196
шараятларына ийкемлестирип, үстем класс ширкеўди экономикалық,
сиясий
ҳәм идеяллық жақтан беккемлеўге умтылды. Ширкеў ҳәм оған хызмет етиўши
руўханыйлар феодаллық системаның бир бөлеги, оның әҳмийетли
идеологиялық тиреги болды. Х әсирде Батыс Европада католицизм орта
әсирлер идеологиясының үстем формасы болды. Ол жәмийетлик, идеяллық,
мәдений турмыстың барлық тараўларында үстемлик етти. Әдеп-икрамлықты,
илимди, билимлендириўди ҳ.т.б. өзине бағындырды. Социаллық шығысына
қарамастан, сол дәўирдиң барлық адамлар түсиниги диний руўх пенен
суўғарылған еди.
Орта әсирлер христиан дининиң идеялық тийкарлары.
Христиан дини
гүрестен, соның менен бирге көплеген философиялық ҳәм диний ағымлардың
өз-ара тәсиринен пайда болды. Олардың
ишинде пудей философы-
неоплатониги Александриялы Филонның ҳәм Рим стоиги Сенеканың идеялары
айырықша әҳмийетке ийе еди. Кейин ала христианлық дининиң философиялық
тийкарлары Батыс Рим империясын ийелеп алған «варварлар» түсинигине
сабайлас анағурлым әпиўайы диний түсиниклер менен толыса баслады. Орта
әсирлер көз-қараслары тийкарларын IV ҳәм V әсирлер аралығында Гиппон
қаласының (Арқа Африка) епископы Августин (354-430 жыллары) дүзген.
Христианлар режелерине (325 ҳәм 381 жыллары Никей ҳәм Константинополь
ширкеў соборларына тастыйықланған) өзиниң ислеп шыққан «ширкеўдиң
бирден-бир қутқарыўшы роли ҳаққында»ғы тәлийматын қосқан. Августин
еретиклер ағымларына қарсы гүрес жүргизди, догматикалық түрде жеке
меншик ҳуқықына тийкар салды, байлық ҳәм гедейликти «қудайдың тааланың
белгиси» деп жәриялады. Өзиниң «Қудай мәмлекети ҳаққында» шығармасында
жер жүзилик тарийх ҳаққында христиан түсинигин баян еткен. Оның
концепциясына муўапық, шайтанның жемиси болған дүньяға (жер
мәмлекетине) «қудай тааланың мәмлекети» қарсы турады. Ширкеў қудай тала
мәмлекетиниң ўәкили
болып табылады, оның ўазыйпасы «шайтан
патшалығын» жеңип, христиан динин таратыў болып табылады. Ол тарийх
қудай тала режеси менен раўажланады деп есапланған. Булардың барлығы орта
әсирдиң пүткил ширкеўлик тарийхый-әбиятының тийкары болды. Августин
197
сондай-ақ реже ислеп шықты, оған муўапық, алла тала ширкеў арқалы
адамлардың гүналарынан кешеди, оларға «мәңги қутқарыў» инам етеди. Бул
талиймат ширкеўдиң улыўма әҳмийетин көтерди.
VI-XI әсирлерде Ширкеўдиң экономикалық тийкарының беккемлениўи ҳәм
оның феодалласыўы.
Варварлық басып алыўлар ҳәм революциялық
көтерилислер дәўиринде ширкеў өзиниң жерлерин ҳәм мал-мүликлерин сақлап
ғана қалмастан, байлықларын анағурлым дәрежеде арттырды. Ол феодалласыў
процессине жәрдем көрсетти ҳәм онда әҳмийетли роль атқарды.
Ерте орта
әсирлери Батыс Европа еллеринде ширкеў, епископлар ҳ.т.б. қолларында
жердиң анағурлым бөлеги топланды. Ширкеў ғәрезли дийханлардынң
мийнетинен жаўызлық пенен пайдаланады. Ширкеў феодаллары қәлиплесип
атырған феодаллық иерархиясында белгили орын ийеледи. Король ҳәм басқа
да пухаралық ҳәкимлердиң вассалы болып, олар өзлери көп санлы руўханый
ҳәм пухаралық вассалларға ийе болған. Ширкеў феодаллары кең иммунитетлик
хуқықларға ийе болған. Бенедихт Нурсий тәрепинен шама менен 329-жылы
дүзилген Монтекассин (Италия) ширкеўи 1 монахлар ордениниң басламасы
болды. Ширкеўлер ҳәм епископлар сарайлары VII-VIII әсирлерде
экономикалық турмыстың орайы болды – олардың қасларында ярмаркалар
шөлкемлестирилген, үлкен хожалықлар жүргизилген. Ири ширкеўлер
Батыс
Европа еллериниң сиясий турмысына да тәсир жасаған. Олар барған сайын
қүдиретли орайласқан ҳәм иерархиялық шөлкем сыпатына ийе болған. Ширкеў
шөлкеминиң ең төмен бөлимшеси священник (пресвитер) басшылығындағы
приход болған. Олар епископ басқарған иепархия қурамына кирген. Ҳәр бир
епархияның бирден-бир басшысы епископ болған. Бир қатар епархиялар
митропомияға бириккен, оның басында Шығыста митрополит ҳәм Батыста
архиеписпоскоп турған. Шығыста V әсирдиң өзинде анағурлым жоқары
басқыштағы
ширкеў
бирлеспелери-патриархатлар
(Константинопольде,
Александрияда, Антиохияда, Иерусалимде) пайда болған.
Батыста Рим
епископы –папа патриархлар менен тең (кең ала олардан да жоқары)
мойынланған. Ширкеўлер басқарыўында епископлар соборы (съездлери) үлкен
әҳмийетке ийе болған. Жергиликли соборларға айырым провинциялар ямаса
198
бир неше провинциялардың епископлары жыйналған: «жер жүзилик» соборлар
барлық епископларды жәмлестирген. IX әсирге шекем олар Византия
императоры тәрепинен шақырылған. IV әсирдиң ақыры-V әсирдиң
басында
Рим епископлары өзлерин папа, яғный ширкеў басшысы деп атаўға айырықша
ҳуқық алған. VI әсирдиң ақырына Батыс Европадағы папалық христиан
ширкеўинде толық үстемлик етиў бойынша талаплар қоя баслаған. Папа
Григорий I (590-604 жыллары) Константинополь патриархатына жигерли түрде
қарсы шықты, оның «жер жүзилик хаким» атағын алыўына болған ҳуқықты
бийкарлады.
Do'stlaringiz bilan baham: