Публицистикалық услубтың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы күнделикли баспа сӛз, сиясий әдебиятлар, илимий-публицистикалық мийнетлер, мақалалар, пикир, памфлет, фельетон, хабар, бас мақала, репортаж, баянат, сырт ел хабарлары, т.б. усаған арнаўлы жанрлық тармақшалардың жазба услуб тараўында кең ӛрис алыўы тийкарында иске асты. Бул әдебий тилдиң лексикалық- семантикалық жақтан байыўына ӛнимли тәсирин тийгизди. Онда кӛлеми жағынан бай жәмийетлик-публицистикалық лексика жүзеге келди. Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң сӛзлик қурамында публицистикалық лексика қолланылыўы жағынан усы услубқа тән үлкен бир лексикалық қатламды қурайды. Мысалы: гүрес, азатлық, еркинлик, парахатшылық, бирге ислесиў, демократи, ғәрезсизлик, капитализм, империализм, колониализм, деклорация, ассамблея, әнжуман, авангард, сиясат, экономика, капиталистлик система, ҳуқық, бас еркинлиги, сөз еркинлиги, палата, кеңес, аўқам, патриот, патриотизм, гуманизм, адамгершилик, идея, интернационализм, республика, конструкция, қәўипсизлик, дағдарыс, сөйлеў, жумыссызлық, депутат, конгресс, класс, шөлкем, социаллық жағдай, жәмийет, фашизм, теңсизлик, эксплуатация, азатлық гүрес, жәмийетлик жумыс, халық хожалығы, бес жыллық жоба, баслама, үгит-нәсият, мәдений дәреже, шөлкем, даңқ, жергиликли орынлар, пахташылық, мал шарўашылығы, ўазыйпа, суў ресурслары, егис майданы, өзи боладылық, пахташылық районы, баянлама, миннетлеме, сиясий-хожалық, ылғаллы бригада, жаңа адам, жаңа күшлер, қәўендерликке алыў, ен жайыў ҳәм тағы басқалар.
Күнделикли баспа сӛз, жәмийетлик-сиясий әдебиятларарқалы сәйкес жаңа түсиниклердиң пайда болыўы менен сӛзлер ҳәм терминлер дӛрейди. Мәселен, публицистикалық услуб лексикасында жәмийетлик-сиясий мәниге ийе революция, диктатура усаған терминлердиң дӛреўи әйтеўир бола қойған қубылыс емес. Бул қарақалпақ халқының турмысында жәмийетлик ойлардың раўажланыўы, Октябрь революциясы халық диктатурасының орнаўы менен байланыслы.
Қарақалпақ әдебий тилиниң жәмийетлик-публицистикалық лексикасы тараўында кӛзге түсетуғын елеўли қубылыслардың бири соннан ибарат, кӛпшилик сӛз ҳәм терминлер ӛзлериниң қәлиплесиў дәўиринде түрли формаларда қолланылып келди. Мысалы: заң-нызам, ҳуқық-право, жас буўын-жас әўлад, инқылаб аўдарыспақ-революция, үгитлеўши-пропагандист, жойбар- план, тап-жамай-класс, капиталшы қатнасық-капиталистлик қатнас, дара меншик-жеке меншик, кӛпшилик меншиги-жәмийетик меншик, жамайсыз жәмийет-классыз жәмийети, кееңслер аўқамы-советлер союзы, сиясий шақап-сиясий бӛлим, жыллық жойбар-жыллық план, аўыл кеңеси-аўыл совет, лазымлы орынлар-тийисли орынлар, хаткер-секретарь, ықтысад- экономика, ықтысадый бас кӛтериў-экономикалық гүрес, жамайы душпан-класслық душпан, исши жумыскер-рабочий, жумыскер күши-рабочий күши, т.б.
50-жыллар жәмийетлик-публицистикалық лексиканың жасалыў ҳәм қолланыў нормаларының дерлик қәлиплескен дәўири деўге болады. Буған баспа сӛз бетлеринде сӛзлер менен терминлердиң улыўма халықлық бирдейлик сыпатта ӛзлестириўи, олардың қолланылыўындағы мәниси ҳәм формасы бойынша бирден-бир норманың қәлиплесиўи дәлийл бола алады.
Жәмийетлик-публицистикалық лексиканың қәлиплесиўинде сәйкес сӛзлер менен терминлердиң халық талғаўынан ӛтиўи, ысылыўы, әдебий тилдиң раўажланыўындағы объектив талаплар тийкар болды.
Булардың барлығы да қарапалпақ тилинде жәмийетлик-публицистикалық лексиканың белгили дәрежеде байыўына себепши болды.
Ҳәзирги заман қарапалпақ әдебий тилинде 50-жылларға шекем түрлише қолланылып келген жоқарыдағы сӛзлер ҳәм терминлер тӛмендегише қәлиплесип отыр: нызам, ҳуқық, жас әўлад, революция, үгит-нәсият, жоба, класс, капиталист, қатнас, жеке меншик, жәмийетлик меншик, классыз жәмийет, советлер аўқамы, сиясий бөлим, жыллық жоба, аўыл кеңес, тийисли орынлар, хаткер, экономика, экономикалық гүрес, класслық душпан, рабочий, рабочий күши, ақ алтын, сары алтын, қара алтын т.б.
Жәмийетлик-публицистикалық лексика услублық жақтан ӛзиниң дәл ҳәм анықлылығы менен сыпатланады. Ондағы кӛпшилик бирликлер услублық жақтан образлы мәниге ийе болып келеди. Бул мәни публицистика тараўында авторлық баянламаның эмоционаллық тәсирлилигин дӛретиўге себепши болады. Мәселен, қарапалпақ тилиниң сӛзлик қурамында пахта териў машинасы, телевизор, пахта, салы, нефть сӛзлери бийтәреп мәниге белгили бир жағдайларда, белгили бир контекстте оқыўшыда эмоциялық жақтан тәсирлендириўши мәни бояўын алыўы мүмкин. Жеке турғанда онда образлы мәни айырықшалығы сезилмейди. Публицистикалық услуб тараўында бул сӛзлер көкелбетликлер корабль, көкелбетликлер экран, ақ алтын, сары алтын, қара алтын түриндеги ҳалында да қосымша услублық мәни ӛзгешелиги айқын сезиледи. Автор публицистикалық баянлаўда оқыўшыда айырықша эмоциялық тәсирлениўшиликти пайда етиў ушын усындай услублық мәни бояўларынан жийи пайдаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |