Терминлер ҳәм оның турақласыўы ҳаққында
Қарақалпақ терминологиясы ӛзиниң раўажланыўында үлкен тарийхый жолды ӛтти. Сол дәўирлер ишинде ӛзлик терминологиялық қатламға турмыс талапларына сәйкес ӛзге тиллерден терминлер аўысып та отырды. Бунда түрли қолайсыз жағдайлардың да орын алып келгенлиги белгили. Айтайық, белгили бир дәўирлерде орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден аўысыўшы терминлерди орынсыз аўдарыў жағдайы.
Мәселен, интернациональлық-сыпатламадағы революция, интернациональ, партия усаған терминлер қарапалпақ тилине аўдарыспақ, бәйнәнмийнәл, парха түринде аўдарылып берилди. География термининиң жағырафия, природоведение-жаратылыс, жаратылыс таныў, текст-үзимте, совет-шора, класс-жамай, договор-қантерек, финанс-мәлия, поезд-отарба, самолет-ҳаўа кеме, массовая пропоганда-кӛпшилик үгитлеў, т.б. атамалар да қалай болмасын қарапалпақшалап алыў бағдарында қабыл етилип алынған терминлер еди.
Әдебий тилдиң раўажландырыўындағы объектив талаплар, нызамлылық кем-кем қәлиплесиўи ҳәм жетилисиўи нәтийжесинде қарапалпақ терминологиясы системасында улыўма халықлық норма дӛреди, терминлерди арнаўлы атама сыпатында таныў ҳәм таңлаўдың принциплери, терминлердиң жасалыў жоллары нызамлылық ретинде тастыйықланды. Нәтийжеде, ҳәзирги күнде теринлер қарапалпақ тилиниң сӛзлик қурамында ӛзине тән айырықша ӛзгешелик белгилерине ийе болды:
термин арнаўлы уғымлы анықлаўшы арнаўлы атама~
термин илим ҳәм техника, жәмийетлик-сиясий турмыс ҳәм мәденият, санаат ҳәм аўыл хожалығы, т.б. байланыслы арнаўлы уғымларды дәл анықлайды~
анаў я мынаў терминология тараўында ҳәр қандай терминниң мәниси сәйкес уғымға тең келеди, сонлықтан ол бир мәнили, яғный моносемьялық сыпатта болады~
термин кәсиплик мазмунға, улыўма халықлық белгиге ийе~
терминлер сӛзлик қурамдағы ең ҳәрекетшең ҳәм удайы ӛзгерислер енип отыратуғын айрықша сӛзлик қатламды қурайды~
терминде әдетте қосымша мәни образлығы, қосымша мәнилик бояў жоқ, бийтәреп функционаллық жақтан арнаўлы турмыс, тараўына белгили ҳәм таңлап қолланылады~
терминлер рәсмийлестирилген лексикалық бирликлер, жәмийетлик бақлаў арқалы тәртиплестирилип барыўға мүтәж, т.б.
Ҳәзирги күнде қарапалпақ терминологиясы системасында терминлик атамалардың жасалыў жоллары да нызамлылық сыпатында қәлиплескен. Олар тӛмендегише:
Лексикалық-семантикалық усыл
Морфологиялық усыл
Синтаксислик усыл
Ӛзге тилден сӛз аўысыўы арқалы
Лексикалық-семантикалық усыл арқалы сӛзлик қурамда бурыннан бар анаў я мынаў сӛзге қосымша терминлик мәни жүкленеди, сӛз терминлеседи. Мәселен, күш, гәп, гүрриң, қаҳарман, ултан, мийнет усаған сӛзлер әдетте кӛп мәнили сӛзлер ретинде тилде әзелден қолланылып киятыр. Ал соңғы дәўирде түрли илим тараўларында пайда болған жаңа илимий уғымларды дәл анықлаўшы терминлик мәнилерди қабыл еткенлигин кӛремиз: күш, физика, гәп, лингвистика, гүрриң, әдебияттаныў, қаҳарман, арза гүўалық, ултан, геометрия, мийнет, илим т.б.
Бундай терминлик мәнилерди қабыл етиў тийкарында лексикалық-семантикалық усыл арқалы жасалған терминлер тилимизде оғада кӛп.
Морфологиялық усылдың жәрдеми менен қосымталар қосылыў арқалы терминлер жасалады: шын-лық (филос) тез-лик, (физика) теңлик, тең-сизлик (сиясий) сызық-ша (линг) ата- лық, ана-лық (биол) ерит-пе (химия) бирик-пе (химия) кӛнлик-пе т.б.
Синтаксислик усыл арқалы жасалған терминлер сӛз дизбеклери түринде қәлиплеседи, терминлик бир мәнини аңлатады: жәмийетлик қатнас (сиясий), зат алмасыў (биол), асқазан асты безлери (физиол), хожалық есап (экономика), ӛнимниң қуны (экономика), кӛрсетпели қураллары (пед).
Ӛзге тилден аўысыў усылы. Терминлер пайда болады. Бул усыл арнаўлы белгилеп ӛтиўди керек етеди.
Соңғы дәўирде басқа миллет тиллери сыяқлы қарапалпақ әдебий тилиниң сӛзлик қурамына орыс ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден терминлердиң аўысыўы оғада жедел ҳәм жийи қубылысқа айналды. Орыс халқы менен экономикалық, сиясий ҳәм мәдений байланыслар, орыс тилиниң жәмийетлик ӛрисиниң кеңейиўи, оның миллетлер аралық қатнаста қолланылыўы орыс тилинен лексикалық бирликлердиң аўысыў исин, интернационаллық топарының кӛбейиўи әдеўир тезлетип жиберди. Кӛрнекли тюрколог Н.А.Баскаков белгилеп ӛткениндей, қарақалпақ тилиниң сӛзлик қурамы орыс ҳәм интернационаллық лексиканың, әсиресе илимий терминологиялық келип кириўи кем-кемнен кӛбейди. Ҳәзирги қарақалпақ тилиниң илимий ҳәм жәмийетлик сиясий терминологиясы тараўында аўысқан лексикалық бирликлер ҳәттеки қарақалпақлардың ӛзлик терминлеринен артық келеди.
Ҳақыйқатында да қарақалпақ терминологиясы системасында орыс тилинен, орыс тили арқалы баса тиллерден терминлерди қабыл етиў оғада ӛнимли сыпат алып отыр. Қайсы терминологиялық тармақты алып қарасаң да, онда орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа индиевропа тиллеринен келип кирген сӛзлерди кӛплеп ушыратыўға болады.
Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден терминлердиң аўысыў жағдайына лингвистикалық кӛз-қарастан нәзер аўдарсақ, олардың улыўма үш усылда қабыл етилгенин байқаймыз.
Do'stlaringiz bilan baham: |