%збекстан республикасы жо№ары



Download 148,54 Kb.
bet10/33
Sana23.02.2022
Hajmi148,54 Kb.
#127476
TuriЛекция
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   33
Bog'liq
509 (1)

монғол тиллеринде

қарақалпақ тилинде

Zyke

жүрек

Аяға

аяқ

жимс

жемис

Aiay

ала

босго

босаға

саван

сабын

Аха

аға

Монғол тиллеринен соңғы дәўирлерде де сӛзлер аўысқан. Басқа түркий тиллеринде ушыраспайтуғын, тек монғол тиллеринде ғана бар қарақалпақ тилиниң лексикасындағы монғоллық шығысқа ийе бирли-ярым сӛзлер сол соңғы дәўирлердиң нәтийжеси болыўы керек.




Араб тилинен аўысқан сӛзлер


Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң сӛзлик қурамының белгили бир бӛлегин араб тилинен аўысқан сӛзлер қурайды. Араб тилинен сӛз аўысыў тийкарынан араблардың Орта Азияны жаўлап алыў жылларынан басланды. Усы ўақыттан баслап түркий тиллерге араб тили бирликлери кире баслады. Орта Азияда ислам дининиң ен жайыўы, Араб мәдениятының тәсир етиўи араб тилинен сӛз аўысыў қубылысына себепши болды. Усыған байланыслы сӛзлер ҳәм терминлер бирим-бирим аўысып барды. Бирақ ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң лексикасындағы анаў я мынаў араблық шығысқа ийе сӛзди мына ўақытта келип кирген сӛз дәл ўақтын кӛрсетиў қыйын.


Араб тилинен келип кирген сӛзлер қарақалпақ тилиниң лексикасына аўызеки ҳәм жазба түрде қоңсы халықлардың тиллери арқалы, сондай-ақ тиккелей аўысты. Олар сӛзлик хордан орын алды. Мәселен, қәлем әдебият,миллиет, мүддет усаған сӛзлер түпкиликли сӛзлердей жеделликке ийе. Бундай сӛзлердиң араб тилинен кирген сӛзлер екенлиги күнделикли турмыста қолланылыў жағдайында ҳеш қандай сезилмейди.
Араб тилинен айырым сӛзлердиң ҳәм терминлердиң аўысыў қубылысы динниң халық кӛпшилигиниң турмысында оғада күшли түрде сиңип кетиўине байланыслы. Ҳәзир жийи түрде кең қолланылып киятырған араблық шығысқа ийе сӛзлер ҳәм терминлер тилдиң лексикасында сол жеделлиги менен қалды да, ал жаңа түсиниклердиң пайда болыўы менен гӛнерип, әҳмийетин жойылтқан айырым араб сӛзлери қолланылыў жеделлигинен айырылып, сӛзлик қурамнан дерлик шығып баратыр. Мәселен, иблис, ўақым усаған сӛзлер дерлик қолланылыўын жойылтып баратырған сӛзлерден ибарат.
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң сӛзлик қурамындағы араблық шығысқа ийе сӛзлер менен терминлер турмыстың кӛпшилик тәреплерин ӛз ишине алады. Олардың бир қатары диний түсиниклерге байланыслы болса, екиншилери саўда ислерине, үшиншилери илим ҳәм мәдениятқа, т.б. байланыслы сӛзлер болып келеди. Олар тӛмендегилерден ибарат: медресе, алым, илим, тарийх, муғаллим, мақала, ҳәрип, усыл, нама, нағыс, миллет, минбер, нәсил, халық, мақлуқат, руўх, садақа, парыз, әзирейил, дуўа, зикир, қуран, сүннет, жин, иблис, шайтан, әўлийе, ақырет, жаназа, ийман, молла, инам, жаббар, аўмийин, ҳайўан, маймыл, пақыр, пикир, ғайрат, қыял, қымбат, қазы, арза, дәреже, шәрият, ўәкил, жәллат, ўәзир, даў, жәмийет, ўатан, зулым, әскер, қарар, есап, мәни, мектеп, мәжилис, әжайып, арза, сапар, ҳалўа, рахмет, несип, аманат, аўҳал, ҳәмир, нәпес, саат, саўал, сүўрет, фән, хызмет, мийнет, хат, аўқат, ҳаял, мәнзил, бәле, пайда, себеп, қәреп, кәрамат, рәҳәт, өмир, дәреже, заман, т.б.
Қарақалпақ тилинде араб тилинен аўысқан адам атлары да ушырасады. Мысалы: Аббаз, Әлий, Ҳамзе, Әнийпа, Асан, Әмет, Маҳмуд, Оспан, т.б. Сондай-ақ араб тилинде адам атын билдирмейтуғын, тек ғана әпиўайы сӛзлер сыпатында қолланылатуғын жағдайлары да бар. Мәселен: Әдил, Дәўлет, Мақсет, Қурбан, Сабыр, Садық, Сапар т.б. Бундай жай сӛзлер сыпатында да адам атлары орнында да келе береди.
Араб тилинен аўысқан сӛзлер, тийкарынан алғанда, атлық сӛзлер болып келеди, сийрегирек келбетликлер де ушырайды. Буған жоқарыда келтирип ӛткен сӛзлердиң улыўма топары дәлил бола алады. Ал басқа сӛз шақаплары бойынша араб сӛзлери тилимизде ушыраса бермейди. Сонлықтан да олардың түркий тиллердеги бул ӛзгешелигин кӛрсетип, профессор Н.А.Баскаков араб сӛзлериниң аўысыўындағы елеўли белги ретинде олардың түркий тиллерде атлықлар, жекке- сийрек келбетликлер түринде гезлесетуғынын, бирли-ярым қосарлы фейиллер қурамындағы гейпара сӛзлерди есапқа алмағанда басқа атаўыш сӛзлердиң түркий тиллер тәрепинен ӛзлестирилмегенин белгилеп ӛтеди.
Солай етип, қарақалпақ тилинде араб тилинен аўысқан сӛзлер әдеўир муғдарда ушырайды. Олардың кӛпшилиги ҳәзирги күнде түпкиликли сӛзлердей болып кеткен, күнделикли сӛйлеў ҳәм жазыў тәжирийбесинде аўысқан сӛзлер екенлиги сезилмейди. Кӛпшилик араблық шығысқа ийе сӛзлер турмыс мүтәжлығынан айырылыўы нәтийжесинде сӛзлик қурамнан шығып та қалды.



Download 148,54 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish