балта, орақ, балға, тас ҳ.т.б.
Адамның дене мүшелериниң атын кӛрсететуғын сӛзлер: бас, қол, көз, қулақ, мурын, т.б.
Дән егинлери ҳәм жемислердиң атлары: буўдай, арпа, тары, жүўери, ерик, алма, қаўын, ғарбыз, жемис т.б.
Қуслардың, қурт-қумырсқалардың атлары: қус, таўық, ғарға, лашын, үйрек, жылан, шаян т.б.
Ҳайўанлардың атларын кӛрсететуғын сӛзлер: сыйыр, қой, қозы, бузаў, ешки, ат, түлки, ийт, пышық т.б.
Тәбият затлары менен қубылысларын кӛрсететуғын сӛзлер: ай, күн, ағаш, таў, жер, суў, қар, көл, түн, қаўын т.б.
Жер асты байлықлары: алтын, гүмис, темир, шойын т.б.
Адамның сезимлерине байланыслы сӛзлер: муң, қуўаныш, сүйиниш, кеўил ашыў т.б.
Заттың сапасын, қәсийетин, түрин билдиретуғын сӛзлер: ала, қара, сары, жумсақ, жуўан, көк, жақсы, жаман т.б.
Ҳәрекетти аңлататуғын сӛзлер: күт, күй, көр, кир, бар, кел, кет, отыр, тур, жат т.б.
ўақытлық белгиле байланыслы қолланылатуғын сӛзлер: ерте, кеше, кейин т.б.
Заттың ямаса қубылыстың санын билдиретуғын сӛзлер: бир, еки, үш, төрт, бес, алты, жети, сегиз, тоғыз, он, жигирма, отыз, қырық, елиў, алпыс, жүз т.б.
Алмасық сӛзлер: мен, сен, ол, биз, ким, не, кандай, қанша т.б.
Жынысты ҳәм туўысқанлық қатнасықларға байланыслы сӛзлер: ата, ана, қыз, ул, сиңли
т.б.
Соның менен бирге қарақалпақ тилиниң лексикасында улыўма түркий тиллерине ортақ
кӛмекшилик хызмет атқарыўшы сӛзлер де, таңлақ сӛзлер де ушырасады.
Арғы тӛркини бир базы бир сӛзлерге бир тилде ж сесинен басланыў тән болса, екиншисинде й сесинен басланыў тән болып келеди, биреўинде к сесинен басланса, тағы биреўинде г сесинен басланады. Мысалы,
қазақ
тилинде
|
қарақалпақ
тилинде
|
ӛзбек
тилинде
|
түркмен
тилинде
|
қырғыз
тилинде
|
башқурт
тилинде
|
ноғай
тилинде
|
жақсы жүрек
кел
|
жақсы жүрек
кел
|
яхши юрак
кел
|
яғшы йүрек
гел
|
жақсы жүрек
кел
|
яхшы йӛрәк
кел
|
яхшы юрек
кел
|
Бундай ӛзгерислер сӛздиң ортасында ҳәм ақырында бир тилде с сеси келсе, екиншисинде оның ш болыўында да кӛринеди. Мәселен, жоқарыда келтирилген жақсы деген сӛз қарақалпақ, қазақ тиллеринде с менен айтылса, ӛзбек, түркмен, қырғыз, башқурт ҳәм ноғай тиллеринде ш еситилип тур. Ал енди қарақалпақ, қазақ тиллеринде тас түринде с сеси еситилсе, қырғыз, ӛзбек, башқурт, татар тиллеринде с орнында ш еситиледи.
Түркий тиллерге ортақ сӛзлер ҳәр тилде қурамындағы даўыслы сеслердиң аўмасып келиўи арқалы да айырықшалыққа ийе. Мәселен, бир тилде кет /е/ түринде ушыраса, екиншисинде кит /и/, бир тилде бар /а/ болса, екинши биреўинде бор (о), үшиншисинде пыр /ы/, т.б.
Мысалы:
Азербайжан
|
бар-
|
кет-
|
Тува
|
бар-(пар-)
|
бар-(пор-)
|
Алтай
|
бар-
|
бар-
|
Түрк
|
var-
|
git-
|
Башқурт
|
бар-
|
кит-
|
Түркмен
|
бар-
|
гит-
|
Қазақ
|
бар-
|
кет-
|
Ӛзбек
|
бор-
|
кет-
|
Қарақалпақ
|
бар-
|
кет-
|
Уйғыр
|
бар-
|
кәт-
|
Қырғыз
|
бар-
|
кет-
|
Хакас
|
пар-
|
пар-
|
Қумық
|
бар-
|
гет-
|
Чуваш
|
пыр-
|
қай-
|
Ноғай
|
бар-
|
кет-
|
Шор
|
пар-
|
пар-
|
Татар
|
бар-
|
кит-
|
Якут
|
бар-
|
бар-
|
Улыўма түркий тиллерге ортақ сӛзлердиң фонетикалық қурылысы жағынан жеке тиллерде ҳәр түрли болып ушырасыўында буннан басқа да айырықшалықларды кӛриўге болады. Булардың барлығы да бир уядан таралған усы тиллердиң әсирлер бойы раўажланыўының барысын да пайда болған ӛзгерислерден ибарат.
Түркий ҳәм монғол тиллерине ортақ сӛзлер
Түркий тиллер менен монғол тиллери генеалогиялық жақтан алып қарағанда туўыс тиллерден есапланады. Ӛйткени олар бул тиллердиң дәслепки тийкары болған алтай ти- тийкрының тарийхый раўажланыўы нәтийэесинде улыўма түркий ҳәм улыўма монғол тиллеринен келип шыққан топарлардан ибарат. Сонлықтан да түркий тиллери менен монғол тиллериниң лексикасында ортақ сӛзлердиң болыўы заңлы нәрсе. Түркий тиллердиң лексикасындағы бундай сӛз қатламларын профессор Н.А.Баскаков түркий тиллер лексикасының ески қатламы деп атайды.
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң лексикасында ушарасатуғын түркий ҳәм монғол тиллери ушын ортақ сӛзлерге мына тӛмендегилерди жатқарыўға болады: аға, аң, балта, бой, дана, домбыра, ем, енди, ең, аўлақ, жыл, жара, жүрек, жемис, өш, булақ, босаға, алтын, қараў, төлеў, табақ, сақал, пүтин, жылға, маңлай, мәңги, сал, сары, ыс т.б.
Кӛпшилик тил илимпазлары усындай түркий ҳәм монғол тиллери ушын ортақ сӛзлерди ӛз гезегинде бул тиллердиң генетикалық жақын тиллер екенлигин дәлиллейтуғын тилдеги кӛринислер деп есаплайды.
Қарақалпақ тилиниң лексикасындағы түркий тиллер менен монғол тиллерине ортақ сӛзлер қолланылыўы жағынан алып қарағанда дерлик ӛзгерислерге ийе емес. Солай да бирли-ярым кӛзге түсетуғын айырықшалықлар да ушырасып қалады. Мәселен, монғол тиллеринде аяқ, сербегей деген сӛзлер жеке түринде қолланыла алатуғын болса, қарақалпақ тилинде олар ӛз алдына жеке мәнили сӛзлер сыпатында қолланылмайды. Олар тек қазан-аяқ, ербегей-сербегей деген жуп сӛзлердиң қурамында ғана келеди ҳәм биринши бӛлеклери менен биригип барып, жыйнақлаўшы бир мәни аңлатады.
Бундай ортақ сӛзлер ҳәр тилдиң ӛзиниң айырықшалықларына сәйкес фонетикалық жақтан бираз ӛзгешеликке ийе. Мәселен, ортақ сӛзлердиң монғол тиллериндеги түри менен қарақалпақ тилиндеги түрин салыстырып қарасақ, олардың кӛпшилигиниң фонетикалық қурамы жағынан айырылатуғынлығын кӛремиз:
Do'stlaringiz bilan baham: |