202
дөретилди. Инсан ой-пикири ҳәм көркем дөретиушилик
буннан былай да
рауажланды. Орта әсирлер дауамында олардың әсте-ақырын өсиуи
мәденияттың кейин ала өсип рауажланып кетиуине шараятлар дүзди.
Соңғы Рим империясы ҳәм ерте орта әсирлерде мәденияттың ҳәлсиреўи.
Рим империясының соңғы ҳәм орта әсирлердиң басы мәденияттын улыўма
ҳәлсиреўи менен белгиленеди. Варварлар көплеген қалаларды, жолларды,
антик искусствосының естеликлерин, китапханаларды ҳ.т.б. қыйратты. Бирақ
мәденияттың ўақытша ҳәлсиреуи тек ғана усы қыйратылыўлар
менен
белгиленген
жоқ,
ол
Батыс
Европаның
социаллық-экономикалық
рауажланыўындағы терең өзгерислер менен белгиленди.
Антик мәдениятының ҳәлсиреў белгилери Рим империясы қулауынан
анағурлым бурын белгиленди. Антик философлары менен жазыўшыларының
көплеген шығармалары умытылып қалды. Соңгы антик жәмийетиниң терең
кризиси IV әсирде мәмлекетлик динге айланған христианлықтың роли
күшейиўине алып келди ҳәм жәмийеттиң идеялық турмысына барған сайын
үлкен тәсир жасайды. Варварлардың V-VI әсирлердеги шабыўыллары антик
мәдениятының буннан былай да азғыныўына алып келди. У әсирдиң өзинде
ҳәрекет еткен мектеплер VI-әсирде барлық
жерде жабыла баслады, сауатлы
адамлар сийрек ушырасатуғын болды. Классикалық тилдиң орнына көплеген
жергиликли диалектлерге ийе турпайы «варварлық» деп аталған халық латын
тили келеди. Рим ҳуқықын қолланыў саласы кескин қысқарады. Варварлық
ҳуқықтың дизиминдеги әпиўайы ҳуқық кең таралады.
Интеллектуаллық билимлендириўге ширкеўдиң монополиясы
.
Диний көз-
қараслардың жәмийеттиң барлық қатламларындағы үстемлиги көп жүз
жыллықлар дауамында ширкеўдиң интелеклектуаллық билимлендириуге
монополиясы орнатыўға мүмкиншиликлер жаратты. Баслаўыш билимлендириў
системасын өзине бағындырып, ширкеў қәлиплесип атырған феодаллық
жәмийеттиң пүткил руўхый турмысы үстинен қадағалаў орнатты.
Мәденият тараўында ширкеў монополиясы орнатылыўы ширкеў-феодаллық
идеологиясына билимлердиң барлық тараўларын бағындырыўға мүмкиншилик
берди. Ширкеў үстем класстың мәплерин билдирди ҳәм социаллық қарама-
203
қарсылықларды жойтыўға жәрдемлесетуғын көз-қараслар белгилерин енгизди.
Бул белгилер XIII әсирлерге шекем.пүткил орта әсирлер мәдениятына өзинше
тәсирин тийгизди. Христиан дини тәсириниң өсиўи ширкеў китапларына
тийкарланған христиан диний хызмет ушын зәрүр болған жазыўы
таралыўысыз мүмкин болмаған. Бундай китаплар монастырьлар қасында
көширилген (мәселен, Түслик Италиядағы Баварий монастыри). Қол
жазба
китаплар (кодекслер) бузаў ямаса қой терисинен таярланған. Үлкен көлемдеги
бир Библияны таярлаў ушын 300 қой териси керек еди, оны еки үш жыл
даўамында көширген. Скрипториялар ҳәм монастырь мектеплери сол
ўақытлары Европада билимлендириўдиң бирден-бир ошақлары болған, бул
ширкеўдиң руўхый монополиясын беккемлеўге жәрдем берди.
Do'stlaringiz bilan baham: