%збекстан республикасы жо№ары



Download 148,54 Kb.
bet24/33
Sana23.02.2022
Hajmi148,54 Kb.
#127476
TuriЛекция
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   33
Bog'liq
509 (1)

Кӛркем әдебият лексикасы


Турмыстың барлық тәреплерин қамтый алатуғын услкб-кӛркем әдебият услубы. Оның раўажланыўы кӛркем сүўретлеўдиң раўажланыўы менен тиккелей байланыслы.


Кӛркем әдебият услубы ӛзин образлылығы, эмоционаллығы, жалпы халықлық түсиниклилиги, кӛркем сӛз шебериниң шығарманың идеясына, жарлық ӛзгешелигине, қурылысына, эстетикалық талапларына сәйкес халық тилинен дӛретиўшилик пенен пайдаланыў зәрүрлиги арқалы иске асады. Мәселен, мына мысалды алып қарайық,

Түргелип ертеден жумысқа шығып, Қолында қабартып белиңди бүгип, Дизеңди сызлатып, мийнетин шегип, Жеген бир зағараң палдан жақсырақ.


(Бердақ, «Жақсырақ»)
Бул мысалда кӛркем сӛз шебери, халық тилинен жүдә пухталық пенен пайдаланған. Бунда оқыўшыға түсиниксиз сӛз жоқ. Грамматикалық кӛз-қарастан сӛзлердиң формаларында, бир-бири менен байланысында, гәп қурылысында ықшамлықтан басқа ҳеш нәрсе сезилмейди. Ҳәр бир сӛз, грамматикалық форма, ҳәр сӛз дизбеги, ҳәр бир гәп ӛз орнында. Олар бирин-бири толықтырып, бирин екиншиси жетилистирип тур. Қосықтың ҳәр бир сӛзинде, ҳәр қатарында образлық, тәсирли мәни ҳәм күшли эмоция сезиледи. Шығармалардың поэтикалық характерине сәйкес буўын бирлиги, рифмалық бирлик ҳәм т.б. сақланған.
Халықлық тил - кӛркем шығарманың тийкарғы қуралы. «#алаўын тапсаң, қар жанар» дейди халық даналығы. Кӛркем әдбеият услубының талабы ушын халық тилиниң қалаўлы табылыўы шәрт.
Орыстың жазыўшысы М. Горкий – тилдиң әжайып күш сыпатында кӛзге түсетуғын ҳақыйқат гӛззаллығы сӛзлердиң дәллиги, анықлылығы, образлылығы арқалы дӛрейтуғынлығын ескертеди. Ал кӛркем әдебият болса халық тилине тән усы әжайып күшлерди пухта пайдаланыўды керек етеди. К. Фединиң тастыйықлаўы бойынша, кӛркем әдебият – бул сӛз ӛнери. Әдебий форманың сонша әҳмийетли уллы басламасы болған композицияда жазыўшы тилиниң ҳақыйқый мәниси алдында ҳәлсизлик етеди.
Кӛркем әдебият услубында жанрлық ӛзгешеликлерге байланыслы поэтикалық ҳәм прозалық услублар айырылып турада.
Прозалық услуб поэзиялық услубқа қарағанда кең ҳәм обрызлық,эмоциялық ҳәм эстетикалық тәсирлилик болғаны менен, олардың ҳәр қайсысының ӛзине тән айрықшалықлары бар.Мәселен, поэзиялық услуб ӛзгеше интонация, метрикалық қублыслар, ритмилик ҳәм рифмалық бирлик ҳәм тағы басқалар менен сыпатланады. Поэзиялық услубтағы ритмикалық ҳәм рифмикалық ықшамлылық, аз сӛзли терең сүўретлениўшилик прозада тил байлықларынан еркинирек пайдалана бериўге мүмкиншилик бере бермейди.
Поэзиялық услуб жанрлық кӛз қарастан бир неше түрлерди, айтайлық, поэма, баллада, қосық, ертек, драма, комедия, трагедия,ҳәм т. б. ӛз ишине алады.Ал прозалық услуб болса роман, повесть, гүрриң, новелла, ертек, драма, комедия, трагедия ҳәм т. б. түрдеги шығармалар түринде кӛринеди.
Усының менен бир қатарда монологиялық ҳәм драмалық типтеги поэзиялық шығармалардың басқада түрлери ушрасады. Мәселен, қарақалпақ фольклоры тараўында танылған түр сыпатында дәстанлар белгили орынды ийелейди. Ол қарақалпақ әдебиятының ҳәзирги жағдайында да ӛзиниң раўажланыў басқышын бастан кеширмекте.
Кӛркем әдебият услубы қарақалпақларда Октябрьге шекемги дәўирде, улыўма алғанда, поэзиялық услуб түринде раўажланып келген еди.Мәселен, дерлик барлық қарақалпақ классиклери қалдырған әдебий мийраслар поэзиялық шығармалар түринде келип кетти. Ал прозалық услубтың Октябрьге шекемги дәўирде тек дәслепки элементлери ғана болады. Олар халық аўыз әдебияты тараўындағы ертеклере, дәстанлар прозасында кӛринетуғын еди.
Соңғы жылларда проза тараўы айырықша пәт пенен раўажланады.Онда гүрриңлер, повестьлер, қунлы ири-ири романлар пайда болады.
Булардың барлығы да түрли жанрларды ӛз ишине алатуғын қарақалпақ кӛркем-әдебият услубының тағы да раўажланыўына себепши болды.
Кӛркем әдебият услубында тил, әсиресе оның образ дӛретиўге, оқыўшыға эстетикалық жақтан тәсир етиўге себепши болатуғын лексикалық ҳәм фразеологиялық байлықлары айырықша әҳмийетке ийе. Л.Н.Толстойдың сӛзи менен айтқанда, кӛркем шығарма ушын нағыз керек сӛзлердиң керек орнында қолланылыўы шәрт. Бул кӛркем әдебият услубына сәйкес сӛзлердиң услублық хызмет атқарыўы арқалы иске асады.
Әдебий шығарманың тийкарғы лексикасын қурайтуғын сӛз топары улыўма қолланылыўшы сӛзлерден ибарат. Ал кӛркем сӛз шебери турмысты сүўретлеўде олардан шебер пайдаланыў нәтийжесинде сӛз образлылығын дӛретип отырады. Мәселен, мына бир куплет қосықты алып қарайық:

Шабар болсаң, арғымақтай арқыра, Ушар болсаң, суңқардай уш шарық ура, Жигериңди жумсап жаслай халқыңа,


Елдиң мәпин кӛз нурындай бағып ӛт.
(И.Юсупов, «Тасқын болып ағып ӛт»).
Усы бир куплет қосықта пайдаланылған сӛзлердиң барлығы да улыўма қолланылыўшы сӛзлерден есапланады. Ал шайыр жүрегине жыллы тийетуғын усы терең ойды бериў ушын керекли сӛзлерди дурыс таңлап, оларға күшли образлылықты сыйдырып отыр.
Эпитет, метафора, теңеў усаған кӛркем сүўретлеў қураллары әдебий шығармалардың лексикасында белгили орында турады. Олар ӛз гезегинде кӛркем-әдебият услубының айрықшалығын да кӛрсетеди.
Жазыўшы ӛз шығармасында белгили бир услублық жобада аўызеки сӛйлеў тилиниң бирликлеринен де, диалектлик сыпаттағы сӛзлерден де, шет тил элементлеринен де пайдалана бериўи мүмкин. Усыған байланыслы онда илаҳийда, наятый, сөйтөс, пинҳамы, гүллейин, таўап, ғайры, наркис, гәрдиш усаған сӛзлер де ушыраса береди.



Download 148,54 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish