Жазба услубқа тән фразелогиялық сӛз дизбеклери
Жазба әдебиятлар лексикасына тән, сол тараўда услублық жақтан шеклене қолланылатуғын фразелогизмлер жазба услублық фразелогиялық сөз дизбеклери қатламын қурайды. Олар ӛриси жағынан ортақ услублық қатлам элементлерине қарағанда әдеўир тар ҳәм жазба услубтың анаў я мынаў тармақшасына хызмети жағынан бекитилген бирликлер сыпатында танылады. Мәселен, ўатан ийгилиги, айдын жол усаған фразелогизмлер жәмийетлик-публицистикалық услуб тараўында пайда болған ҳәм сол тараўда бейимли хызметте, жийи ушырасады.
Жазба тил услубына тән фразелогиялық лексика фразелогиялық сӛз дизбеклериниң белгили бир топарын қурайды. Ол-жазыўдың жәмийетлик хызметиниң айта қаларлықтай кеңейиўине байланыслы дӛреген қатламлардың бири. Жазба тил услубының тармақлары кӛп, ҳәр бир тармақшы ӛз гезегинде ӛзине тән фразелогиялық сӛз дизбеклерине ийе.
Қарақалпақ әдебий тилиниң жазба услублық тармақшаларына сәйкес фразелогиялық лексика тараўында тӛмендегише айырым-айырым топарларды кӛриўге болады:
Жәмийетлик-публицистикалық фразелогизмлер. Буған публицистикалық услубқа байланыслы әдебиятлар да жийи ушырасатуғын, қолланылыў ӛриси бойынша усы тараўға бейим турақлы сӛз дизбеклери киреди: азатлық гүрес, бас еркинлиги, жарқын келешек, ўатан ийгилиги, мийнет кӛтериңкилиги, кӛк экран, мийнет вахтасы, сары алтын, т.б.
Илимий - фразелогиялық лексика. Ҳәр қандай илим тараўына тән турақлы сӛз дизбеклери илимий - фразелогиялық лексиканы қурайды.
Қарақалпақстанда соңғы жыллар ишинде илимниң раўажланыўына байланыслы кӛп ғана илимий әдебиятлардың пайда болғанлығын кӛремиз. Бул сӛз гезегинде, қарақалпақ тилиниң лексикасында илимий услубқа тән турақлы сӛз дизбеклериниң пайда болыўына себепши болды. Илимий түсиниклердиң атамасы түриндеги турақлы сӛз дизбеклериниң саны күн сайын кӛбейип бармақта. Усыған сәйкес илимий - фразелогизмлер де раўажланған лексикалық қатламлардың бирине айналып отыр. Мәселен, магнит майданы, тең өлшеўли туўры сызықлы қозғалыс, сиясий экономия, айырмаланған ағза, қыя толықлаўыш, т.б. илимий қоспа терминлер күнделикли турмыста қурамының турақлылығы, бир пүтин бирлик сыпатында таяр түринде пайдаланылыўы, компонентлериниң шекленген түрде ғана байланысыў қәбилети бойынша фразелогиялық сӛз дизбеклери системасында ӛз орнына ийе. Ал қолланылыў ӛриси, хызмети бойынша олар илимий услуб тараўына тән ҳәм сол тараўда жийи пайдаланылады.
Ҳәр қандай илим тараўларына байланыслы дӛреген турақлы сӛз дизбеклери илимий фразелогиялық сӛз дизбеклери деп аталады. Олар әдеўир муғдарда ушырасады ҳәм тилдиң лексикасын байытыўда тийкарғы дереклердиң бири сыпатында хызмет етеди.
Илимий фразелогизмниң айырықша бир топары ӛндирис ҳәм техникаға байланыслы дӛреген турақлы сӛз дизбеклерин ӛз ишине алады. Олар да илимий - терминологиялық сыпатламаға ийе. Мысалы: полат меридиан, темир бетон, тағы басқалар.
Do'stlaringiz bilan baham: |