтый алатуғын стильге қайсы стиль жатады
Рәсмий ис қағазлары лексикасының ӛзине тән қандай ӛзгешеликлери бар
Сӛйлеў. Тил услублары
Тил илимпазлары услубты тилдиң тарийхый раўажланыўының даўамында дӛреген қубылыс сыпатында қарайды. Аўызеки ҳәм жазба түрде тил арқалы қатнастың түрли тараўларында оның жәмийетлик хызметиниң кеңейиўи, әдебий тилдиң раўажланыўы менен тил қуралларын қолланыўдың нызамлылығы дӛрейди ҳәм жетилиседи. Нәтийжеде тилдиң бир-биринен айырылатуғын, бир-бирине байланыслы услублық тармақлары пайда болады. Әдетте бул ҳәр қандай миллий тилдиң тарийхый раўажланыў ӛзгешеликлерине ғәрезли.
Тил илимпазлары услубқа тил фактларынан алып, тарийхый кӛз қараста анықлама береди. Мәселен, академик В. В. Виноградов тил услубын анаў я мынаў әдебият ямаса жазыў жанрына, анаў я мынаў турмыс тараўына, белгили бир социаллық жағдайға сәйкес семантикалық жақтан
бекитилген, экспрессивлик жақтан ӛлшенген, мақсетли түрде шӛлкемлескен тил қуралларының системасы сыпатында қарайды. Ал профессор А. Н. Гвоздев улыўма халықлық тил қуралларының күнделикли турмыста қолланыў жағдайларының түрлише иске асыўын еске ала отырып, улыўма халық тили системасында айырым шақапшалардың пайда болатуғынын, олардың ортақ тил қураллары менен бирге ӛзине тән, сол тараўда жийи қолланылатуғын бирликлерине ийе екенлигин кӛрсетеди, бундай улыўма халықлық тилдиң тармақларын тил услубы деп танылатуғынын айтады. Профессор Л.М.Ефимов услуб - бул тил қуралларының қолланылыў нызамлылықлары,
жәмлесиў жағдайы, ӛзгеше қурамы арқалы ажыралатуғын тилдиң тарийхый дәўирлер даўамында дӛреген тармақлары десе, Ю.С. Степанов тил услубына мынадай деп баҳа береди: «Күнделикли жәмийетлик турмыс жағдайында адамлар пайдаланатуғын тил арқалы қатнастың түрлери тил услубы, яки функционаллық услуб делинеди. Функционаллық услуб дегенде тилдиң хызмети, мақсети кӛзде тутылады. Солай етип тил услубларының ажыратылыўы адамның жәмийетлик искерлиги түрлериниң тармақларына сүйенеди. Тил қурылысының түрли жәмийетлик жағдайларда сӛйлеўши тәрепинен түрлише иске асырылыўын тил услублары деп белгилеўге болады.
Демек, тил илиминде усы күнге шекем услуб ҳаққында түрлише талқылар, түрлише анықламалар орын алып киятыр. Тил услубы бирде жазыў жанрына, турмыс тараўына, белгили бир жағдайға сәйкес таңлап қолланылатуғын тил қуралларының системасы сыпатында қаралса, екинши бир жағдайда ол белгили бир турмыс тараўына тән ӛзгешеликлерге ийе халық тилиниң тармақлары ретинде баҳаланады ҳәм т.б.
Тил стилин лексикалық базада қарап, сӛзлик қурамға экспрессивлик-стиллик баҳа бериўде биз ең биринши нәўбетте улыўма пикир алысыўдың, тил арқалы қатнастың еки формада, яғный аўыз еки, жазба түрде иске асатуғынын нәзерде тутамыз.
Аўызеки түрде сӛйлескенимизде кӛбинесе пикиримизди әпиўайы түрде үлкен болмаған жай гәплердиң жәрдеми менен беремиз. Онда үлкен-үлкен оборотлар гезлесе бермейди. Тыңлаўшы да ӛз пикирин солайынша жеткереди. Аўызеки сӛйлесиўде диологлар жийи қолланылады. Гәплер барлық ўақытта толық болып келе бермейди. Айтыўшы менен тыңлаўшыға гәптиң не ҳаққында болып атырғаны белгили болғанлықтан, кӛбинесе гәптиң гейпара ағзалары түсирилип, тез ҳәм қысқа айтыла бериўи мүмкин. Оның үстине айтыўшы тыңлаўшыға ӛз ойын толық жеткериў ушын ӛзиниң ҳәрекетлеринен де пайдаланады. Сол арқалы ӛзи де гәпке тиккелей қатнас жасап отырады. Гейде тыңлаўшының сораўына сӛзсиз, бас ийзеп-ақ жуўап қайтарып қойыўы мүмкин.
Ал жазба түрде болса, биз гәптиң грамматикалық жақтан дурыс қурылыўына, айтылайын деген ойдың берилиўине, әдебий тил нормалары тийкарында сӛзлердиң таңлап алыныўына айрықша турмыс тараўының ӛзгешелиги де толық сақланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |