ҚАДАҒАЛАЎ СОРАЎЛАРЫ.
Индукцион элементти қайси бөлимлер қурайды?
Электромагнит элементин қайси бөлимлер қурайды?
Дисктиң айланыў тезлиги неге байланыслы?
Ислеў ҳәм қайтыў токлары не?
Индукцион элементтиң уставкалары кандай өзгертиледи?
Индукцион элементтиң уставкасы қайсы токда көрсетилген?
Токлы кесимниң шкаласындағы санлар нени көрсетеди?
Егери ндукцион элементтиң уставкаси 4,5 А ге тең болса, орамнан өтип атырған ток 2А ди қураса, диск қандай ҳалатда болады?
IY=3A, орамдағы ток Ip=12A, токлы кесим шкаласында “6” болса, кесим иске түсириледиме?
12-13–Лаборатория жмысы
12-Токлы корганылардын жалганы схемаларын орнатыу. Максимал токлы корганыу
13- Токлы корганылардын жалганы схемаларын орнатыу. Максимал токлы корганыу
(жумыс даўам етиўи-4 саат)
Жумыстың мақсети
Релениң ўазыйпасы ҳәм дүзилиси, оның ислеў принципи, тийкарғы характеристикаларын тексериў усуллары ҳәм ислеў токин өзгертириў жоллары менен танысып шығыў.
Токлы корганылардын жалганы схемаларын орнатыу. Максимал токлы корганыу.
Ток трансформаторлардың характеристикалары түрлише болғаны ҳәм басқа бир неше себеблерге көре дифференциал қорғаў шынжырында нобаланс токлары өсип өтеди. Олар өзлериниң максимал мәнисине сыртқы қысқа тутасыўларда ериседи. Бул режим токларында, демек нобаланс токларда да, апериодик қурамы қатнасады. Күш трансформаторы кернеўге жалғанғанда ямаса сыртқы қысқа тутасыў өширилгеннен соң ондағы кернеў тикленгенде пайда болатуғын магнитлениў токының көтерилиўинде апериодик қурамы бир қанша жоқары болады, бул жерде магнитлениў токының көтерилиўи трансформатордың максимал токи мәнисин 5-10 есеге тең, өткинши қурамының сөниў ўақты болса 2-3 сек болыўы мүмкин. Буннан тыскары, магнитлениў токи тек ғана кернеўге жалғанатуғын катушкада ямаса ол тикленетуғын катушкада өседи.
Бул режимлерде дифференциал қорғаў ислеп кетпеўи ушын бир неше усыллар қолланылады. Булардан бири, тойынған ток трансформаторы (ТТТ) арқалы жалганатуғын аранаўлы ток релеларинде қолланылады. Бул релелерде, токтың апериодик қурамы оның екилемши катушкаға трансформацияланбайды, оның өзегиниң магнитлениўине толық сарып болады.
Өзектиң тойыныўы есабына трансформацияланыў ҳәм өзгериўшең қурамы жаманласады, бул болса екилемши катушкадағы ҳәм орынлаўшы реледеги токты кемейиўине алып келеди.
Апериодик қурамы өшкеннен кейин периодик токты трансформациялаў ушын нормал шараят тикленеди.
ТТТның барлығы, қысқа тутасыў токының апериодик қурамы өшпегенше, қорғаў зонасында қысқа тутасыў болғанда релениң ҳәрекетин пәсейтириледи. Бундай пәсейтириўдиң ўақты 0,03–0,04 сек болыўы мүмкин.
Санаатымыз РНТ-565 түридеги релелердиң бир неше түрди ислеп шығарады, катушкалардың жайласыўы ҳәм ишки жалганыў схемасы 2-сүўретде көрсетилген.
Реле ТТТ үш стерженли трансформатордан ҳәм орынлаўшы орган РТ-40 түридеги электромагнит реле КА дан қуралған. Трансформатор төмендеги катушкаларға ийе:
Дифференционал (ишши) Wg, еки теңлестириўши Wy1 ҳәм Wy2, иккиламчи W2 ва šисšа туташтирувчи Wк.
Wд катушка қорғаўының дифференциал шынжырына жалғанады, Wу2 катушкаға орынлаўшы орган–ток релеси КА жалғанады.
Wу1 ва Wу2 катушкалар күш трансформаторының дифференциал қорғаўы желкелериндеги екилемши токлар теңсизлигин компенсациялаў ушын мөлшерленген. Қысқа тутастырыўшы катушка апериодик токты магнитлаў тәсирин күшетириўши ямаса күшейтириўши яки күшсизлентириў имканын береди, яғный Wд, Wу1 ҳәм Wу2 катушкаларға берилетуғын токты апериодик қурамынан релени сазлаў дәржесин өзгертириў имканын береди.
Қысқа тутастырыўшы катушканың тәсири (2-сүўрет) төмендеги менен түсиндириледи: Wд, Wу1 ҳәм Wу2 катушкалардан өтип атырған өзгериўшең ток W2 ҳәм Wк катушкаларға трансформацияланады, кейин Wк катушкаға түседи. Б стерженда ағым пайда болады, оның жөнелиси А стержендағы ағым жөнелиси менен бирдей. А ҳәм Б стерженлардағы ағымлар Wд катушканың актив ҳәм реактив қарсылықларды салыстырмасына байланыслы белгили бир мүйеш астында қосылады ҳәм W2 катушка оралған В стерженға жөнеледи.
Қысқа тутастырыўшы катушканы актив қарсылығы мәниси RŠ=0 болғанда А ҳәм Б стерженлардағы ағымлар арасындағы фазалы жылжыў нолге жақын, нәтийжеде шепдеги стержендеги (В) улыўма ағымда оңдағы стержен (Б) ағымның үлеси асады ҳәм екилемши трансформациялаў ағымы жүдә күшли болады.
Rк асқанда А ҳәм Б стерженлардан ағымлар арасындағы мүйеш 900 ға умтылады, нәтийжеде Б стерженда улыўма ағымда оңдағы стержен ағымы үлесиниң кемейиўине алып келеди, яғный қысқа тутастырыўшы катушка тәсири да.
Демек, Wд, Wу1 ҳәм Wу2 катушкаларда өтип атырган токларды бир бөлеги екилемши трансформация жолы менен W2ға түседи. Магнитланыў токының көтерилиўи ямаса нобаланс токының апериодик қурамы екилемши трансформациялаўды күшсизлентиреди ҳәм бул менен апериодик қурамы пайда болғанда релениң ислеў токтың асырылыўына ерисиледи.
Екилемши трансформациялаў ағымның үлеси өзгертириў тек ғана оның контурындағы емес яғный актив қарсылықты өзгертириў менен, Wк катушкалар санын өзгертиў менен де әмелге асырылыўы мүмкин.
Апериодик қурамлы токлардан релени сазлаў дәрежеси, 1-сүўретде келтирилген.
Релениң ислеў токи дифференциал ямаса теңлестириўши катушкалардың орамлар санын өзгертириў менен ростланади. Орамлар санын таңлаў релениң есаплы ислеў токы IРИ ббойынша әмелге асырылады. Бунда дифференциал ҳәм теңлестириўши катушкалар жыйындысы пайда болған магнитланыў күши ампер-катушкалар (АW) да өлшенеди ҳәм 100 АW ды қурайды.
Бул релениң уставка токын 2,87дан 12,5 ге шекем аралықтан тек ғана Wд мөлшерленгенде ҳәм 1,45 ден 12,5 ге шекем аралықта– Wу мөлшерленгенде, өзгертириў имканын береди.
РНТ-565 реледе, буннан тысқары Rш қарсылық пенен ислеў токын Iжумыс ярым ростлаш имканы көзде тутылган. (2-сүўрет)
Орынлаўшы орган сазланыўының туўрылылығы ҳәм ТТТ ның жарақлылығы исенимлилик коэффициенти КН менен характерленеди. Бул, реледеги токтың белигили бир үлкенлигинде Iр/Iap орынлаўшы органдағы синусоидал ислеў токы үлкенлигине салыстырмалы түрде анықланады.
Исенимлилик коэффициенти еки мәниси ушын анықланады– ТТТның бирлемши катушкада 200 АW ҳәм 500 АW ға тең ағымлар ағып өткенде.
КИ2= [IБР(2Iри) ]/ [IБР( Iри) ]
КИ5= [IБР(5Iри) ]/ [IБР( Iри) ]
бул жерде - IБР(2Iри) / IБР( Iри), IБР(5Iри) / IБР( Iри)- реледеги 1; 2 ҳәм 5 Iжумыс. ға тең токларда орынлаўшы реле КА шынжырдағы токлар
Исенимлилик коэффициенти ТТТ ның магнитланыў сызығы көринисине ҳәм орынланыўшы органның ислеў муғдарына байланыслы. ТТТның магнит өткизгишли полат өзеги қанша тез тойынса ҳәм орынлаўшы органның ислеў токы қанша үлкен болса, сонша КИ муғдары киши болады. Исенимлилик коэффициентиниң мәниси бес есели ампер катушкаларда –1,35ден кем, еки еселиде–1,2 ден кем болмаслығы керек.
Реле ислеп шығарыўшы кәрхана исенимлилик коэффициентиниң тек ғана пәсдеги аралық мәнисине кепиллик береди. Лекин КИ ның мәнисин нормаға салыстырмалы өсиўи ямаса кемейиўи мақсетге муўапық емес. Мәселен, КИ ның кемейиўи ТТТның тез тойыеғанын ҳәм орынлаўшы органда ток бойынша заќирани кемейиўин (мәселен, ишки зыянланыў ақыбетинде) көрсетеди, Кн ның өсиўи болса ТТТның жумыс индукциясы мәнисин жүдә кемлигин көрсетеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |