Қарақалпақ халық АЎызеки дɵретпелериндеги араблық шығЫСҚа ийе антропонимлер



Download 39,92 Kb.
bet1/6
Sana21.02.2022
Hajmi39,92 Kb.
#38881
  1   2   3   4   5   6
Bog'liq
Вестник 3


ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ АЎЫЗЕКИ ДƟРЕТПЕЛЕРИНДЕГИ АРАБЛЫҚ ШЫҒЫСҚА ИЙЕ АНТРОПОНИМЛЕР
Даниярова З.Ж.
Ɵзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бɵлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты, Нɵкис қаласы
Тил илиминде ҳǝзирги күнге шекем илимпазлар тǝрепинен меншикли адам атлары ҳǝм олардың мǝнилери, қойылыў себеплери, морфологиялық, тарийхый этнографиялық ҳǝм лексика семантикалық ɵзгешеликлерине арналған бир қанша мийнетлер баспада жǝрияланды. Олардан қазақ тилинде[1], ɵзбек тилинде[2], қарақалпақ тилинде [3], башқурт тилинде [4], азербайжан [5] ҳǝм т.б да тиллерде үйренилген жумыслар меншикли адам атларын үйрениўде баҳалы мийнет есапланады. Қарақалпақ халық аўызеки дɵретпелери тили лексикасында ушырасатуғын меншикли адам атлары шығысы жағынан ҳǝр қыйлы тиллик қатламларға ийе. Биз бул мақаламызда араблық шығысқа ийе антропонимлерге тоқтамақшымыз.
Араблар Орта Азия ҳǝм Қазақстан аймақларын VIII ǝсирде жаўлап алды ҳǝм усы аймақларда ислам дининиң ең жайыўына, араб мǝдениятының илиминиң кең түрде тарала баслаўына себепши болды. Соның нǝтийжесинде арабша бир неше сɵзлер ҳǝм адам атлары жүзеге келе баслады [6]. Проф. Е. Бердимуратов қарақалпақ тилиниң сɵзлик қурамындағы арабша сɵзлерди араблар менен тиккелей сɵйлесиў арқалы емес, ал қоңсы халықлардың тиллери арқалы, сондай-ақ тиккелей диний китаплар арқалы, классик ǝдебият аркалы аўызеки ҳǝм жазба түрде келип кирген деп есаплайды[7]. Б.А.Старостин «Арабша адам атлары түркий тиллерине, соның ишинде Орта Азия тиллерине, тийкарынан парсылардың тǝсири арқалы таралды»,-деп кɵрсетеди [8].
Қарақалпақ тилиндеги антропонимлердиң составында «Əбди» сɵзи жийи қолланылады. Бирақ бул сɵздиң «Қул» деген мǝнини аңлататуғынын кɵпшилик билмейди. «Əбди» сɵзи қудайдың лақап атларына қосылып айтылады. Қудайдың лақапларына «Əбди» сɵзиниң қосылыўынан болған адамлардың атлары улыўма «қудайдың қулы» деген мағананы билдиреди [9]. Мусылман теологлары барлық жақсы сыпатлама қудайға тийисли, оның 99 ы ең баслы лақап аты. Бул лақап атлары қудайдың сапасын, қǝсийетин, кɵп тǝрепли искерликлерин аңлатады. Бул лақап атлар ең жақсы атлар деп түсиндириледи [10].32Қарақалпақ фольклорында «Əбди» сɵзи менен қосылып келетуғын Қудайдың лақап атлары тɵмендегилер
Жаныңда бар Әбдираман мәҳремлер,
Алты мың ләшкериў, он жети сәрдар,
Туўды көрип қайғыланба Нәдирша,
Қарсы алдыңда көрген туўың қалтырар (9-т, Ққ, 170-б).
Әййем өткен заманда, кенегес деген руўда, қарақалпақ халқында, тоғыз түлик мал баққан, байлықтан аты әлемге шыққан, аш-арықтың кеўлин тапқан, талабы алдына шапқан, сақыйлықтан аты шыққан Әбдикерим бай деген бай бар екен (10-т, Мсп, 177-б).
Канъан журтының Әбдимәлик деген патшасы бар еди. Оның бир улы бар еди, атыны Мискин Шерип деп ат берер еди (53-т, Ш м, 369-б).
Тайшыхан патшаның бир кәрўаны бар еди. Кәрўан басшының атын Абдулла дейтуғын еди (2-т, Алп,165-б).

Бурын түркий халықлары сыйыныўшы күш сыпатында «тǝңир» сɵзи менен бирге арабша «алла» ҳǝм парсыша «қуда» сɵзлери синоними ретинде қабыл етти. Бул синоним сɵзлер қарақалпақ антропонимлериниң қурамында ҳǝр қыйлы вариантларда ушырасады.


Аллабай ағам аңғал емес,
Аңғарбай ағам аңғалсақлаў,
Аңғалсақ болса да алдамсақ,
Арасында адамды алдай алады,
Алдағанын адамлар аңбай қалады (98-т, Жанлт, 449-б).
Оннан соң суў Мамыйға қарап ағып турған жыллары хан Аллақул деген екен (79-т, Аңз, 148-б).
Көп адамлардың ишинде жасы он алты-он жети жаслар шамасында бир жигит жумыс ислеўге ырза болады. Бул жигиттиң аты Алламурат деген еди (67-т, Қыя ерт, 27-б).

Download 39,92 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish