177
Никей ҳәкими Михаил IIалеолог (1259-1282-жыллары) латын баронларын ҳәм
барлық қарсыласларын бириктириўге еристи. 1261-жылы Михаилдың
әскерлери пайтахты ийеледи. Империя қайта тикленди ҳәм айырым үзилислери
менен палеологлар династиясы 1453-жылға шекем ҳүким сүрди. Мәмлекеттиң
қайта тикленген аймағы бир неше есе қысқарды. Киши Азияның арқа-батысы,
Фракия, Македонияның бир бөлеги, Фассалоника, архипелагтың бир қатар
атаўлары, Мистра, Монемвалия ҳәм Палеопоннестеги Майнадан айырылды.
Империяға душпанлар ҳүжим жасап турды.Олар түрклер, серблер, неополитан-
сицилиялылар, венециялылар, генуялылар ҳәм латын рыцарьлары еди.
Соңғы Византия феодализми ҳәм оның өзгешелиги (XIII әсир-XV әсирдиң
биринши ярымы)
. Византияның еки ярым әсир жасап турған ўақты феодаллық
қатнасықларының үстемлик дәўири болып табылады.
Еркин дийханларды
феодалларға ғәрезли дийханларға айландырыў процессии жуўмақланады.
Дийхан-парикларға жерлерден еркин өтиў қадаған етиледи. Ҳүкимет
феодалларға қашқын парикларды қабыллаўға рухсат етпейди ҳәм оларды
бурынғы хожейинлерине қайтарыўды талап етеди.
Проний тийкарында
берилген жерлер мийрасхорлық вотчиналарға айланады. Дийханлардың
ғәрезлиги ҳәр қыйлы болған мийрасхор жер ийелери,
жатлар ямаса еркин
адамлар болды. Соңғылар жер ғәрезлигинде болған ҳәм мәмлекетке салық
төлемеген.
Әдеттегише
олар
ўақыттың
өтиўи
менен
парикларға
айландырылған.
Ғарезли
дийханлардың
бир
бөлеги
феодаллардың
сарайларында хызмет етип жүрген. Домен жерлериниң бир бөлеги ижараға
берилген. Рентаның тийкарғы бөлегин дийханлар ақшалай төлеген. Усыған
қосымша натураллық оброк төленип турылған. Париклер барщина ислеп
берген. Жылына 12 куннен ҳәптесине бир күнге шекем. Қосымша малға,
отлақлардан, қаразлардан, пресслардан пайдаланғаны ушын ҳәм аңға десятина
алынып турылған. Суд ҳәм базар салығы төленген. Дийханлар қорғанларды
ҳәм әскерий кемелерди мутқа қурған. XIV-ХV әсирлерде феодаллық
рента
өсип барған.
Византияда XIII-XIV әсирлери таулы районларда аз санлы еркин дийханлар
қатламы сакланып турған. Византияда феодаллық хожалықтың ыдыраў
178
элементлериниң пайда болыуы. Византия экономикасында товар-ақша
қатнасықлары барған сайын үлкен роль атқарған. Аўылларда базар ушын азық-
аўқат өнимлериниң өндириси раўажланады. Фессалоника, Родесто ҳәм
Мокемвасия XIV әсирде ири дән саўдасы орайына айланады. Бул товар-ақша
қатнасықларының раўажланыўы менен байланыслы еди. Натурал салық
дийханлардың ақшалай төлеми менен аўмастырылады. Аўылларда ғурғын
қатламлар пайда болады. Айырым дийханлар гедейлерге айланады. Олардың
арасынан
жалланба
жумысшылар-мистиялар
шығады.
Сүтхорлықта
дийханлардың гедейлесиўине алып келди.
Товар-ақша қатнасықларының раўажланыўы ҳәм дийханлардың мүликлик
дифференциоциясының өсиўи феодаллық дүзилистиң ыдыраў элементлериниң
пайда болыўына алып келди. Византия аўылларында XIV-XV әсирлери,
батыс
Европа еллерине қарағанда ҳәм ол әсте-ақырын пәт пенен алып барылды. XIII-
XIV әсирлер ушын қала турмысының барған сайын ҳәлсиреўи
сыпатлы белги
болып табылады. XIV әсирден баслап феодал ҳәкимлериниң әззи сиясаты
нәтийжесинде мәмлекеттиң сыртқы саўдасының анағурлым бөлеги батыс
Европа саўдагерлериниң Генуя, Венеция, Пиза ҳәм басқа да қалалардың
қолларында топланды. Бирақ Византия саўдагерлериниң қолларында еле де
көп байлықлар сақланып тур еди.
Do'stlaringiz bilan baham: