%збекстан республикасы жо№ары


Ӛндирис-техникалық лексика



Download 148,54 Kb.
bet20/33
Sana23.02.2022
Hajmi148,54 Kb.
#127476
TuriЛекция
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   33
Bog'liq
509 (1)

Ӛндирис-техникалық лексика


Халықтың материаллық ҳәм мәдений турмысында жүз берген ҳәр қандай ӛзгерис тилдиң сӛзлик қурамында ӛз кӛринисине ийе болады.


Пүткил елимизде халық хожалығының раўажланыўы, ӛндирис тараўларының, мийнет етиўдиң кәсиплик түрлериниң кеңейиўи, ӛндириске илим ҳәм техника жетискенликлериниң ӛндирилиўи сәйкес ӛндирислик-техникалық түсиниклерди аңлататуғын атамаларды пайда етти.
Бул қубылыс әдебий тилде қурамы жағынан оғада бай ӛндирислик-техникалық лексиканың қәлиплесиўин ҳәм оның бурынғыдан бетер раўажланыўын тәмийин етти.
Октябрьге шекемги дәўирде қарапалпақлар тийкарынан алғанда дийханшылық, шарўашылық, балықшылық, майда ӛнрементлик ҳәм т.б. ислер менен шуғылланып келгенлиги белгили. Усыған байланыслы, кп тилиниң сӛзлик қурамында жоқарыда аталған турмыс тараўларына тән кәсиплик белгиге ийе лексикалық бирликлер белгили орын алып келди. Мысалы: а) дийханшылыққа байланыслы: жазлық, гүзлик, ақ егис, кӛкелбетликлер егис, гүз сүриў,
тап, тап салыў, мала басыў, себиў, жасырыў, ала кесек атыз, қыйтақ, ушық, сүт болыў, қара кӛз, ақ буўдай, қызыл буўдай, бӛртиў, қызыл тары, урқан, урқан атыў, еки қулақ, масақ, масақлаў, бәҳәрги суў, гүзги суў, ийнелик болыў, сары тал болыў гүрбек, гүлабы, жийде жапырақ, азғын алаке, гүрбек, шубар болыў, қошқар болыў, кӛк, пашалаў, буўаз болыў, қамыр болыў, жүз жуўыў, торлаў, пәлек жайыў, әскек, найша, найшалаў, ақ салы, қызыл салы, домбық, шанақ, бас салма нуқыл ерик, келин бармақ, еркек гешир, тышқан қуйрық, ныш пыяз, сәлле асқабақ, май шопақ, кемпир бет, секерпара, торнабет т.б. ¹ос, гүнде, мойындырық, пазна, мала, шығыр, кериз, наўа, азна, алқын орақ, кескирт, кетпен, атқос, ӛгиз, қос, ешек ҳәм т.б.
б) балықшылыққа байланыслы: бекире, сыла, ала буға, торта, шабақ, тыран шабақ, бӛрте, сүўен, қара кӛз, жайын, ылақа, ылапыш, ийт балық, аў, қайық, кеме, аў кеме, азна, қара қус, ийнелик, ийнелик салыў, жер қараў, майлаў, нәрте, шабақ аў, сүўен аў, торта аў, қашыў, ескек, қыйратпа, шана, желқом, қалыйма, тӛккиш, асай-масай, шанышқы, тӛслик, билезиклик, ӛт қақпаў, уўылдырық, қанаў, жылым, салдаў, салдаў тартыў т.б.
в) майда өнерментшилик ислерине байланыслы: кӛрик, тӛс балға, қысқыш жоңғы, нәл балқытыў, суўғарыў, шыңлаў, кепсерлеў, дүкан, темир дүкан, ӛре, таға, тағалаў, гүлал, писириў, ӛриў, пилте, пилтелеў, сырыў, қозақ, мәки, шарық, гүлле, сазғап, табан ағаш, қылыш, арқаў, ийик, шығыршық, уршық, ийлеў, қәлип, биз, созан, ултарыў, баслық, баслық салыў, жетим ултан, пәтимек, сири, сирилеў, зергер, қас, қас қойыў т.б.
г) шарўашылыққа байланыслы: жазлаў, қыслаў, үйир, пада, дӛнен, ғунан, қырықпа, туўша, қашар, буўаз, жайлаў, уўыз болыў, түлеў, отар, отарға шығыў, жанлық, саўлық, қара мал, исек, серке, тартылған, туў байтал, шаңлақ, мелле, ақ тӛс, ақ қасқа санаў, соқа, мәлши, қырқыў ҳәм т.б.
Булар тийкарғы ӛндирис тараўларына, кәсипке байланыслы дӛреген арнаўлы лексикалық бирликлерден ибарат. Олар кәсиплик техникалық түсиниклердиң атамалары сыпатында Октябрьге шекемги қарапалпақ тилинде арнаўлы лексиканы қурайтуғын еди.
Белгили кәсип тараўы бойынша жоқарыдағы атамалар аңлатқан затлардың, қубылыслардың турмыслық жеделлиги, кең қолланылыўы, сондай-ақ олардың узақ жыллар даўамында халық талғаўында болыўына қарай, кӛпшилик әдеттеги сӛзлердей болып кеткен. Мәселен, алма, алмурт, жийде, жазлық, гүзлик, қос, гүнде, пазна, суўғарыў, бөрге, ылақа, шабақ, саўлық туўша, жорға ҳәм тағы басқалар. Булар кәсипке байланыслы арнаўлы бирликлер сыпатында дӛреди ҳәм қарапалпақ тилиниң раўажланыўының белгили дәўирлеринде кәсиплик терминлер хызметин атқарып келди. Ҳәзир олардың басым кӛпшилигиниң терминлик мәниси сезилмейди.
Қарақалпақстанда халық хожалығының раўажланыўы менен аўыл хожалығы тараўында да, санаат тараўында да үлкен ӛзгерислер пайда болды, ӛндирис тараўлары кеңейди, мийнет етиўде, ӛндиристи шӛлкемлестириўдиң жаңа усыллары пайда болды. Мийнет ӛнимдарлығын арттырыўға бағдарланған илмий-техникалық жетискенликлер турмысқа кеңнен ендирилди.
Усыған сәйкес функциональлық жақтан белгили кәсип тараўлары бойынша жаңа терминлердиң топары кӛбейип барды. Мәселен, Қарақалпақстан елимиздиң пахта жетистириўши районларының бирине айналды. Бул жағдай тилдиң сӛзлик қурамында пахташылық бойынша толып атырған жаңа кәсиплик атамалардың дӛреўине себепши болды: коллектор, шигит егиси, қызыл аяқ, культивация, культивациялаў, ғаўаша тәрбиясы, агротехника, агротехникалық қәделер, жумсартыў, сийреклетиў, механизатор, қатар-ара, жергиликли төгин, минерал төгинлер, азықландырыў, шырпыў, пахта мамығы, пахта талшығы, жипек пахта, атыз шертеги, фартук, терим, пахта терими, пахтакеш, еки бағдарда ислеў, пахта өсимлиги, ғөрек, ғоза-пая, қосымша тәрбия, бас салма, нәл алыў, сайланды торт т.б.
Пахташылық ислерине техника жетискенликлериниң ӛндирилиўи арқалы кӛп ғана техникалық терминлер пайда болды: механизация-трактор, культиватор, плуг, териў машинасы,

Download 148,54 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish