Жазба услублық лексикасы
Жазба услуб жазыўдың, жазыў мәдениятының пайда болыўы ҳәм раўажланыўы тийкарында дӛрейди, қәлиплеседи ҳәм жетилисип барады. Объектив талапларға сәйкес жазыўдың улыўма халықлық сыпат алыўы оның жәмийетлик хызметин тағы да кеңейтип отырады. Айтайық, Октябрьге шекемги дәўирде де қарақалпақ халқының жазба тили бар еди, бирақ ол қалың кӛпшиликтиң хызметинде бола алмады. @алаба саўатсызлық сол жазба тилден, жазыў мәдениятынан кең пайдалыныўға мүмкиншилик бермеди. Октбярьге шекемги жазба тил халық турмысында шекленген еди. Солай да бул жазыў тилиниң халық сӛйлеў тилине қарағанда ӛзине тән ӛзгешеликлери, белгилери болады. Мәселен, бизге келип жеткен жазба естеликлерде, айтайық ис қағазларына байланыслы ҳүжжетлерде ӛзгеше баянлаў, турақлы баянлаў формасы, сӛз таңлаўшылық белгилери арнаўлы ислер ҳәм ис қағазлары услубының қарақалпақлар турмысында ертеде-ақ пайда болғанлығынан дерек береди. Сондай-ақ кӛркем-беллетристикалық услубтың да иргеси ертеде қаланған. Классикалық әдебият шығармаларында кӛринетуғын поэтикалық услуб оның айқын гүўасы болып табылады.
Қарақалпақ халқы соңғы жыллар ишинде ӛз ана тилиндеги миллий жазыўына, қәлиплескен жазба әдебий тилине ийе болды. Әдебий тилдиң кем-кем раўажланыўының барысында жазба тил услублары да қәлиплесип, кеңейип ҳәм жетилисип келмекте. Усыған сәйкес қарақалпақ тилиниң сӛзлик қурамында сол услубларға байланыслы жеке лексикалық-услублық қатламлар дӛреди.
Ҳәр қандай жазба услуб ӛзиниң раўажланыў дәўиринде усы тараўда жийи қолланылатуғын лексикалық бирликлерди пайда ететуғынлығы белгили. Бирақ бундай лексикалық бирликлер сол услубтың пайда болыўы менен бирден қәлиплесип кете бермейди. Олар халық толғаўынан ӛтип ысылады, жеделлеседи. Нәтийжеде турақлы түрдеги услублық жақтан шекленген арнаўлы сӛз қатламлары пайда болады.
Қарақалпақ әдебий тилиниң услублық тармақшалары ӛзиниң тарийхый раўажланыўының барысында мине сол жағдацйларды басынан кеширди.
Ҳәзирги қарақалпақ тили лексикасында ӛзгеше белгилери менен бир-биринен ажыратылатуғын бир неше услублық қатламларды кӛриўге болады. Олар публицистикалық, илимий-терминологиялық, кӛркем-әдебий ҳәм рәсмий ис қағазлары услубларына байланыслы лексикалық қаламлардан ибарат.
Публицистикалық услуб тийкарынан қарақалпақ әдебий тили тарийхында оның раўажланыў дәўиринде пайда болған ҳәм жедел услуб сыпатында қәлиплескен функциональлық услубының биринен ибарат.
Do'stlaringiz bilan baham: |