Ӛзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әжинияз атындағы



Download 7,55 Mb.
Pdf ko'rish
bet159/333
Sana09.07.2022
Hajmi7,55 Mb.
#760690
1   ...   155   156   157   158   159   160   161   162   ...   333
Bog'liq
5-секция Информацион-технология бойынша

Фойдаланган адабиетлар 
1.
Содиқов Б.А., Кучкарова Л.С. ва бошқалар. Болалар ва ўсмирлар физиологияси ва 
гигиенаси. Тошкент. – Ўзбекистон давлат энциклопедияси давлат илмий нашриѐти. – 
Тошкент, 2005. – 234 б. 
2.
Иргашев М.С., Клемешева Л.С. Ёшга оид физиология – Тошкент, 1991.
3. Маркосян А.А. Вопросы возрастной физиологии. - М.: Просвещение. -1974 
3.
Толипова Ж. ―Биологияни ўқитишда педагогик технологиялардан фойдаланиш‖. 
Тошкент-2011.
4.
Ў.Ў.Толипов, М.Ўсмонбоева―Педагогик технология назария ва амалиѐт‖ Ўз.РФА 
нашриѐти 
ФИЗИКАЛЫҚ ШЫНЫҒЫЎЛАРДЫҢ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ОРГАНИЗМИ 
УШЫН ФИЗИОЛОГИЯЛЫҚ ӘҲИМИЙЕТИ 
Г.Ж.Палўанова – оқытыўшы, З.А.Шамурадова – студент 
Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты
Бүгинги кунде мәмлекетимизде бир қатар кең кӛлемли жаңаланыўлар
ӛткерилмекте. Турмысымыздың кӛп ғана тараўларында әмелге асырылып 
атырған кең кӛлемли ислердиң де кӛпшилиги ҳаял- қызлар тәрепинен
шӛлкемлестирилмекте. Олар спорт тараўында да кӛплеген табыс ҳәм
жетискенликлерге ерисип атыр.Ҳәзирги ўақытта дене тәрбиясы ҳәм спорт
пенен шуғылланыўшы ҳаял-қызлар саны ҳәр жыл сайын ӛсип бармақта. 
Бул әлбетте, республикамызда спортқа айрықша итибар қаратылып
атырғанлығынан ҳәм сол қатарда ҳаял-қызларымызға да билдирилип
атырған улкен исенимниң белгиси. Спорттың айырым түрлери бойынша
ҳаяллар, еркеклерге теңлестиргенде бир қанша жоқары нәтийжелерге
ериседи. Ҳаяллар айырым физиологиялық ҳәм анатомиялық кӛрсеткишлер


226 
бойынша еркеклерге теңлесе алмаса да, сабырлылық, епшиллик, күшли
шыдамды талап ететуғын айырым спорт түрлеринде ер адамларга
салыстырғанда, әдеўир жоқары нәтийжеликке жетисе алады. Олардың
булшық ет күши қанша аз болса да, физикалық шынығыўларды орынлаў
барысында , кӛп ғана булшық етлердиң қысқарыў күшин топлап, ҳәрекет
етиў уқыплылығына ийе болады. Сонлықтан да, ҳаяллардың
ҳәрекетлениўи ерлерге қарағанда, бир қанша сулыў, анық ҳәм бир тегис 
болып келеди. Деген менен, ҳаял организминиң дүзилиси ҳәм
функционаллық ӛзгешеликлери кӛп күш жумсалатуғын яки болмаса,
жоқары дәрежедеги шыдамлылықты талап ететуғын физикалық
шынығыўларды ислей алыўға мүмкиншилик бермейди. Сонлықтан,
физикалық шынығыўлар тийкарында ҳаялардың ден-саўлыгын беккемлеў
ямаса спорттағы жоқары жетискенликлерге ерисиўинде, оларга
берилетугын физикалық жумыс яки болмаса, күш жумсаў дәрежесин
нормал белгилеў әҳмийетли болып есапланады.
Ҳаяллар организминде аўыр физикалық жумыс жагдайында
жумсалатугын ишки энергия, ер адамларга салыстырғанда кемирек 
болады. Сонлықтан, физикалық жумыс барысында ҳаялларда организмниң
ишки орталығының қурамы салыстырмалы турақлы жағдайы (гомеостаз) 
тез ӛзгертеди. Нәтийжеде, олар аўыр физикалық жумысты узақ даўам 
еттире алмайды. Булшық ет күшиниң кем болыўы, ҳаялардың статикалық
жумыс ислеген жағдайында ҳәм организмге кӛп күш түскен пайытта,
қолайсыз жағдайлардың пайда болыўына алып келеди. Сондай-ақ,
физикалық шынығыўларды шӛлкемлестирген ўақытта, ҳаяллардың 
эмоционаллық факторларга берилиўшеңлигин есапқа алыў керек ҳәм ер
адамларға 
салыстырғанда 
физикалық 
күши 
функционаллық
мүмкиншиликлердиң кемлигин ядтан шығармаў керек. 
Физикалық шынығыўлар дурыс шӛлкемлестирилгенде, ҳаяллар 
организминде унамлы ӛзгерислер пайда болады. Бул ӛзгерислерге
тӛмендегилерди атап ӛтиўимизге болады. Яғный, физикалық раўажланыўы, 
шыдамлылықтың артыўы, ҳәрекетликтиң күшейиўи. Денеде май 
тоқымасының кемейиўи, булшық етлердиң искерлигин ҳәм раўажланыўын
арттырады, ӛкпениң тиришилик сыйымлылығын күшейтип, дем алыў 
нормалласады, энергияның жумсалыўы үнемли ӛтеди, жүректиң соғыў 
жийилиги азаяды ҳәм физикалық жумыс қәбилети артады. Бул болса ӛз 
гезегинде, ҳаял организмине унамлы тәсир жасайды. 
Физикалық шынығыўлар арқалы ҳаяллар организминде унамлы 
ӛзгерислердиң пайда болыўында, гимнастикалық шынығыўлардың әҳмийети
жүдә күшли. Ҳаяллардың шынығыўлар барысында жеке мүмкиншилигин
есапқа алып барыў, оның жумыс искерлигин беккемлеўде, ӛзиниң 
айтарлықтай дәрежеде жақсы нәтийжесин береди. Усы орында
гимнастикалық шынығыўларға тоқтап ӛтетуғын болсақ, бунда тийкарынан
булшық етлер, тезлик, күш жумсаў арқалы жумыс атқарады. Дене
жагдайын белгили бир позада услап турыў, асылып турыў ҳәм басқа да
айырым ҳәрекетлер булшық етлердиң статистикалық жумысы менен 


227 
атқарылады. Физикалық шынығыўлар ҳаял организмине қаншелли
дәрежеде пайдалы болмасын, ҳаял организминиң ӛзине тән ӛзгешелигин
есапқа алып, оган түсетуғын физикалық күштиң организм
мүмкиншилигине қолайлы етип жобаластырыў керек. Бул болса,
организмниң физикалық жумыс ӛнимин тәмийинлеў менен бирге,
қартайыў процесиниң де кеш басланыўына себеп болады.

Download 7,55 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   155   156   157   158   159   160   161   162   ...   333




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish