14–Лаборатория жмысы
Токлы кесим
(жумыстың даўам етиўи–8 саат)
Жумыстың мақсети.
Логикалық релелерди дүзилиси, ислеў принципи, параметрлери ҳәм характеристикалары менен танысыў.
Қысқаша мағлыўматлар.
Ўазыйпасы бойынша реле өлшеў ҳәм логика болады. Логика релелерге ўақыт, көрсеткиши ҳәм аралық релелери киреди.
Ўақыт релеси күтиў ўақтын пайда етиў ушын хизмет етеди. Ҳәзирги ўақытта өзгермес ҳәм өзгериўшең токда ислейтуғын саат механизмли ўақыт релеси кең тарқалған болып, санаатда ислеп шығарылады. Қурылманың тийкарғы бөлимин анық жүретуғын саат механизми пайда етеди.
Ўақыт релесине бир неше талаплар қойылады:
–ислеў ўақты бойынша киши шеклениў (разброс)
–ислеў ўақты орнатылмасын кең аралықда бир тегис өзгериўи–кернеў алығаннан соң алдынғы өз ҳалына қайтыўы.
РВ–200 түриндеги электромагнит ўақыт релеси 100, 127, 220, 480 В ли өзгермели оператив токда ислеў ушын, РВ–100 ўақыт релеси болса –24, 48, 100 ҳәм 220 В ли өзгермес оператив токда ислеў ушын ислеп шығарылады. Бул релелердиң ҳәммеси (РВ–215, РВ–245 лерден тысқары) реле орамы кернеў астында болғанда ҳәрекетге келеди. Бу релелерде ўақытты өзгертиў аралығы 0,1–1,3; 3; 0,25–3,5; 0,5–3 сек ҳәм 2–20 сек аралықларында болады.
Берилген күтиў ўақты менен жабылатуғын контактлардан тысқары реледе тез өткериў контакты болады, айрым релелер болса күтиў ўақты берилген тийкарғы контактге уқсап жабылатуғын (секундтың ҳәм ондағы бир бөлегинен аспайтуғын ўақытға) қосымша сүрилетуғын контактға ийе.
РВ–200 релесиниң дүзилиси (1-сүўрет):
Саат механизминиң пружинаси (11) барқулла тартылған ҳалатда болады. Орамға (1) кернеў берилгенде якор (3) қайтарыўшы пружина (4) қарсылығын жеңип, тартылады ҳәм саат механизминиң ричагин (9) қойып жибереди. Саат механизми пружина (77) тәсиринде ҳәрекетленип баслайды ҳәм контактты (22) бир тегис ҳәрекетлениўин тәмийнлейди, бул болса берилген ўақыт аралығыннан соң қозғалмас контактты (23) жабады. 23 ҳәм 23 контактлардың жабылыў ўақты 23 контакттың ҳалына өзгериў жолы менен өзгертиледи. Саат механизминиң бир тегис ҳәрекетлениўи анкерли механизм (20) жәрдеминде тәмийнленеди, оның ҳәрекетлениў тезлиги жүклердиң (21) халына өзгертиў жәрдеминде сазланады.
Реле тамийнлеў дерегинен үзилгенде якорь (3) пружина (4) тәсирине тяга (9) ға тәсир етип алдынғы ҳалына қайтады, бул жерде реле контактлары ашылады, пружина (11) көтериледи ҳәм реле ҳәрекетге таяр. Релени алдынғы ҳалына қайтарыў тез әмелге асырылады, себеби реле алдынғы ҳалына қайтғанда жетеклеўши (етакловчи) шестернаны (15) шестерна дөңгелеги (13) менен бөлиниўин тәмийнлеўши фрикцион беккемлеў қурылмасы (14) бар.
Есабат таярлаў
Есабатда төмендегилер көрсетиледи:
Реле ҳаққында қысқаша мағлыўмат.
Сынаў схемалары.
Өлшеў нәтийжелери жазылған таблицалар.
Релелерди жумысын көрсетиўши графиклер:
а) Iжумыс орт=f(Iy); Iқ орт=f(Iy)
∆Iорт=f(Iy); Kқ=f(Iy); tиш=f(K)
б) Uжумыс=f(Uy); Uқ орт=f(Uy)
∆Uорт=f(Uy); Kқ=f(Uy); tжумыс=f(K)
Өлшеў нәтийжелерин техник мағдыўматлар менен салыстырыў нәтийжелери.
Тәжрийбеден алынған жуўмақ.
Do'stlaringiz bilan baham: |