%збекстан республикасы жо№ары


Ортақ услублық фразеологиялық сӛз дизбеклери



Download 148,54 Kb.
bet29/33
Sana23.02.2022
Hajmi148,54 Kb.
#127476
TuriЛекция
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33
Bog'liq
509 (1)

Ортақ услублық фразеологиялық сӛз дизбеклери


Аўызеки сӛйлеў тили ушын да, жазба услубтың барлық тармақлары ушын да бирдей, бийтәреп услублық сыпатқа ийе фразеологизмлер ортақ услублық фразеологиялық сөз дизбеклери деп танылды. Аўызеки түрде пикир алысқанымызда да, жазба түрде баянлаўда да бундай фразеологизмлер жийи қолланыла береди. Олар услублық ӛзгешеликке, қолланылыў шеклениўшилигине ийе емес. Ең жедел фразеологиялық сӛз дизбеклери сыпатында ӛрис таңламастан қолланыла береди.


Ҳәр қандай фразеологиялық сӛз дизбегиниң анаў я мынаў услубқа тән екенлигин ямаса оның ортақ услублық қатламға киретуғынлығын анықлаўда, сӛз дизбеги аңлататуғын қосымша мәнилик бояўды есапқа алып, қосымша мәниге ийе емес түрлерин ғана мәселен, темир жол, мийнет күн (ортақ услублық фразеологизмлер деп таныў мақсетке муўапық келмейди. Ӛйткени фразеологиялық сӛз дизбеклериниң кӛпшилигинде қосымша мәни бар. Олардың тилдиң айырықша байлығы, қаймағы болыўы да мине усыған байланыслы. Сонлықтан ортақ услублық қатлам дегенде олардың сӛйлеў услубында да ӛрис таңламастан қолланыла алыўын кӛзде тутыўымыз керек. Мәселен, қосымша мәни бояўы жоқ деген фразеологиялық сӛз дизбеги де, қосымша мәниге пышақ арқасы деген сӛз дизбеги усы еки тараўдың екеўинде де ӛрис таңламайды. Демек, олар ортақ услублық қатламның элементлери деген сӛз.
Ортақ стильлик фразеологиялық сӛз дизбеклери фразеологиялық лексиканың ең үлкен топарын ӛз ишине алады. Оған мына тӛмендегилерди киргизиўге болады: қырын қараў, ала мойнақ, көз бенен қастың арасында, қысқа жип гүрмеўге келмеў, күлин көкке ушыраў,аяғы жерге тиймеў, ийне менен қудық қазыў, қулақ түриў, көзи тыныў, көзге түсиў, тил қайтармаў, көзге илмеў, ийттен бир сүйек қарыз, ат үсти, қандай жуўас, табан тиреў, ер жүрек, ер туўған жерине, ийт-тойған жерине, алтаў-ала болса аўыздағы кетеди, төртеў түўел болса төбедеги түседи ҳәм т.б.

Сӛйлеў тили услубына тән фразеологиялық сӛз дизбеклери


Аўызеки сӛйлеў тилинде жийи қолланылатуғын фразелогиялық сӛз дизбеклерин сӛйлеў тили услубына тән фразелогиялық сөз дизбеклери деп аталады. Әдебий тилдиң нормалары кӛз қарасынан бундай лексикалық элементлер әдеўир ерси мәнилик айырықшалықларға ийе: ислер бес, жүз болыў, айылын жыймаў, атасының белине, шымбайына батыў, бәле болыў, гәптиң поскеллеси.


Сӛйлеў тили услубына тән фразелогиялық сӛз дизбеклерине вулгаризмлер де, мәдениятсыз сыпатламадағы турақлы сөз дизбеклери де киреди. Тил мәдениятының раўажланыўына байланыслы олардың қолланылыў ӛриси әдеўир тарайып кетти. Солай да кӛркем-әдебият услуб тараўына аўызеки сӛйлеў тили услубына тән фразелогизмлер кӛркем сӛз шебери тәрепинен белгили бир поэтикалық мақсетте пайдаланылыўы мүмкин.
Мысалы:
Молла (журтқа еситтирип)
Әдепсиз Арыўхан, немеҳрәм қатын, Журтқа тийер сениң кӛп кәсапатың, Егерде мен оның әкеси болсам,
Шылбыр есер едим буның шашынан
«Яр»-деп қышқырады-аў кӛптиң алдында.

Ал әкеси отыр былш етпей бунда, Кӛрмедим буныңдай арсыз әкени.


(И.Юсупов, «Актрисаның ығбалы»).

Бул мысалда сӛйлеў тили услубына тән фразелогиялық сӛз дизбеклери - тийер кәсепатың (кәсапаты тийиў), былш етпей. Олар шығармадағы қаарман тилине байланыслы колоритти дурыс бериў мақсетинде кӛркем сӛз шебери тәрепинен әдебий шығарманың лексикасына орынлы түрде енгизилген. Керекли жеринде турақлы сӛз дизбегиниң жеке компонентлери арасына сыйымлы түрдеги ӛзгерислер де киргизилген (тийер сениң көп кәсапатың, былш етпей). Халық тилинде булар кәсапаты тийиў, бети былш етпеў түринде қәлиплескен.


Соны да айтып ӛтиў керек, фразелогиялық сӛз дизбеклери қәлиплескен турақлы сӛз дизбеклери болғанлықтан, олардың халық тилиндеги таяр формалары сақланылған түринде қолланылыўы шәрт. Олай болмағанда орынсыз ӛзгерислер олардың мәнисине, улыўма тил нормаларына қайшы келеди. Жоқарыдағы мысалымызда жазыўшы бул мәселеге жүдә итиятлық пенен қараған.



Download 148,54 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish