Улыўма қолланылыўшы лексика
Тил услублары, олардың бир-биринен ӛзгешеликлери, байланысы ҳаққында сӛз етилгенде барлық услублар ушын ортақ улыўма тил қуралларын анықлаў объектив түрде биринши жобаға шығады. Сонлықтан бул мәселе кӛпшилик тил илимпазларының айырықша нәзерин аўдарып киятыр. Олар бундай улыўмалық сыпатқа ийе болған ортақ тил қуралларының тил услублар системасындағы орнын айрықша белгилеп ӛтеди.
Ҳақыйқатында да қайсы тилде болмасын оның фонологиялық лексикалық ҳәм грамматикалық қурылысында барлық услублар ушын ортақ сыпатқа ийе улыўма тил қуралларының болыўы-заңлы қубылыс. Ал услублық тил байлықлары болса тилдиң жәмийетлик хызметиниң кеңейиўи ҳәм раўажланыўына байланыслы сол улыўма ортақ тил байлықларының тийкарында иске асады. Турмыстың барлық тараўлары бойынша да баянлаўышының қандай кәсипте екенлигине, қайсы услубта баянлаўына қарамастан, оның тийкарғы лексикалық қуралы сыпатында хызмет ететуғын сӛзлер топары бар. Сӛйлеў тили ме, кӛркем әдебият шығармасы ма, илимий әдебият па, рәсмий ис қағазлары ма - олардың барлығы да мине сол тийкарғы сӛзлик байлықтың тийкарында дӛрейди. Бул сӛзлик топар ҳеш қандай ӛрис таңламастан қолланыла береди, ҳеш қандай услублық шеклениўшиликке ийе емес. Сонлықтан да олар тил лексикасының тийкары ретинде хызмет атқарып киятыр.
Аўызеки сӛйлеў тили ушын да, жазба услублар ушын да ортақ ҳәм тийкарғы сӛзлик байлық ретинде қолланылатуғын сӛзлер улыўма қолланылыўшы лексиканы қурайды. Олар қарақалпақ тилиниң сӛзлик қурамының басым кӛпшилигинен ибарат. Мысалы: адам, нан, китап, қағаз, ай, күн, түн, суў, таў, тас, жер, қуяш, ат, жылқы, сыйыр, мен, ол, сен, биз, сиз, ертең, бүгин, кебир алыў, ислеў, оқыў, уйқылаў, жүриў, көриў, отырыў, турыў, бир, еки, үш, төрт, бес, алты, жети, сегиз, тоғыз, он, жигирма, мың, ақ, сары, жақсы, жаман, мазалы, үлкен, пәс, бийик, жоқары, төмен, жарық, қараңғы, дурыс, беккем т.б.
Бундай сӛзлердиң улыўма қолланыўшылық қәсийете сонда, бириншиден, олар ең тийкарғы түсиниклердиң атамалары ретинде қарақалпақ тилиниң сӛзлик қурамында белгили орнына ийе, екиншиден, турмыста жийи қолланылады, үшиншиден, қарақалпақ тилинде сӛйлеўши ҳәр бир адамның жеке лексикасының тикарын қурайды, тӛртиншиден, барлық кәсип ийелери ушын бирдей түсиниклиликке ийе, бесиншиден, тил услубларының қайсысында болса да тийкарғы лексикалық байлықты қурайды ҳәм т.б.
Эмоциональлық-экспрессивлик кӛз қарастан сӛйлеўшиниң сол сӛз арқалы аталатуғын зат яки қубылысқа болған анаў я мынаў ӛзгеше қатнасын аңлататуғын қосымша мәни бояўы жеке турғанда улыўма қолланылыўшы лексика бирликлеринде сезилмейди.
Қарақалпақ тилиниң раўажланыўының соңғы дәўиринде мийнет бахыт дереги адамлардың турмыс талабы сыпатында танылыўына байланыслы мийнетке жаңа кӛз-қарас пайда болды. Халық жәмийеттиң материаллық байлықларын дӛретиў тараўында жаңа табысларға ерисиўдиң, мийнетти ӛнимли шӛлкемлестириўдиң дӛретиўши усылларын табыў, оны турмысқа ендириўдиң кең мүмкиншиликлерине ийе болды. Усы тийкарда тилимизде баслама сӛзи пайда болды. Бул сӛз қарақалпақ тилиниң лексикасына ӛндириске байланыслы жаңа сӛз түринде кенлип қосылды. Ол қосымта қосылыў арқалы басла сӛзине -ма қосымтасының қосылыў арқалы жасалған. Ал болымсыз түриндеги баслама сӛзиниң мәниси пүткиллей ӛзгеше. Еки сӛз де сыртқы формасы жағынан бирдей қосымтаға ийе болғаны менен, мәниси, хызмети бойынша бир-биринен алыс грамматикалық формалардан ибарат. Бириншиси басла фейил сӛзинен болымсыз мәни аңлатыўшы фейил формасы дӛреген болса, екиншиден сол фейил тийкарынан жаңа мәнили термин түриндеги атлық сӛз жасалып тур.
Ушырасыў, ҳәптелик, баспа сөз, халық аралық усаған жәмийетлик-публицистикалық услубқа, келисиў, жупкерлесиў, басқарыў, космос кеңлиги усаған илимий услубқа тән терминлер де анаў я мынаў сӛз жасаў усылы арқалы улыўма қолланылыўшы сӛзлерден жасалған лексикалық- услублық бирликлерден ибарат.
Аўызеки сӛйлеў тили лексикасы да, жазба услуб лексикасы да улыўма қолланылыўшы лексика тийкарында раўажланады. Бир-биримиз бенен пикир алысыўдың, тил арқалы қатнастың еки түринде де тек сол бийтәреп сӛз қатламының жәрдеми менен иске асады.
Do'stlaringiz bilan baham: |