179
жасайды. Оның басында Вран турған. Жеңиске ерисип ҳәм
олар жаман
көринши динатлар-феодалларды қыйратады.
Халық ҳәрекети Фессалоникиде кең ең жайды. 1342-жылы зилотлар
қаладағы ҳәкимиятты басып алады ҳәм оны ғәрезсиз республика деп
жәриялайды. Бул көтерилиске дәслеп ҳәр қыйлы социаллық эелементлер
қатнасады. Зилотлардың радикаллық талапларынан ҳәм халық ҳәрекетиниң
пәтинен қорыққан. Фессалониканың саўда-өнерментшилик ҳакимлери ҳәм
майда феодаллар ақсүйеклер
менен жасырын келисим жасайды, зилотларға
қарсы тил бириктиреди. Бирақ тил бириктириў аян болып қалады. Халық
массалары тил бириктириўшилерге қарсы шығады. Оларға Андреа Палеолог
ҳәм Георгий Кокала басшылық етеди. Ҳәкимият зилотлар қолына өтеди. (1349-
жылға шекем) Олар бир қатар илажлар иске асырады: ширкеўлер
монастырлар, қала ҳәм округлер пухаралық феодаллардың жерлери ҳәм
мүликлери тартып алынады. Қаланың барлық пухаралары халық
жыйналысларына қатнасыў ҳәм лаўазымлы шахсларды сайлаў ҳуқықларына
ийе болады. Зилотлар республикасына қарсы феодаллық реакцияның барлық
күшлери жәмленеди. Олар түрклерден жәрдем сорайды. 1349-жылы халық
ҳәрекети бастырылады.
Балкан ярым атаўында түрк басып алыўлары
.
XIV әсир-XV әсирдиң
басында мәмлекет жүдә ҳәлсиреп қалды. XIII әсириниң ақырынан баслап түрк-
османлар Византияның қәўипли душпанына айланады. 1352-жылы түрклер
Цилем қорғанын ийелейди, ал 1354-жылы Галлиполи қаласын басып алады.
1363-жылы султан Мурад I Андрианопольди ийелейди ҳәм оны өзиниң
пайтахты деп жәриялайды.
Византия
империясы
түрк-османлардың
вассалына
айланады.
Императорлар үлкен муғдарда салық төлейтуғын болған ҳәм атланыслар
ўақтында султан армиясында хызмет етиўи тийис еди. Усы жағдайда
ортодоксал-православ ҳәм түркофил феодаллары арасында гүрес күшейип
кетеди. Латынофиллер Батыстың жәрдеми менен феодаллық Византияны
саклап қалғысы келген. Екинши ағымды ширкеў ехархиясы ҳәм
сарай
ақсүйеклериниң бир бөлеги басқарып, олардың орайында көп санлы монахлар
180
турған. Олар «ўатан исениминин тазалығы» ушын гүрескен ҳәм олар өз
дараматларын биреўге бергиси келмегенин жасырған. Олар гүрестиң оның
режесин алға қоймаған Туркофил ағымының ўатан менен жумысы болмаған,
олар өз артықмашылықларын ҳәм байлықларын сақлап қалыўға урынған.
Түрк-османлар менен гүрес. Константинопольдиң қулаўы.
Ҳәлсиреген
Сербия менен Болгария түрклерге тийисли қарсылық көрсете алмаган. XV-
әсирдиң басынан баслап Констинопольди түрклер қамалға алады. Бирақ
Византияның қулаўы және елиў жылға созылады, себеби 1402-жылы Осман
мәмлекети Анкара қасында Тимур әскерлери тәрепинен қыйратылады.
Түркиядағы султан Баязидтиң балалары арасындағы қураллы гүрес ҳәм
Анатолиядағы (1415-1418 жыллары) дийханлар көтерилиси бир қанша ўақыт
дауамында түрклерге Византияны умыттырды. Бирақ 1422- жылы олар және
Константинопольди алыуға урынады. Киши Азияда жүз
берген осман
ақсүйеклериниң көтерилиси буған кесент жасайды. Византияға түрклерге
Македония ҳәм Фракиядағы бир қатар қалаларды бериуге мәжбүр болады.
1430-жылы түрклер Византияның ең үлкен экономикалық орайын-
Вессалониканы ийелеп алады. Бул жағдайда Византия Батыстан жәрдем
сорайды. 1439-жылы Феррар-Флоренция ширкеу соборында папа тахтының
бириншили мойынланған шарти менен католик ҳәм проваслав ширкеўлери
арасында уния дүзиледи. Бирақ ол Византияға анық жәрдем көрсете алған жоқ.
Керисинше, ол халық наразылықларын пайда етти ҳәм иске аспай қалды.
1452-жылдың жазында турклер камал шөлкемлестиреди. 1453-жылдың
бахаринде 200 мыңлық әскерлери менен Мехмед II Константинопольда
қамалға алады. Анағурлым әҳмийетли пунктлерди қорғаў жалланбаларға
тапсырылады. Генуяның Галаба колониясының ҳакимлери қамалдан бурын
Мехмед II менен сөйлесиўлер жүргизип, түрк әскерлерине жасырын жәрдем
көрсетип турған. 1453-жылдың 29-майында пайтахт басып алынады ҳәм үш
күн дауамында тоналады. Византия императоры
Константин XI Палеолог
(1449-1453 жыллары) саўашта өлтириледи. Қала турғынларының көпшилиги
қулға айланады. Стамбул деп аталған Константинопольға Осман
империясының пайтахты көшириледи.
181
Византия империясы қулаўының себеплери ҳәм оның ақыбетлери.
Византия
сырт ел басқыншылары соққыларының астында қулайды. Бирақ оның қулаўын
тек ғана сыртқы басып алыўлар менен түсиндириўге болмайды, басқа
себеплерге байланыслы еди. Оның ең баслысы – Византияның экономикалық
ҳәлсиреўи ҳәм, ең алды менен оның өнерментлиги ҳәл саўдасының ҳәлсиреўи,
дийханлардың ҳәм қала халық массаларының гедейлесиўи, класслық
қатнасықлардың кескинлесиўи, үстем класстың ишки гүреси. Түрк қәўипли
астында Византияны жәрдемсиз қалдырған папалардың ҳәм
Батыс Европа
мәмлекетлериниң нәпсиқаў сиясаты да Византияның қулаўына алып келди.
Балкан ярым атаўының Византия, славян ҳәм басқа да мәмлеетлерин
түрклердиң басып алыўы халықларға апатшылықлар олардың тәғдирине терең
унамсыз ақыбетлер алып келди. Европаның қубла-шығыс еллериниң буннан
былай да экономикалық раўажланыўына тосқынлық жасады. Олардың
өндирислик күшлериниң ҳәлсиреуине ҳәм ыдырауына алып келди. Түрк
үстемлигиниң орнатылыўы менен бир қатарда Балкан ярым атаўының
славян
ҳәм басқа халықларының сырт езиўщилигине қарсы узақ даўам еткен жигерли
гүреси басланды.
Түрклердиң Балканларда биротала орнаўы Европа мәмлекетлери ушын
қәўипли еди. Папалық ҳәм Батыс Европа феодаллары Византияға қарата
жүргизген жарамас сиясаты ушын жаза тартыўы тийис еди: Түрклердиң
қолларына Қара теңиздеги, Жақын ҳәм Алыс Шығыстағы жүдә әҳмийетли
саўда жоллары түседи. Бул Европаның Шығыс пенен саўдасына күшли соққы
жасады.
Do'stlaringiz bilan baham: