Рәсмий ис қағазлары лексикасы
Рәсмий ис қағазлары услубы да ӛзине тән, функциональлық жақтан усы тараўда жийи қолланылатуғын сӛз ҳәм терминлерине ийе. Олар бул услубтың узақ жыллар даўамында тарийхый раўажланыўынық барысында дӛреди ҳәм улыўма халықлық кең қолланылыў уқыплылығына ийе болды.
Қарақалпақ тилинде рәсмий ис қағазлары услубының дәслепки элементлери Октябрьге шекемги дәўирде-ақ дӛреди. Бизге келип жеткен жазба естеликлердиң кӛпшилиги буған толық дәлил бола алады. Демек, рәсмий ис қағазлары услубы лексикасының арнаўлы бирликлер ретинде пайда бола баслаўы да мине сол дәўирден басланады. Бирақ Октябрьге шекемги рәсмий ис қағазлары лексикасы ески ӛзбек әдебий тилиниң, сондай-ақ жазыўдың араб графикасы тийкарына қурылыўына байланыслы араб парсы тиллериниң күшли тәсирин бастан кеширди. Сонлықтан ол гейпара фонетикалық ҳәм морфологиялық ӛзгерислерге ушыраған түринде қолланып келди: сәлемнамә (сәлемнама), аризнамә (арза), йазылмыш (жазылды), йасалмыш (жасалды), усы (ошбу, ошул), шул (сол), мәҳир (мӛр), қолум қойдум (қол қойдым), гүўахқлық (гүўалық), бәрча (барлық), тӛменги (тӛмендеги), исимләнмиш (аты кӛрсетилген), мӛҳир басыш (мӛр басыў), ӛтинч (ӛтиниш), айб (айып), чақырыў хат (повестка), чақырадур (шақырады) ҳәм тағы басқалар.
Ески рәсмий ис қағазлары услубының лексикалық қурамында басқа тиллерден аўысқан сӛзлер менен терминлер, мәселен, араб-парсы ҳәм орыс тиллеринен келип кирген бирликлер белгили муғдарда ушырасады.
Араб-парсы тиллеринен сӛзлердиң аўысыўы Орта Азияда жасаўшы кӛпшилик түрк халықларының, соның ишинде қарақалпақ халқының да турмысында үстемлилик сүрген ислам динине, араб-парсы сӛзлерин жедел түрде пайдаланыў жағдайына байланыслы болды. Қолда бар
ески жазыў естеликлериниң тилинде орын алған тӛмендеги сӛзлер мине сондай лексикалық бирликлерден ибарат: жаўа (даў), айб (айып), қәрар (қарар), әмийин (аўмийин), ахди (келисим, договор), эътибар (итибар), ант (ант), мәўләт (мәўлет), дәрежәли (дәрежели) ҳәм тағы басқалар.
Қарақалпақлардың орыс халқы менен экономикалық ҳәм мәдений байланысчлары әдеўир кеңейе баслаўы менен орыс тили арқалы қарақалпақ тилине орыс ҳәм басқа да тиллерден жаңа сӛзлер менен терминлер аўыса баслады. Олардың белгили бир бӛлеги рәсмий ис қағазларына тән бирликлерден ибарат, фәўәскә (повестка), расхот (расход), исбийке (список, дизим), нӛмир тилграм (телеграмма), дәбирнәс (доверенность), приказ пркәз (приказ), буйрық (указ), рафорт (рапорт) т.б.
Әдебий тилдиң раўажланыўы менен жазба естеликлер арқалы бизге келип жеткен барлық рәсмий ис қағазлары элементлери ӛзлериниң улыўма халықлық қолланылыў нормасына ийе болды. Олар турмыс талабына сәйкес халық талғаўынан ӛтти, ӛзгерислерге ушырап, ысылды ҳәм жетилисти, ҳәттеки гейпаралары қолланыўдан шығып та қалды. Мәселен, жазба ҳүжжетлердеги ариза-аризнамә, тӛбен-тӛмәнги сӛзлерин ысылып, арза, тӛмендеги түринде қәлиплесип кетти. Сондай-ақ ис қағазларына тән, пәка термини әдебий тилдиң сӛзлик қурамында неке түринде қәлиплесип кетти. Бирақ ол дәслепки мәнисинде емес, ал пүткиллей жаңа социаллық мазмунға ийе болды.
Октябрьден соңғы жыллар ишинде рәсмий ис қағазлары услубы функционаллық жақтан кеңейди. Халық хожалығын раўажландырыўдың барлық тараўлары бойынша бирге ислесиўдиң, ӛндирислик байланыслар менен қатнасықлардың мийнетти шӛлкемлестириўдиң жедел қуралына айналды. Турмыс талапларына сәйкес рәсмий ис қағазлары услубының ишки тараўларында жаңа услублық шақапшалар пайда болды. Булардың барлығы да тилге ис қағазларына тән арнаўлы сӛз ҳәм терминлердиң дӛреўине ҳәм кеңейиўине себепши болды. Тилимиздиң сӛзлик қурамында бурыннан бар кӛп ғана лексикалық бирликлердиң жазба услубтың усы тараўында қолланылыўы бойынша турақлы формалар қәлиплести: қарар, протокол, даўыс, даўыс бериў, даўысқа қойыў, буйрық, бийтәреп, реже, сыпатлама, усыныс, мәлимлеме, пәрман, нота, деклорация, шақырық, мирәәт, усыныс, өмирбаян, гүўалық, ҳүким, бюллетень, келисим, шәртнама, бәнт, параграф, акт, регламент, ескертиў, қошаметлеў, жоба, сөгис, телеграмма, ордер, хат, дизим, мағлыўмат, есап бериў, төмендегише, жүкленсин, тапсырылсын, қарап шығылсын, ҳүким етеди, ескертеди, бийкар етеди, есаплансын, билдиреди, хабарлайды, шақырады, усынады, усыныс етеди, бийкарлайды, соранаман, өтинемен, белгиленсин, сайлансын, тастыйықлансын, сыйлықлансын, сол себепли, төмендегише, мыналарды, төменедегилерди, қатнасыўшылар, қол қойыў, қол қойыўшылар, көширме, нусқа, сөз сөйлеў, дағаза, анкета, қарар етеди, тыңланды, мәселе ҳәм тағы басқалар.
Ески рәсмий ис қағазлары ҳүжжетлеринде фейиллерге байланыслы тарийхый жазба әдебий тилге тән морфологиялық формалардың орнына улыўма халықлық формалар қәлиплескен норма болып отыр (соранаман, тыңланды, шақырады, жүкленсин).
Қарақалпақ әдебий тилиниң сӛзлик қурамында рәсмий ис қағазлары услубының раўажланыўы менен фразеологиялық сӛз дизбеклери түриндеги арнаўлы бирликлер де кӛбейди: күн тәртиби, ашық даўыс, даўыс бериў, қол көтериў, жарыс сөз, кирис сөз ҳәм т.б.
Рәсмий ис қағазлары лексикасы арнаўлы түрде қолланылатуғын бай қатламға ийе. Ол әдебий тилдиң сӛзлик қурамын байытыўда тийкарғы дереклердиң бири хызметин атқарады.
Do'stlaringiz bilan baham: |